ТУРИЗМ ТАРАЎЫ РАЎАЖЛАНЫЎ ЖОЛЫНДА
Туризм индустриясы дүнья экономикасының ең жедел раўажланып атырған тармақларынан есапланады, туризмниң дүнья жүзилик жалпы ишки өнимдеги үлеси 10 проценттен зыятты қурайды, тармақта дүньядағы мийнетке жарамлы халықтың 8 процентке шамаласы жумыс пенен бәнт, туризм хызметлери дүнья экспортының 7 процентинен асламын қурайды.
Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2016-жыл 2-декабрьдеги «Өзбекстан Республикасының туризм саласын жедел раўажландырыўды тәмийинлеў илажлары ҳаққында»ғы Пәрманы ҳәм Президентимиздиң «Өзбекстан Республикасы Туризмди раўажландырыў мәмлекетлик комитетиниң жумысын шөлкемлестириў ҳаққында»ғы қарарын орынлаў бойынша Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2017-жыл 6-апрель сәнесинде «Туризм жумысын лицензиялаў тәртиби ҳаққындағы Режесин тастыйықлаў ҳаққында»ғы қарары қабыл етилди.
Соны айрықша атап өтиў керек, Туризмди раўажландырыў мәмлекетлик комитетиниң жумысы бәринен бурын қадағалаў ҳәм ҳәкимшилик ўазыйпаларды әмелге асырыўға емес, ал, туризм саласындағы исбилерменликтиң белсендилигин күшейтиўге пүткил илажлар менен көмеклесиўге, туризмди раўажландырыўға тосқынлық етип атырған барлық қарама-қарсылықлар ҳәм тосқынлықларды сапластырыўға, туризм хызметлери базарында бәсекини раўажландырыўға бағдарланады.
Пәрманда туризм саласында лицензия бериў, сертификатластырыў және басқа да рухсатнамалар бериўдиң тәртип-қағыйдаларын жетилистириўге қаратылған мәмлекет тәрепинен басқарылатуғын бир қатар принципиал жаңа механизмлер белгилеп қойылды.
Өз гезегинде 2018-жылдан баслап сырт елли туристлерге хызмет көрсетиўге қәнигелескен улыўма аўқатланыў кәрханалары ҳәм автотранспорт кәрханаларын сырт елли туристлердиң өмири ҳәм денсаўлығының қәўипсизлигин тәмийинлеў мақсетинде мәжбүрий сертификатлаў енгизилди.
Сондай-ақ, Өзбекстан Республикасында белгиленген тәртипте дизимнен өткен, лицензиялаўшы уйымға туризм хызметин әмелге асырыўға лицензия бериў ҳаққындағы арза менен мүрәжат еткен юридикалық шахс (туризм операторлары, туризм агентликлери, экскурсия шөлкемлери, туризм фирмалары), (кейинги орынларда лицензия талапкери деп аталады) лицензия талапкери болыўы мүмкин. Туризм жумысын әмелге асырыў ҳуқықын бериўши лицензиялар туризм хызметлерин көрсетиў шәртнамасы шәртлерине муўапық, турларды шөлкемлестириў бойынша хызметлер, атап айтқанда, бәнт (бронь) етиў, жайластырыў, тасыў, аўқатланыўды шөлкемлестириў, сондай-ақ, рекреация, экскурсия ҳәм басқа хызметлер көрсетиўши лицензия талапкерлерине бериледи. Бунда экскурсия хызметлерин көрсетиўши жеке тәртиптеги исбилерменлер ушын туризм жумысын әмелге асырыў ҳуқықын бериўши лицензия алыў талап етилмейди.
Сондай-ақ, транспорт қуралларынан пайдаланыў, мийманхана хызметлери, реклама ҳәм басқа да хызметлер ушын жеңилликлер бериледи. Атап айтқанда, туризм тараўындағы исбилерменлик жумысын алып баратуғын субъектлерге 2022-жылдың 1-январына шекем Өзбекстан Республикасы аймағына алып келинип атырған автотранспорт басқарыўшысы менен биргеликте 8 ҳәм оннан зыят адам тасыўға мөлшерленген туризм категориясына тийисли транспорт қураллары, фуникулёр ҳәм басқа уқсас объектлер ҳәм имаратларды қурыў, қайта оңлаў, керекли инвентарьлар менен тәмийинлеў ушын әсбап-үскенелер, механизмлер ҳәм аўысық бөлеклер, сондай-ақ, аэростатлар (ҳаўа шарлары), моторлы қайық ҳәм квадроцикллар ушын белгиленген тәртипте тастыйықланатуғын дизимлерге көре бажыхана төлемлерин төлеўден (бажыхана рәсмийлестириўи ушын жыйымлардан тысқары) азат етиледи.
Қарақалпақстан Республикасында дизимге алынып, лицензияға ийе болған туризм операторларына жеңиллик есабында экстремал турларды шөлкемлестириў ушын двигатель көлеми 2,4 литрден кем болмаған жоқары өтиў уқыбына ийе болған алып келинген транспорт қуралларына автотранспорт қуралларын дизимге алыў бойынша бөлек мәмлекетлик белги сериясын енгизген ҳалда ҳәм олардан тек ғана Қарақалпақстан Республикасы аймағында пайдаланыў шәрти менен 5 жыл мүддетке бөлип-бөлип төлеў арқалы әмелдеги ставканың 25 проценти муғдарында бажы төлемлерин төлеўге рухсат етиледи.
Туризм саласындағы исбилерменлик белсендилигин буннан былай да хошаметлеў, туризм инфраструктурасын раўажландырыў, туризм шөлкемлерине қосымша жеңилликлер менен преференциялар бериў қарардың тағы бир әҳмийетли тәрепи саналады. Соның ишиндеF
юридикалық шахслар белгиленген тәртипте сертификатланған кеминде 4 жулдызлы дәрежедеги мийманхана ҳәм мотельлерди пайдаланыўға тапсырылған сәнесинен баслап, олар юридикалық шахслардың пайда салығы, жер салығы ҳәм мүлк салығынан, сондай-ақ, юридикалық шахслардың бирден-бир салық төлеминен 5 жыл мүддетке азат етиледи.
Нөкис қалалық мәмлекетлик хызметлер орайы тәрепинен туризм хызметин көрсетиў ушын 20 юридикалық субъектлер лицензия алды. Республикамыз аймағында ең әййемги цивилизация ҳәм мәдениятлар жүзеге келген, раўажланған, өзиниң тартымлылығы жағынан тарийхый орынлар дүньядағы дем алыў ҳәм саяхатшылар ушын ең жақсы орынлардан қалыспайтуғын туристлик потенциалға ийе.
Бүгинги күнде тарийхый-мәдений, зыярат, экологиялық ҳәм археологиялық туризм маршрутлары хызмет көрсетип тур. Әййемги Шылпық, Аязқала, Топыраққала, Жампыққала, Ийшанқала, Қызыл қала ҳәм Жамбас қаланың тарийхы туристлерде үлкен қызығыўшылық оятпақта. Ал, Арал теңизи, Мойнақтағы үлкен қурылыс жумыслары, жаңаланыўлар сырт елли туристлер ағымының көбейиўине тийкар жаратпақта. Туристлерге хызмет көрсететуғын жеңилликлер менен 4 дана туристлик категорияға тийисли автобуслар алып келинди. Қарақалпақстанға саяхат етип келген туристлерге қолайлылықлар жаратыў мақсетинде 18 миллий ҳәм сырт ел валюталарда пул алмастырыў банкоматлар орнатылды ҳәм оларда Visa Card, Master Card ҳәм басқа да халықаралық төлем төлеў қуралларынан пайдаланыў имканияты бар.
2019-жыл 31-март күнлери Мойнақта Наўрыз этнографиялық фестивалы болып өтти. Усы жылы 5-май күни Мойнақ районында «Ралли Мойнақ 2019» жарысына Қазақстан Республикасынан, Өзбекстанның барлық ўәлаятларынан 42 автомашина экипажы, 20 мотокросс спортшысы қатнасты.
2019-жылдың январь-июнь айларында Қарақалпақстан Республикасындағы мийманхана ҳәм басқа жайластырыў орынларына 8945 сырт елли туристлер келди. Көрип турғаныңыздай, республикамызға туристлик ағымы көбейиўи артып бармақта.
Р.АЙМУРАТОВА,
Нөкис қалалық мәмлекетлик хызметлер орайының бас қәнигеси.