ЖӘМИЙЕТТИ ЖЕМИРИЎШИ ИЛЛЕТ
Мәмлекетимизде коррупцияға қарсы гүресиў мәселесине ғәрезсизликтиң дәслепки күнлеринен-ақ итибар қаратылды.
Себеби парақорлық — ҳәкимият ҳәм басқарыў тийкарларын кемириўши, оның халық алдындағы абырайын түсириўши, пуқаралардың нызамлы ҳуқық ҳәм мәплерине тәсир ететуғын қәўипли жынайый ҳәрекетлердиң бири болып табылады.
Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасы тәрепинен 2016-жыл 24-ноябрьде қабыл етилген, Сенат тәрепинен 2016-жыл 13-декабрьде мақулланған «Коррупцияға қарсы гүресиў ҳаққында»ғы Нызамы 2017-жыл 4-январьдан баслап нызамлы күшине кирди. Бул нызам 6-бап, 34-статьядан ибарат болып, нызамның мақсети коррупцияға қарсы гүресиў тараўындағы қатнасықларды тәртипке салыўдан ибарат.
Ҳәммемиздиң хабарымыз бар Президентимиздиң 2018-2021-жылларда «Өзбекстан Республикасын және де раўажландырыў бойынша Ҳәрекетлер стратегиясы ҳаққында»ғы 2017-жыл 7-февральдағы 4947-санлы Пәрманында белгиленген 5 үстин бағдарлардың бири болған нызам үстинлигин тәмийинлеў ҳәм суд-ҳуқық системасын және де реформаластырыўдың тийкарғы бағдарларында коррупцияға қарсы гүресиўдиң шөлкемлестириў-ҳуқықый механизмин раўажландырыў ҳәм коррупцияға қарсы гүресиў илажларының нәтийжелилигин асырыў белгиленген.
Нызамда тийкарғы терминлерге түсиниклер берилген.
Коррупция — шахстың өз лаўазым яки хызмет статусынан жеке мәплерин яки басқа шахслардың мәплерин гөзлеп материаллық яки материаллық емес пайда алыў мақсетинде нызамға қайшы түрде пайдаланыўы ҳәм де тап усындай пайданы нызамға қарсы түрде усыныў;
Буған қарсы гүресиўдиң тийкарғы принциплери нызамлылық, пуқаралар ҳуқықлары, еркинликлери ҳәм нызамлы мәплериниң үстинлиги, ашықлық ҳәм айдынлық, системалылық, мәмлекет ҳәм пуқаралық жәмийетиниң бирге ислесиўи, коррупцияның алдын алыўға тийисли ис-илажлардың үстинлиги, жуўапкершиликтиң шәртлилигинен ибарат.
Буған қарсы гүресиў тараўындағы мәмлекет сиясатының тийкарғы бағдарлары болса, халықтың ҳуқықый санасы ҳәм мәдениятын раўажландырыў, жәмийетте коррупцияға қарсы қатнасықты қәлиплестириў, мәмлекет ҳәм жәмийет турмысының барлық тараўларында коррупцияның алдын алыўға тийисли ис-илажларды әмелге асырыў, коррупцияға тийисли ҳуқықбузарлықларды өз ўақтында анықлаў, оларға шек қойыў, олардың ақыбетлерин, оларға имкан бериўши себеплер ҳәм шараятларды сапластырыў, коррупцияға тийисли ҳуқықбузарлықларды ислегенлик ушын жуўапкершиликтиң шәртлилиги принципин тәмийинлеўден ибарат.
Коррупцияға қарсы гүресиў бойынша искерликти тиккелей әмелге асырыўшы мәмлекет уйымлары булар — Өзбекстан Республикасы Бас прокуратурасы, Өзбекстан Республикасы Миллий қәўипсизлик хызмети, Ишки ислер министрлиги, Әдиллик министрлиги, Бас прокуратурасы жанындағы экономикалық жынаятларға қарсы гүресиў департаменти болып табылады.
Коррупцияға қарсы гүресиў бойынша искерликти нызам ҳүжжетлерине муўапық басқа мәмлекет уйымлары да әмелге асырады.
Коррупцияға қарсы гүресиў бойынша искерликти әмелге асырыўшы ҳәм онда қатнасыўшы уйымлар ҳәм де шөлкемлердиң искерлигин муўапықластырыў ушын Коррупцияға қарсы гүресиў бойынша республика мәкемелер аралық комиссиясы шөлкемлестириледи. Мәкемелер аралық комиссияны шөлкемлестириў ҳәм оның искерлик тәртиби Өзбекстан Республикасы Президенти тәрепинен белгиленеди.
Қарақалпақстан Республикасында, ўәлаятларда ҳәм Ташкент қаласында коррупцияға қарсы гүресиў бойынша аймақлық мәкемелер аралық комиссиялар нызам ҳүжжетлеринде белгиленген тәртипте шөлкемлестириледи.
Халықтың ҳуқықый санасы ҳәм мәдениятын раўажландырыў жәмийетте коррупцияға қарата қарсы қатнасықты қәлиплестириў бойынша зәрүр ис-илажлар көреди.
Парақорлық жәмийеттиң ең қәўипли иллетлериниң бири болып, тиккелей мәмлекет қәўипсизлиги ҳәм тынышлығына қәўип туўдырады, пуқаралардың ҳуқық ҳәм еркинликлериниң бузылыўына алып келеди.
Өз гезегинде биз мақсетлеримизди әмелге асырыў бағдарында судлар алдына да белгили ўазыйпалар жүкленди ҳәм Өзбекстан Республикасы Жоқарғы суды ҳәм Судьялар Олий Кенгашиниң тапсырмасына муўапық 2017-жыл август айында бул бағдарда әмелге асырылыўы лазым болған ис-режемиз белгиленди.
Усы ис-режемизге, сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы Жоқарғы суды Баслығының 2017-жыл 2-3-август күнлери бизиң республикамыз пуқаралары менен көшпели тәризде өткизилген ушырасыў баянламасы бойынша дүзилген қарардың 7-бәнти талабына көре, коррупцияға қарсы гүресиў мәдениятын асырыў мақсетинде судьялар корпусы ҳәм суд системасы хызметкерлериниң арасында ҳәр айда өткизилетуғын семинарлар режеси ислеп шығылды, ал, судьялар, суд системасы хызметкерлери өзин-өзи басқарыў уйымларында халық арасында, жоқарғы ҳәм орта арнаўлы оқыў орынларында жаслар арасында болып, усы нызамның мазмуны ҳәм әҳмийети ҳаққында көшпели тәризде ушырасыўлар ҳәм сәўбетлесиўлер өткерилмекте.
Бунда коррупцияға қарсы гүресиўде жаза шараларының күшейтирилиўи, келешекте жынаятшылық ҳәм коррупцияның алдын алыўда әҳмийетли орынды ийелеўи менен бирге, бул жынаят мәмлекет қәўипсизлигине қәўип туўдырыўшы реал дерек екенлигин итибарға алып, бундай иллетлерге жол қоймаў, бундай ҳәрекетлерди әмелге асырыўға шараят жаратып бериўши жағдайларды сапластырыў ҳәм алдын алыў лазым.
А.Керимбаев,
Қарақалпақстан Республикасы Пуқаралық ислери бойынша суды судьясы.