ИСБИЛЕРМЕНЛИК ҚОЛЛАП-ҚУЎАТЛАНБАҚТА
Қарақалпақстан Республикасы Прокуратурасы тәрепинен исбилерменлик субъектлерин қоллап-қуўатлаў ҳәм оларға ҳуқықый жәрдем көрсетиў бойынша бир қатар жумыслар әмелге асырылды.
Атап айтқанда, өткен алты ай даўамында прокуратура уйымлары тәрепинен көрсетилген әмелий жәрдемлер нәтийжесинде 116 исбилерменлик субъектлерине 67 миллиард 788 миллион сум муғдарында кредит қаржылары, 22 исбилерменлик субъектлерине 397 гектар жер майданы ҳәм 4 исбилерменлик бос имарат ажыратылыўында, 30 исбилерменниң коммуникация тармақларына жалғаныўы мәселесинде, жәми 191 исбилерменлик субъектлерине әмелий жәрдемлер көрсетилген болса, 128и жаңадан шөлкемлестирилип, 739 жумыс орынлары жаратылды. Соның менен бирге, 86 исбилерменлик субъектлериниң жумысы қайта тикленип, 128 жаңа жумыс орынлары ашылды ҳәм машқала-усыныслары бар болған 220 исбилерменниң мүрәжатлары көрип шығылып, 105 исбилерменниң мүрәжатлары қанаатландырылды. Соның ишинде, Беруний районы Зиё көшеси 7-үйде жасаўшы Х.Қурбанниязованың «Қишлоққурилишбанк» Беруний районлық филиалынан кредит алыўда әмелий жәрдем сораған мүрәжаты үйренип шығылып, исбилерменге 3 млрд. 200 млн. сум муғдарында кредит ажыратылыўына жәрдем көрсетилди.
Усылар менен бирге, үйрениўлер ҳәзирги ўақытта халықты исбилерменлик субъектлерине кең тартыўға тосқынлық етиўши биринши нәўбетте мәмлекетлик уйымлардың исбилерменлер менен ушырасыўында әмелий ҳәм ашық системаның сақланбағанлығын көрсетти. Усындай тосқынлықларға ушыраған республикамыздағы 365 исбилерменлик субъектлери өз жумысын жаўып, 444и тоқтатқан, 204 кәрхана банкрот деп табылған.
Ҳүрметли Президентимиз тәрепинен 2019-жылдың 14-майында қабыл етилген «Исбилерменлик жумысын қоллап-қуўатлаў ҳәм қорғаў системасын тийкарынан жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы Пәрманы бул тараўдағы бар болған машқала ҳәм тосқынлықларды өз ўақтында шешиў, халықтың исбилерменлик белсендилигин асырыў ҳәм жақсылаў мәселелерин сапалы шешиўде кең имканият жаратты. Пәрманға тийкар, Өзбекстан Республикасы Бас министриниң исбилерменлер мүрәжатларын көрип шығыў қабыллаўханасы, соның ишинде республика Министрлер Кабинети структурасында Өзбекстан Республикасы Бас министриниң Исбилерменлер мүрәжатларын көрип шығыў қабыллаўханалары жумысын шөлкемлестириў ҳәм муўапықластырыў секретариаты, Қарақалпақстан Республикасы, Ташкент қаласы ҳәм ўәлаятлар, район ҳәм қалаларда Бас министрдиң Исбилерменлер мүрәжатларын көрип шығыў қабыллаўханалары шөлкемлестирилип, олардың жумысының тийкарғы бағдарлары белгиленди. Атап айтқанда, қабыллаўханалар аймақларды комплекс социаллық-экономикалық раўажландырыў секторлары, мәмлекетлик уйымлар ҳәм басқа шөлкемлер менен биргеликте исбилерменлик субъектлериниң машқалаларын анықлап, олардың шешилиўин тәмийинлейди. Буннан тысқары, республикамыздың район ҳәм қалаларындағы қабыллаўханалар секторлар ҳәм аймақлық шөлкемлер басшыларының исбилерменлер ҳуқықлары ҳәм нызамлы мәплерин тәмийинлеў бойынша жумысы ҳаққындағы мәлимлемесин ҳәр шеректе Халық депутатлары Кеңеси мәжилислеринде додалаўы ушын киритиўи, бул мәлимлеме бойынша жуўапкер шөлкем басшыларының есабатларының тыңланыўы белгилеп қойылды.
Сондай-ақ, Пәрманға муўапық, министрликлер, басқармалар, жергиликли атқарыўшы ҳәкимият уйымлары басшылығында Исбилерменлер мүрәжатларын көрип шығыў қабыллаўханалары менен нәтийжели өз-ара ислесиўи исбилерменлердиң машқалаларын қалыс ҳәм әдил шешиў, мүрәжатларын көрип шығыў нәтийжелери ҳаққында тийисли Исбилерменлер мүрәжатларын көрип шығыў қабыллаўханаларына, соның ишинде, «buseness.gov.uz» бирден-бир интерактив порталынан пайдаланған ҳалда хабар берилиўи ушын жеке жуўапкершилик жүклетилди.
С.ЯКУБОВ,
Қарақалпақстан Республикасы Прокуратурасы бөлим баслығы.