Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 18:07:31, 23.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

СУД УЙЫМЛАРЫХАЛЫҚТЫҢ ИСЕНИМИН АРТТЫРЫЎ ЖОЛЫНДА

Халықтың разылығына ерисиў ­ мәмлекетимиздеги алып барылып атырған сиясаттың баслы бағдары.  Ҳақыйқатында да, «Халық ­ әдил тәрези».

Сонлықтан, мәмлекетлик уйым­ларға халықтың исенимин арттырыў ушын барлық шараятлар исленбекте. Өткен 2018-жыл 13-июльде «Суд-ҳуқық системасын буннан былай да жетилистириў ҳәм суд ҳәкимияты уйымларына исенимди арт­тырыў илажлары ҳаққында»ғы Президентимиз Пәрманы усы тараўдағы жумыслардың жанланыўы, суд уйымларының халық пенен жақынласып нызамлы ҳуқықларының жүзеге шығыўында халық мәпине хызмет ететуғын ҳүжжет болды. Бул бүгинги күни суд уйымлары жумысларында өз тастыйығын таппақта. Мәселен, республикамызда суд искерлигин жүргизип киятырған 4 суд әмелиятында да быйылғы жылдың 6 айы даўамында жынаятлы ислердиң азайыўы ­ сөзимиздиң дәлили болады.

Қарақалпақстан Республикасы Жынаят ислери бойынша судлары тәрепинен быйылғы жылдың биринши 6 айы даўамында 644 (995) шахсқа қарата 523 (801) жынаят иси көрип тамамланды. Бул өткен жылдың усы дәўири менен салыстыр­ғанда шахслар бойынша 35,2 процентке, ислер бо­йынша 34,7 процентке кемейген. Жынаятлы ислери бойынша 399 шахс судланған, бирақ, бул көрсеткиш 38,1 процентке кемейген. Айырым жынаят түрлери жынысый жынаятқа байланыслы, транспорт қуралларын алып қашыў жынаятлары Нөкис қаласы, Әмиўдәрья, Хожели, Елликқала ра­йонларында көбейгенлигин де атап өтиўимиз орынлы.

Қарақалпақстан Республикасы Пуқаралық ислери бойынша судларында өткен жылдан қалдық болып өткен ислер менен бирге 4.761 (6.091) пуқаралық даўа ислери келип түскен. Өткен дәўир менен салыстырғанда 1.330 ға кемейген.

Қарақалпақстан Республикасы Ҳәкимшилик судларында усы жылдың 6 айы даўамында улыўма 11.252 шахс қарсысына 10.016 ҳәкимшилик ҳуқықбузыўшылық ҳаққында ислер көрип тамамланған. Ең көп ҳәкимшилик ҳуқықбузыўшылықлар автомобиль транспортында жолаўшылар тасыў жумысы менен лицензиясыз шуғылланыў ­ 1.306 шахсты  қураған.

Қарақалпақстан Республикасы Экономикалық судларында усы жылдың 6 айы даўамында улыўма 3.279 экономикалық ислер көрилди.

Халқымыз арасында жынаятлы ислердиң аза­йыўына пуқаралар өзлериниң нызам алдындағы жуўапкершилигин түсиниўи, нызамлы мәплерин қорғаў ушын ҳуқықый жақтан билим дәрежесиниң артыўы деп айта аламыз. Және де жоқарыдағы Пәрманның қабыл етилиўи менен суд ислери көшпели суд мәжилислеринде көрип шығылатуғын болды, халық пенен ашық сәўбетлесиўлер жол­ға қойылды.

Өзбекстан Республикасы Жоқарғы суды веб-сайтында суд қарарларын сис­темалы жәрия­лап барыў тәртиби енгизилди. Судлар уйымларын шын мәнисинде әдиллик қор­ғанына айландырыў, халық пенен тиккелей жүзбе-жүз, ашық байланыс формалары кеңейди. Видеоконферен­циялық байланыс арқалы суд ислери көрип шығылмақта. Ҳаял-қызлар комитети, «Нураный» қоры, пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары жумысларын муўапықластырыў бойынша Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси арасында «Халықтың ҳуқықый санасы ҳәм мәдениятын асырыў» тараўында өз-ара бирге ислесиў жолға қойылды.

Судлардың әдил судлаў ҳәм шешим қабыллаў бо­йынша алып барып атыр­ған жумыслары ҳаққында кең жәмийетшиликти, ғалаба хабар қуралларын хабардар етиў мақсетинде брифинглер өткериў дәстүрге айланды.

Жақында Қарақалпақстан Республикасы Жынаят ислери бойынша судының мәжилислер залында болып өткен брифингте усы мәселелерге әҳмийет қаратылды. Брифингке аўыл ҳәм мәкан пуқаралар жыйынлары баслықлары, жаслар менен ислесиў бойынша комиссия, ҳаял-қызлар комитетлери, ғалаба хабар қураллары хызметкерлери қатнасты.

Брифингте Қарақалпақстан Республикасы Жынаят ислери бойынша суды баслығы Г.Базарбаева, Қарақалпақстан Республикасы Пуқаралық ислери бойынша суды баслығы ўазыйпасын атқарыўшы С.Қайыпназарова, Қарақалпақстан Республикасы Ҳәкимшилик суды баслығы А.Адилов, Қарақалпақстан Республикасы Экономикалық суды баслығының ўазыйпасын атқарыўшысы Г.Зариповалар усы жылдың 6 айы даўамында әдил судлаўды әмелге асырыў, пуқаралардың ҳуқықларын ҳәм нызамлы мәплерин қорғаў бойынша судларда әмелге асырылып атырған жумыслар ҳаққында мағлыўмат берди ҳәм алдағы ўақытта жынаятты болдырмаў мақсетинде пикирлер ортаға қойылды.

Суд жаза тайынлаўшы емес, халық мәпин гөзлейтуғын исенимли уйым сыпатында жынаяттың жүз бериўиниң алдын алыў, жынаятты болдырмаўда кең жәмийетшилик пенен бирге еле де жумысларды жанландырса халықтың қорғанына айланады.

 

Б.КАРАМАТДИНОВА.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF