Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 17:50:08, 23.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ХАЛЫҚАРАЛЫҚ ТИКЛЕНИЎ ҲӘМ РАЎАЖЛАНЫЎ БАНКИНИҢ ҚАТНАСЫЎЫНДА «ОРТА ҚАЛАЛАРДЫ КОМПЛЕКСЛИ РАЎАЖЛАНДЫРЫЎ» ЖОЙБАРЫН ӘМЕЛГЕ АСЫРЫЎҒА БАЙЛАНЫСЛЫ ИЛАЖЛАР ҲАҚҚЫНДА

Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары

Қала инфраструктурасын басқарыў нәтийжелилигин арттырыў ҳәм комплексли жетилистириў, орта қалалардың халқы ушын сервис хызметлеринен пайдаланыў имканиятларын тәмийинлеў, сондай-ақ, жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымларының жумысына заманагөй техникалық, финанслық ҳәм басқарыў қуралларын енгизиў арқалы олардың потенциалын күшейтиў мақсетинде: 

  1. 2018-жыл 18-декабрьде Жәҳән банкиниң Директорлар кеңеси тәрепинен «Орта қалаларды комплексли раўажландырыў» дәслепки жойбарын (ке­йинги орынларда — жойбар) әмелге асырыў ушын Халықаралық тиклениў ҳәм раўажланыў банкиниң (кейинги орынларда — ХТРБ) 100 миллион АҚШ доллары муғдарындағы қарыз қаржыларын Өзбекстан Республикасына усыныў мақулланғаны;

жойбар шеңбериндеги тәжирийбе-сынаў қалалары сыпатында Янгийўл (Ташкент ўәлаяты, Когон (Бухара ўәлаяты) ҳәм Чортоқ (Наманган ўәлаяты) белгиленгени мағлыўмат ушын қабыл етилсин.

  1. Төмендегилер жойбарды қаржыландырыў дәреклери етип белгиленсин:

ХТРБның 5 жыллық жеңиллетилген дәўирди қосып есаплағанда қайтарыў мүддети 30 жыл болған 100 миллион АҚШ доллары муғдарындағы қарыз қаржылары;

Өзбекстан Республикасының салық ҳәм бажыхана жеңилликлеринен, сондай-ақ, көшип өтиў бойынша қәрежетлерди қаплаўдан ибарат эквиваленти 24,12 миллион АҚШ доллары муғдарындағы үлеси.

  1. Өзбекстан Республикасы Инвестициялар ҳәм сырт­қы саўда министрлиги жойбардың өз ўақтында әмелге асырылыўы, ХТРБ қарыз қаржыларынан мақсетли ҳәм нәтийжели пайдаланыў ушын жуўапкер ат­қарыўшы уйым болып есапланатуғыны;

жойбарды әмелге асырыўды улыўма муўапықластырыў Өзбекстан Республикасы Инвестициялар ҳәм сырт­қы саўда министрлиги және Экономика ҳәм санаат министрлиги жанындағы Урбанизация агентлиги тәрепинен әмелге асырылатуғыны;

жойбарды әмелге асырыў шеңберинде ХТРБ қарыз қаржыны сөндириў, сондай-ақ, процентлер, дәлдалшылық ҳақы ҳәм басқа да шығынларды төлеўге байланыслы қәрежетлер Өзбекстан Республикасының Мәмлекетлик бюджети ҳәм тийисли ўәлаятлардың жергиликли бюджетлериниң қаржылары есабынан тең үлеслерде қапланатуғыны белгиленсин.

  1. Төмендегилер:

«Орта қалаларды комплексли раўажландырыў» жойбарының тийкарғы техникалық-экономикалық параметрлери 1-қосымшаға муўапық;

«Орта қалаларды комплексли раўажландырыў» жойбарын әмелге асырыў ушын тартылған Халықаралық тиклениў ҳәм раўажланыў банкиниң қарыз қаржылары бойынша тийкарғы қарызды сөндириў, процентлер ҳәм дәлдалшылық ҳақыны төлеўдиң прогноз графиги 2-қосымшаға муўапық;

2019-2021-жылларда «Орта қалаларды комплекс­ли раўажландырыў» жойбарын әмелге асырыўға байланыслы «Жол картасы» 3-қосымшаға муўапық тас­тыйықлансын.

  1. «Орта қалаларды комплексли раўажландырыў» жойбарын әмелге асырыў бойынша жумысшы комиссия (кейинги орынларда — Жумысшы комиссия) 4-қосымшаға муўапық структурада дүзилсин ҳәм оған төмендеги ўазыйпалар жүкленсин:

жойбарды нәтийжели әмелге асырыў, «Жол картасы»нда нәзерде тутылған илажларды оператив түрде ислеп шығыў ҳәм объектлерди жеделлик пенен иске қосыўды тәмийинлеў;

жойбар шеңбериндеги жойбарлардың сапалы таңлап алыныўы, экспертизадан өткерилиўи ҳәм өз ўақтында әмелге асырыўға таярланыўын тәмийинлеў, ажыратылып атырған қаржылардан нәтийжели пайдаланыў үстинен қадағалаў;

ҳәр бир жойбар ҳәм улыўма пүткил жойбардың әмелге асырылыўын турақлы көрип шығыў ҳәм зәрүр жағдайларда, оларды нәтийжели және өз ўақтында әмелге асырыўды тәмийинлеў бойынша Министрлер Кабинетине усыныслар киргизиў;

орынларға шыққан ҳалда, жойбар шеңбериндеги жумыслардың өз ўақтында ҳәм сапалы орынланыўы бо­йынша жеке қадағалаўды тәмийинлеў ҳәм зәрүр илажларды көриў.

  1. Жойбарды әмелге асырыў дәўиринде төмендегилер:

белгиленген тәртипте қәлиплестирилетуғын дизимлерге муўапық алып кирилетуғын товарлар (сатып алынатуғын жумыслар, хызметлер) ҳәм транспорт қураллары, үскенелер, технологиялар ҳәм материаллар — бажыхана төлемлеринен (бажыхана жыйымларынан тысқары), соның ишинде, олар «ўақытша шеттен алып келиў» бажыхана режиминде рәсмийлестирилгенде — күнделикли бажыхана төлемлеринен, сондай-ақ, автотранспорт жыйымларынан;

Өзбекстан Республикасының юридикалық шахслары-резидент емеслери — юридикалық шахслардан алынатуғын пайда салығын төлеўден;

Өзбекстан Республикасының физикалық шахслары-резидент емеслери — физикалық шахслардан алынатуғын дәрамат салығын төлеўден азат етилсин.

  1. Өзбекстан Республикасы Инвестициялар ҳәм сырт­қы саўда министрлиги жойбарды әмелге асырыўды нәтийжели шөлкемлестириў ушын:

Ташкент қаласында жойбарды әмелге асырыў бо­йынша бас топарды, сондай-ақ, тәжирийбе-сынаў қалаларында жойбарды әмелге асырыў бойынша аймақлық топарларды шөлкемлестирсин;

Жәҳән банкиниң социаллық ҳәм экологиялық қорғаў принциплерин есапқа алған ҳалда, жойбар компонентлерин әмелге асырыў ҳәм қаржыландырыў кестесинде итималлы өзгерислердиң жүз бериўи мүнәсибети менен жумысларды шөлкемлестириўде белгили бир қатнас жасаўды тәмийинлесин.

  1. Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети:

бир ҳәпте мүддетте белгиленген тәртипте жойбардың техникалық-экономикалық тийкарын тастыйықласын, сондай-ақ, келешекте Өзбекстан Республикасы Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлигиниң тийкарланған усынысларына бола оған зәрүр дүзетиўлер киргизсин;

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жыл 16-июльдеги «Халықаралық финанс институтлары ҳәм сырт ел ҳүкимет қаржы шөлкемлериниң қатнасыўындағы жойбарларды таярлаў ҳәм әмелге асырыў нәтийжелилигин арттырыў илажлары ҳаққында»ғы ПҚ-3857-санлы қарарына муўапық жойбарды әмелге асырыўдың нәтийжели мониторингин тәмийинлесин ҳәм нызамшылық талапларын бузғанлығы ушын лаўазымлы шахсларға тийисли жуўапкершилик илажларын көрсин.

  1. Өзбекстан Республикасы Есап палатасы:

жойбардың толық ҳәм өз ўақтында әмелге асырылыўы, сондай-ақ, жойбар шеңберинде ажыратылатуғын финанслық қаржылардан мақсетли пайдаланыўы үстинен системалы мониторинг орнатсын;

ҳәр шеректе Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясы ҳәм Министрлер Кабинетине жойбардың әмелге асырылыўы ҳаққында мәлимлеме киргизсин.

  1. Өзбекстан Республикасы Қурылыс министрлиги жойбарды әмелге асырыў шеңберинде белгиленген тәртипте жойбарлаў-смета ҳүжжетлери мәмлекетлик экспертизадан өткерилиўин, сондай-ақ, қурылыс-монтажлаў жумысларын орынлаў сапасы үстинен керекли дәрежеде мәмлекетлик архитектура-қурылыс қадағалаўы орнатылыўын тәмийинлесин.
  2. Өзбекстан Республикасы Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлиги Инвестициялар ҳәм сырт­қы саўда министрлигиниң буйыртпаларына бола жойбарды әмелге асырыўда қатнасыўшы сырт ел қәнигелерин Өзбекстан Республикасына тартыў ушын белгиленген тәртипте рухсатнамалар бериўди (созыўды), сондай-ақ, усы сырт ел қәнигелерине Өзбекстан Республикасы аймағында мийнет етиўди әмелге асырыў ҳуқықы ушын тастыйықлаўлар бериўди (созыўды) тәмийинлесин.
  3. Өзбекстан Республикасы Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў бойынша мәмлекетлик комитети белгиленген тәртипте тийисли жойбар ҳүжжетлериниң мәмлекетлик экологиялық экспертизадан өткерилиўин ҳәм жойбарды әмелге асырыў шеңберинде тәбиятты қорғаўға қаратылған нызам ҳүжжетлерине әмел етилиўи үстинен мәмлекетлик қадағалаў орнатылыўын тәмийинлесин.
  4. Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлиги белгиленген тәртипте Өзбекстан Республикасы ҳәм Жәҳән банки арасындағы қарыз келисими бойынша тийисли юридикалық шешим берсин.
  5. Өзбекстан Республикасы Мәденият министрлиги белгиленген тәртипте тийисли жойбарлаў ҳүжжетлериниң экспертизадан өткерилиўин ҳәм жойбарды әмелге асырыў шеңберинде мәдений мийрас объектлерин қорғаўға қаратылған нызам ҳүжжетлерине әмел етилиўи үстинен мәмлекетлик қадағалаў орнатылыўын тәмийинлесин.
  6. Ташкент, Бухара ҳәм Наманган ўәлаятлары, Янгийўл, Когон қалалары ҳәм Чортоқ районы ҳәкимликлери жойбарды толық әмелге асырыў ушын барлық зәрүр ҳүжжетлердиң сапалы ислеп шығылыўын ҳәм жойбарды әмелге асырыў топарларына өз ўақтында киргизилиўин белгиленген тәртипте тәмийинлесин.
  7. Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасы Бас министриниң биринши орынбасары А.Ж.Раматовқа, Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары Э.М.Ғаниевке ҳәм Өзбекстан Республикасы Президентиниң кеңесгөйи Р.А.Ғуломовқа жүкленсин.

     

      Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ.

      Ташкент қаласы, 2019-жыл 30-июль.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF