Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 18:16:06, 23.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ӘСКЕРЛЕР УШЫН ШЕБЕРЛИК САБАҚЛАРЫ

Нөкис гарнизонындағы әскерий бөлимлердиң биринде Өзбекстан Көркем өнер академиясы Қарақалпақстан бөлими менен биргеликте Президентимиз тәрепинен алға қойылған бес әҳмийетли басламаның орынланыўына бағышлан­ған руўхый-ағартыўшылық илажы өткерилди.

Өзбекстан Көркем өнер академиясы Қарақалпақстан бөлиминиң баслығы Улбосын Өтегенова, Өзбекстанға хызмет көрсеткен жаслар устазы, Қарақалпақстан халық художниги Жеңис Лепесов, Қарақалпақстан халық художниги, академик Сәрсенбай Байбосиновлар қатнасыўында өткерилген илажда мүддетли әскерий хызметкерлер тек ғана художниклердиң дөретиўшилиги менен танысыў имканиятына ийе болып қалмай, ал, әскерий бөлимде қарақалпақ художниклери тәрепинен шөлкемлестирилген көшпели көргизбе шығармаларынан руўхый суўсын алды. Сондай-ақ, мәденият тараўында көп жыллардан берли ислеп киятырған Шынаргүл Пахратдинованың «Кеўлимде барым» атлы қосықлар топламының презентациясы  болып өтти.

Көркем өнерди сүйетуғын әскерлер тәрепинен жанлы түрде атқарылған қосықлар бул илажға өзгеше кейпият бағышлады.

Илаж соңында белгили художниклер тәрепинен шеберлик сабақлары болып өтти. Мазмунлы тәсирлерге бай болған дөретиўшилик ушырасыў ҳаққында әскерий бөлим командириниң тәрбиялық ҳәм идеологиялық ислер бойынша орынбасары, подполковник Айбек Мамадалиев былай дейдиF

­ Әскерлердиң көркем өнер ҳәм китапқумарлыққа қызығыўын арттырыў мақсетинде бундай илажлар турақлы өткерилип келинбекте. Бул сапарғы илажымыз дәстүрий емес түрде өтип, әскерлер художниклер дөретиўшилигин үйрениў менен бир қатарда сүўрет сызыў сырларын аз болса да үйренип алды. Келешекте әскерий бөлимимизде әскерлер ушын сүўретлеў көркем өнери дөгерегин шөл­кемлес­тириўди нийетлеп отырмыз. Бир жыллық әскерий хызметтен соң армияда үйренген билимлери ўақты келип иске асыўы сөзсиз.

Арқа-Батыс әскерий

округи баспасөз хызмети.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF