ӨРТ БИЙПӘРЎАЛЫҚТЫ КЕШИРМЕЙДИ
Өрттиң зыянлы ақыбетлери ҳаққында Нөкис қалалық Өрт қәўипсизлиги бөлими хызметкерлери тәрепинен үгит-нәсият жумыслары алып барылмақта.
Пайтахтымыз турғынлары өзлериниң турақ жайларында өрт қәўипсизлиги қағыйдаларына итибарлы болса ғана унамсыз ўақыялардың алдын алыўға ерисиледи.
Үстимиздеги жылдың 6 айы даўамында пайтахтымызда 46 өрт келип шығып, олардың көпшилик басымы пуқараларымыздың турақ жайларында болып атырғанлығы тәшўишлендиреди.
Атап айтқанда, усы жылдың 28-июнь күни Нөкис қаласы Амангелди бий атындағы көшениң 13-жайының атыз тәрепинде жайласқан қора бастырмасында өрт келип шыққан. Усы күни үй ийеси түнги ўақыт шегип турған сигаретин жыйнаўлы турған қурғақ от шөплериниң үстине өширмей таслап кеткенинен келип шыққан. Сыртта дем алып жатырғанында қорасы жанып атырғанын көрип, дәрҳал суў сеўип өшириўге ҳәрекет етеди. Бирақ, өрт күшейип кетиўи ақыбетинде 101 хызметине хабарлайды. Өрт өшириў хызметкерлери тез арада жетип келип, қора бастырмасының көпшилик бөлегин өрттен сақлап қалды. Негизинде усындай өрт ҳәдийсесин болдырмаў ушын пуқараларымыз бийпәрўа болмаўы керек. Тағы бир айта кететуғын жағдай, пайтахтымыз аймағындағы турақ жайлардың, оқыў орынлары, мәкеме ҳәм кәрханалардың әтирапларындағы өрт өшириў автомобиль жолларындағы бар болған тосқынлықларды алып таслаў бүгинги күнниң әҳмийетли мәселелериниң бири. Себеби, бул тосқынлықлар өрт өшириў автомобильлери иркинишке ушыраўына, буның ақыбетинде өрттиң тез тарқалыўына алып келеди.
Сонлықтан да, пуқараларымыздан өрт қәўипсизлигине итибарлы болыўын соранамыз.
Қ.СЕЙТНАЗАРОВ,
Нөкис қалалық ӨҚБ инспекторы, лейтенант.