Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 18:01:40, 23.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ЖУМЫСЛАР СЫН КӨЗ БЕНЕН ТАЛҚЫЛАНДЫ

Өзбекстан «Миллий тикланиш» демократиялық партиясы Қарақалпақстан Республикасы Кеңесиниң ХХ пленумы болып өтти. Пленумда «Миллий тикланиш» демократиялық партия­сының Қарақалпақстан Республикасы Кеңесиниң усы жыл биринши ярым жыллықтағы жумысының жуўмақлары ҳәм екинши ярым жыллықтағы ис-илажлардың тийкарғы бағдарлары ҳаққында Рескеңес баслығы Т.Романов баянат жасады. 

Баянатта атап өтилгениндей, Кеңес тәрепинен партияның сайлаўалды платформасында ағартыўшылық, социал-экономикалық бағдардағы мақсет ҳәм ўазыйпалардың орынланыўына айрықша итибар қаратылып, миллий қәдириятларымызды сақлаў, халық пенен тиккелей байланысты жолға қойыў, усы мәселелерде ўәкиллик уйым­ларына партиядан сайланған депутатлар ҳәм партия шөлкемлериниң белсендилигин және де арттырыўға айрықша итибар берилди. 

Бүгинги күни партия Кеңесиниң 630 басланғыш партия шөлкемлери дүзилген болып, партия ағзаларының саны 18567ге жетти, 2132 ағза жаңадан қосылды. Соның 49 процентин жаслар, 46 процентин ҳаял-қызлар қурайды.

Партия ағзаларын қабыллаўды көбейтиўде, басланғыш партия шөлкемлерин дүзиўде бир қатар кемшиликлер де бар. Төрткүл, Әмиўдәрья, Шоманай, Қоңырат, Шымбай, Тахтакөпир ҳәм Мойнақ районлық Кеңеслеринде бар-жоғы жаңадан бир-бирден басланғыш партия шөлкемлери дүзилген болса, Нөкис қаласы, қал­ған районлық Кеңеслеринде бирде-бир жаңадан басланғыш партия шөлкемлери дүзилмеди. 

Демек, жоқарыда атап өтилген ра­йон партия Кеңеслери баслықлары, қәнигелер тек кабинетлерде отырып қалған, мәкеме, кәрхана, оқыў орынлары, шөлкемлерге барып, партияның мақсет ҳәм ўазыйпалары ҳаққында үгит-нәсият жумыслары алып барылмағанлығы себепли усылай болып отыр. Бул быйылғы сайлаўлар жылына таярлық көрип атырған бүгинги күнде ҳешқандай талапқа жуўап бермейди. Қалған дәўирде партия белсендилери буннан тийисли жуўмақ шығарыўы керек. 

Пленумда партияның Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиндеги фракциясының усы жыл биринши ярым жыллықтағы жумыслары ҳаққында Жоқарғы Кеңестеги ӨзМТДП фракциясы баслығы М.Қурбанов шығып сөйлеп, исленген жумысларға таллаў жасады.

Буннан кейин ӨзМТДП Қарақалпақстан Республикасы Кеңесиниң усы жыл декабрь айында болып өтетуғын Олий Мажлис Нызамшылық палатасына, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм жергиликли Кеңеслерге болып өтетуғын сайлаўларға таярлық көриў ҳәм оған мүнәсип қатнасыў бойынша ис-илажлар бағдарламасы ҳәм де «Жол картасы» ҳаққында партия республикалық Кеңеси аппарат басшысы Л.Әбдимуратов шығып сөйледи.

Күн тәртибинде қаралған мәселелер бойынша партияның Орайлық атқарыў комитетиниң жуўаплы хызметкери Х.Ражапов, Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлигиниң жуўаплы хызметкери И.Алдабергенов, Нөкис қаласы Кеңесиниң депутаты В.Қаленова, У.Жәлменов, Н.Айымбетов ҳәм басқалар шығып сөйлеп, мәмлекетимизде сайлаўға таярлық көриў ҳәм оны өткериў процесслери халықаралық нормаларға ҳәм демо­кратиялық принциплерге толық жуўап беретуғынлығын, миллий нызамшылық ҳәм сайлаў әмелиятымыздың әҳмийети жүдә үлкен болып, партия ағзалары сайлаўға белсенди қатнасыўы тийис екенлигин айрықша атап өтти.

Пленумда қаралған мәселелер бо­йынша тийисли қарарлар қабыл етилди.

***

Усы күни партияның республика Кеңесинде «Демократиялық сайлаўлар ­ жәмийетимизди демократияластырыў ҳәм мәмлекетти модернизациялаў барысының әҳмийетли сиясий факторы» атамасында семинар-кеңес болып өтти. 

Семинар-кеңесте ӨзМТДП Орайлық атқарыў комитетиниң жуўаплы хызметкери Х.Ражапов күн тәртибиндеги мәселе бойынша баянат жасады. Мәмлекетимиз Президентиниң атап өткениндей, «Сайлаў процесслеринде ҳәммемиздиң, ең алды менен көзқарасымыз,  сиясий ҳәм ҳуқықый мәдениятымыз, пуқаралық позициямыз және бир мәрте көринеди». Ҳақыйқатында да, алдымыздағы болажақ сайлаўларға белсене қатнасыў партияның сайлаўалды платформасындағы ўазыйпаларды әмелге асырыў ушын бәршемиздиң және де белсендилик көрсетиўимизди талап етеди. Өйткени, быйыл­ғы сайлаўларда бес партия депутатлық мандатлар ушын гүрес алып барады.

Семинарда партияның Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси Атқарыў комитети хызметкери Х.Қабулов жақында қабылланған сайлаў Кодекси ҳаққында кең түрде шығып сөйледи.  Президентимиз басламасы менен ислеп шығылған сайлаў Кодекси жәрия­лылық, әдиллик, теңлик сыяқлы демократиялық принциплерди өзинде сәўлелендирип, актуаль мазмун-мәнисине ҳәм үлкен руўхый, социаллық, сиясий әҳмийетке ийе.  Баянатшының атап өткениндей, Кодекс­тиң қабыл етилиўи ең дәслеп пуқаралардың сайлаў ҳуқықларын қорғаўдың қосымша әмелий механизмлерин, сайлаў нызамшылығын системаға салыў, сайлаў процеси ашық-айдынлығының кепилликлерин күшейтиў имканын береди.

Семинарда шығып сөйлегенлер партияның ҳәзирги ўақытта елимиз турмысында барған сайын үлкен орынды ийелеп, усы жыл декабрь айын­да Олий Мажлис Нызамшылық палатасы, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм халық депутатлары қала ҳәм районлық Кеңеслерге болып өтетуғын сайлаўларда мүнәсип қатнасыўға таярлық көрилип атырғанын атап өтти. 

К.БЕГДУЛЛАЕВ.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF