МЕКТЕПКЕ ШЕКЕМГИ БИЛИМЛЕНДИРИЎ СИСТЕМАСЫНДА ЭКОЛОГИЯЛЫҚ БИЛИМ
Экологиялық машқалалардың қаншелли глобал әҳмийетке ийе екенлиги инабатқа алынып, соңғы жылларда ең тийкарғы ўазыйпалар менен бир қатарда қоршаған орталықты қорғаў, экологиялық мәденият, экологиялық тәлим-тәрбия, экологиялық ағартыўшылық мәселелерине айрықша итибар қаратылмақта.
Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.М.Мирзиёев өзиниң 2017-жыл 12-июль күни Олий Мажлис Нызамшылық палаталары, сиясий партиялар ҳәм де Өзбекстан Экологиялық ҳәрекети ўәкиллери менен видеоселектор жыйналысындағы баянатында да усы мәселелерге тоқталып, «... Ең тийкарғы мәселе халықтың экологиялық мәдениятын асырыў ҳаққында ойланып бас қатырыўымыз зәрүр. Әлбетте, бундай машқалаларды тек ғана ҳәкимшилик жол менен шешип болмайды, бунда жас әўлад қәлбинде ана тәбиятқа меҳир-муҳаббат, оған жуўапкершилик сезимин тәрбиялаў арқалы ерисиў мүмкин», - деп айтып өткен еди.
Мәмлекетимиз басшысының усы сөзлеринде тәбиятты қәдирлеў ҳәм оны қорғаў бизге әўладларымыздан мийрас болып, миллий қәдириятларымыздың қанына сиңип кеткен ҳәм әсирлер даўамында мәнаўиятымыздың дәслепки басқышларында тереңлесип барған халқымыздағы тәбиятқа болған көзқарасы өзгеше екенлиги, оны жас әўлад қәлбине сиңдириў ўазыйпасы белгилеп берилди.
Усы ўазыйпаларды избе-из орынлаў, анық бағдарларда мақсетли турақлы шешимлер табыў ҳәм белгиленген мақсетлерге толық ерисиў ушын мәмлекетимиз тәбияты, экосистемалар, қоршаған орталықты турақлы түрде қорғаў, халықтың экологиялық мәдениятын асырыў, усы жүдә қатаң, турмыслық мәселеге халықтың барлық қатламы, әсиресе, жаслар тәрепинен салмақлы үлес қосыў зәрүрлиги менен белгиленеди.
Усыларға муўапық 2017-2021-жылларда Өзбекстан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясында белгиленген ўазыйпаларды сөзсиз әмелге асырыў, республика аймақларындағы экологиялық машқалалар шешимине билимлендириў системасын усыныў менен үлес қосыў, өсип киятырған жас әўладтың экологиялық саўатлылығын асырыў, экологиялық санасы ҳәм экологиялық мәдениятын қәлиплестириўди раўажландырыў, экологиялық тәлим ҳәм тәрбия процесин нәтийжели шөлкемлестириў мақсетинде усы жылдың 27-май күни Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 434-санлы қарары менен «Өзбекстан Республикасында экологиялық билимлендириўди раўажландырыў» Концепциясы тастыйықланды.
Уллы қырғыз жазыўшысы Шыңғыс АйтматовF «Жас әўладқа экологиялық билимди балалықтан баслап берип барыў керек. Егер биз буны еплей алсақ, олар өсип камалға келгенде оларға экологиялық билимлерди бериўдиң де кереги болмайды, себеби экология олардың турмыс тәризине айланып кеткен болады» деген еди. Сол себепли, мектепке шекемги билимлендириў системасында экологиялық билимди «Балажан» таяныш бағдарламасы қайта көрип шығып, онда балаларға ана-тәбиятты сақлаў бағдарындағы дәслепки тәсирлерин оятыў ҳәм қоршаған орталықты қорғаў ҳаққындағы атамаларды көбейтиўден басланыўы керек.
Сондай-ақ, мектепке шекемги билимлендириў мәкемелери ушын әмелде болған таяныш бағдарламасында белгиленген экологиялық тәлимге байланыслы атамалар ҳәм әмелий шынығыўларды толық шөлкемлестириў мақсетинде «Эколог балажан» бағдарламасы ислеп шығылыўы ҳәм әмелиятқа усыныў жүдә әҳмийетли.
Билимлендириў бағдарламалары орта, ересек ҳәм мектепке шекемги таярлаў топарлары ушын жансыз тәбият (өсимликлер дүньясы), жанлы тәбият түсиниклерин оятыўға бағдарланыўы зәрүр. Бунда атамалар жер жүзинде, тийкарынан елимизде жоғалып баратырған ҳәм аз түрдеги өсимлик ҳәм ҳайўанат дүньясы, сондай-ақ, оларды сақлаў мәселесине айрықша итибар қаратылыўы керек. Соның менен бирге, бағдарламалар қоршаған орталықты қорғаў, әтирапымыздағы әлемди таза сақлаў, турмыслық шығындылардан тазалаў киби түсиниклер менен де байытылыўы нәзерде тутылған.
Мектепке шекемги билимлендириў мәкемелеринде балаларға дәслепки экологиялық билим ҳәм экологиялық сана, экологиялық мүйешлер шөлкемлестириў, оларды зәрүр материаллар менен тәмийинлеў, тәрбияланыўшылардың көзине тасланатуғын әтирап тәбийғый орталық (жер, суў, өсимлик ҳәм ҳайўанат дүньясы) менен «Ана тәбият» атамасында ашық ҳаўада таныстырыў саатларын өткериў, сүўретлер сызыў, әтирап дүньясы ҳаққындағы қосықларды ядлаў, шынығыўларды орынлаў ҳәм түрли атамада ойынларды шөлкемлестириў арқалы қәлиплестириў әйне күнниң биринши мәселеси есапланады. Себеби, бала қәлбинде көриў, жазыў, есте сақлаў ҳәм еситиў киби жоқары нерв орайларының интеграциясы арқалы пайда болған қоршаған орталыққа болған муҳаббат бир өмир сақланып қалады.
Балаларымыз қәлбине қоршаған орталыққа болған муҳаббатты 21-март Наўрыз байрамы, 15-апрель Экологиялық билимлер күни, 22-апрель Халықаралық жер күни, 5-июнь Пүткил дүнья қоршаған тәбийғый орталықты қорғаў күни киби экологиялық сәнелерге бағышлап өткерилетуғын мәнаўий экологиялық илажлар арқалы сиңдирип барыў әҳмийетли. Буның ушын мектепке шекемги билимлендириў мәкемелериниң педагоглары ушын Мектепке шекемги билимлендириў министрлиги тәрепинен экологиялық сәнелер бойынша «Эколог балажан» бағдарламасы тийкарында системалы шынығыўлар режеси, бағдарлама ҳәм арнаўлы методикалық қолланбалар ислеп шығыў зәрүр.
Мектепке шекемги билимлендириў мәкемелеринде әмелге асырылып атырған ең тийкарғы ўазыйпалардан және бири «Экологиялық сызықлар» шөлкемлестирилип, Өзбекстан Республикасы Қызыл китабына киргизилген өсимлик ҳәм ҳайўанатлар ҳаққындағы дәслепки түсиниклерди тәрбияланыўшының санасына сиңдириў, қорғалатуғын өсимлик ҳәм ҳайўанлар сүўретлерин сыздырыў арқалы тәрбияланыўшыларда экологиялық билимлер және де беккемленип барылады. Тәрбияланыўшылар санасында ана-тәбиятты қорғаў ҳәм оларда тәбиятқа болған меҳир-муҳаббат тўйғыларын және де күшейтиў ушын түрли атамаларда театрластырылған тамашалар ҳәм сахналық көринислерин, орайлық телеканалларда балалар ушын арнаўлы экологиялық көрсетиўлер шөлкемлестириў, экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў бағдарында арнаўлы мөлшерленген дәўирли басылымларды басып шығарыў арқалы раўажландырылып барылады, бунда ғалаба хабар қуралларының роли жоқары.
Жуўмақлап айтқанда, тәбият, оннан пайдаланыў, қоршаған орталық, экология туўралы билимлерди жас әўладқа жеткериў, олардың санасында ана тәбиятқа болған меҳирди оятыў ҳәм оны күшейтиў биз кексе әўлад ўәкиллериниң ең тийкарғы ўазыйпасы есапланады.
К.ЖУМАНИЁЗОВ,
З.ХАНИЯЗОВ,
Олий Мажлис Нызамшылық палатасы депутатлары.