Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 15:40:58, 23.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

МҮРӘЖАТЛАР ДЫҚҚАТ-ИТИБАРДА

Соңғы жыллары елимизде мәмлекетлик басқарыў уйымларының халық пенен бирге ислесиў механизми түп-тийкарынан жетилистирилип, пуқараларымыздың мүрәжатлары ҳәм турмыслық машқалаларының шешимин табыўында нәтийжели жумыслар әмелге асырылмақта.

Қарақалпақстан Республикасы Мәмлекетлик салық басқармасының басламасы менен Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик салық комитети ҳәм Нөкис қаласы ҳәкимлиги менен биргеликте усы жыл 23-июль күни көшпели қабыллаў өткерилди. Онда Нөкис қаласы ҳәкими П.Турешов ҳәм Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик салық комитети баслығының орынбасары Б.Турабовлар тәрепинен Нөкис, Хожели, Тақыя­тас районлары ҳәм пайтахтымыз турғынларынан жәми 50 ге жақын мүрәжатлар  тыңланып, айырымлары сол жердиң өзинде өз шешимин тапты. Ал, қалған мүрәжатлар нызамлы тәртипте шешиў ушын қадағалаўға алынды.

Илажда пайтахтымыздағы «Гөне қала» мәкан пуқаралар жыйыны аймағында жасаўшы 86 жасар II топар майыбы Хатиша Абдиғаппарованың турмыслық жағдайына бола жер салығын төлей алмаўы бойынша мүрәжаты қанаатландырылып, жер салығын төлеўден азат етилди. Сондай-ақ, «Анасай» мәкан пуқаралар жыйыны турғыны, II топар майыбы Гүлчехра Давкенованың мүрәжаты бойынша, оған сол жердиң өзинде ма­йыплар арбашасы берилди.

­ Аймақтағы Ақ жағыс, М.Дәрибаев, Саркоп көшелерин асфальтлаў мәселеси қыйнап киятыр еди, - дейди «Қаттағар» мәкан пуқаралар жыйыны турғыны Узақбай Шамуратов. ­ Усы мәселе бойынша бүгинги көшпели қабыллаўда мүрәжат еттик. Бул мүрәжатлар тез күнде өзиниң унамлы шешимин табады деген үмиттемиз...

Әлбетте, өткерилип атыр­ған көшпели қабыллаўлар халқымыздың аўырын жеңил етип, олардың ҳүкиметимизге болған исенимин арттырыўда әҳмийетли болып табылады.

Илажға Өзбекстан Республикасы Президентиниң Қарақалпақстан Республикасы Халық қабыллаўханасының баслығы Ҳ.Халимов қатнасты.

А.ОРАЗОВ,

арнаўлы

хабаршымыз.

СҮЎРЕТТЕ: көшпели қабыллаўдан көринис.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF