Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 16:24:48, 23.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

«МОЙНАҚ ТЕКСТИЛ»:  

ЗАМАНАГӨЙ ҮСКЕНЕЛЕРДЕН САПАЛЫ ӨНИМЛЕР

Усы жыл 22-июль күни «Мойнақ текстил» жуўапкершилиги шекленген жәмийетине қараслы тигиўшилик фабрикасы пайдаланыўға тапсырылды.

Илажда Өзбекстан Республикасы Президентиниң кеңесгөйи Т.Худайбергенов, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Ерниязов қатнасып, жыйналғанларды жаңа кәрхананың иске түсиўи менен қутлықлады.

Атап өтилгениндей, Президентимиздиң Мойнақ ра­йонына болған айрықша итибары нәтийжесинде көплеген өндирислик кәрханалар иске түсирилип, пайдаланыўға тапсырылмақта. Усы жылдың февраль айында қурылысы басланған жаңа кәрханада 350 ҳаял-қыз жумыс орны менен тәми­йинленди.

Бул жерге Қытай Халық Республикасы ҳәм Түркия мәмлекетлеринде ислеп шығарылған 320 дана заманагөй тигиў машинасы алып келип орнатылды. Компьютерлер жәрдеминде ислейтуғын бул тигиў машиналарын енди мойнақлы жаслар басқарады.

Кәрханада ислеп шығарылған өнимлерди жергиликли халыққа, соның менен бирге районға келип атырған туристлерге сатыўды жолға қойыў мақсетинде арнаўлы дүкан иске түсирилди. Кәрхана басшыларының атап өткениндей, келешекте өним түрлери көбейтилип, сырт еллерге экспорт етиў белгиленген.

— Жаңа фабриканың иске түсиўи район халқын, соның ишинде ҳаял-қызларымызды айрықша қуўа­ныш­қа бөледи,-дейди «Таллы өзек» мәкан пуқаралар жы­йынының баслығы Бийбихан Өтәмбетова. — Бизиң аймағымыздың өзинен 40 ҳаял-қыздың бәнтлиги тәмийинленди. Бундай ғамқорлығы ушын Президентимизге шексиз миннетдаршылық билдиремиз...

Илаж қатнасыўшылары жаңа фабрикада жумысшылар ушын жаратылған шараятлар, ислеп шығарылып атырған өнимлердиң түрлери менен танысты.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF