ҒАРҒАБАЙ ЕМЕС, ҚАРҒАБАЙ...
Илгериде, анығырағы, буннан отыз жылдан аслам ўақыт бурын усы газетада «Ғарғабай ма, я Қарғабай ма?» деген атамада мақалам жәрияланған еди.
Онда қарақалпақ әдебиятының классик шайыры Бердақтың әкесиниң шын аты Ғарғабай емес, Қарғабай болыўы керек деген пикир ортаға тасланды. Себеби, бизиң халқымызда перзентке ат қойыў мәселесине жеңил-желпи қаралмайды. Жаңа туўылған нәрестениң келешекте батыр ҳәм бахытлы инсан болып, гүлдей ашылып жүриўин қәлеп, үлкен үмитлер менен исм таңланады. Базыда тәбият гөззаллығына, қубылысларына байланыстырып та ат қойылады.
Мәселен, қар көп жаўған ямаса керисинше, аз жаўған жылы да туўылған балаларға Қарлыбай, Қаржаўбай, Қарғабай деп ат қойыў турмыста көп ушырасады. Жаңа исмниң қарға байланыслы берилиўиниң себеби, қардың аппақ реңи пәклик пенен азадалықтың нышаны, бул бир жағынан, екиншиден, қардың көп жаўғаны молшылықтың дереги саналады. Ата-бабаларымыздың дийқаншылық тәжирийбесинен белгили, қар көп жаўған жылы егинлер мол зүрәәтли болады.
Мине, усы көзқарастан алып қарағанда Бердақтың әкесиниң анық аты Ғарғабай емес, Қарғабай болыўы итимал. (Қалаберди, Ғарғабай деген исмди аты қарақалпақта ҳешким де перзентине рәўа көрмейди). Ал енди, бул аттың Ғарғабай аталып ҳәм жазылып кетиўи итибарсызлықтан басқа ҳеш нәрсе емес.
Бизиң бундай мазмунда айтылған пикиримиз көпшиликке ой салды. Көп узамай еки-үш газета оқыўшысының хаты жарық көрди. Солардың ишинде филология илимлериниң докторы А.Муртазаев уллы шайыр әкесиниң аты жөниндеги пикирди қызғын қуўатлайтуғынын билдирди. «Бираз ўақыттан бери әдебий орталықта, - деп жазды белгили алым, бул мәселе жөнинде айтылып киятыр. Халық шайыры Т.Жумамуратов Ғарғабайды Қарғабайға өзгертиў жөнинде күтә жан күйдирип айтып жүрди. Лекин, бул атты баспасөзде дурыс жазыўға кеўил бөлинбеди. Ендиги жағында усы бир кемшиликти дүзетсек, орынлы болар еди».
Республикамыздың бас газетасында айтылған пикирлер инабатқа алынып, Бердақ Қарғабай улы деп айтылып ҳәм жазылып жүрди. Әсиресе, «Әмиўдәрья» журналында, радио-телевидениеде, айырым газеталарда бул өзгеристи байқағаным есимде. Әттең, негедур арадан еки-үш жыл өтпей-ақ, Қарғабай аты тилге алынбай, сол баяғы Ғарғабай қайтадан айтылып ҳәм жазылып кетти.
Халқымызда «Бир қарын майды бир қумалақ ширитеди» деген даналық сөз бар. Сол айтқандай, бир ҳәриптиң өз орнында дурыс айтылмаўы данышпан шайырымыз Бердақтың исм-шәрийпине, мәңги тири руўхыятына нуқсан келтирип турғандай сезиледи. «Ийгиликли истиң ерте-кеши жоқ», «Ҳештен кеш жақсы» дегендей, «Ендиги жағында усы бир ерси кемшиликти дүзетсек орынлы болар еди» деп ойлайман. Бәлким, базыбиреўлер «бул кемшиликти қалай дүзеймиз, қаншадан-қанша китапларда, естеликлерде жазылған атты өширип, жаңалап жазып шығамыз ба?» деўи мүмкин. Ўақыт ҳәр бир нәрсеге даўа. Жыллар өтер, егер, ҳәзирден баслап Ғарғабайды Қарғабай деп айтып ҳәм жазып бара берсек, сөзсиз, келешекте бул исмниң дурыс атамасы қәлиплесип кетеди.
Муратбай
АБДИМУРАТОВ,
билимлендириў тараўының ветераны.
Қараөзек районы.