Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 15:38:07, 23.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ПИРОПЛАЗМИДОЗ  КЕСЕЛЛИГИНИҢ  АЛДЫН  АЛЫЎ  ИЛАЖЛАРЫ

Пироплазмидоз — қара мал қой-ешки ҳәм тағы бас­қа да үй ҳайўанларында ушырасатуғын кеселлик болып, бул кеселликке гиподерматоз — қарамалларда (тери асты қурты), тейле­риоз — қарамал ҳәм қой-жанлықларда, жылқыларда — нутталиоз, ийтлерде — лейш­маниоз кеселликлери киреди.

Бул кеселликлер менен кеселленген үй ҳайўанларында лихорадка (қалтыраў), қан жетиспеўшилик, органның сыртқы қабаты (шылымшық перделери) сар­ғайып, гөш-сүт өнимдарлығы пәсейеди ҳәм тез шаршайды. Кеселленген ҳай­ўанлар өз ўақтында емленбесе, оның ақыбети өлим ҳалатына алып барады.

Пироплазмидоз кеселлигиниң тийкарғы қоздырыўшысы — үй ҳайўанларының денесине кене ҳәм соналар арқалы кирип, қан эритроцитлериниң ишинде, лимфоид макрофогал системаларында өмир сүреди. Кеселликлерди тарқатыўшылар кенелер ҳәм соналар болып табылады. Пироплазмидоз ҳәр түрли ҳайўанларда кеселлик өтиўи дәўирине қарай түрлерге бөлинеди. Кеселликтиң биринши пайда болыў дәўири үй ҳайўанларын жайлаўға отлаўға жиберген бәҳәр айларында гезлеседи. Үй ҳайўанлары тийкарынан июнь, июль, август, сентябрь айларында кеселликти тасыўшы кенелер ҳәм соналар көбейген дәўирде усы кеселлик пенен аўырады. Кенелер, соналар ызғар, пишен өскен тоғай ҳәм мал бағылатуғын жайлаўларда көп муғдарда ушырасады. Микроскоп пенен көргенде олар домалақ, алмурт, амёба ҳәм үтир түринде көринеди. Кенелер ҳәм соналар үй ҳайўанларының қанын сорыған ўақытта кеселликти қозғатыўшылар қанға өтип, айланба түрде өмир сүреди. Ҳәзирги ўақытта гүйис қайтаратуғын ҳай­ўанларда олардың 140 түри анықланған. Егер де, үй ҳайўанлары усы кеселлик пенен үйде кеселленсе үйде, жайлаўда кеселленсе жайлаўда емлеў керек.  Себеби, кеселленген қарамалларды кеселленген орнынан басқа жерге апарып жүргизип емлеўге болмайды. Бундай жағдайда кеселленген малдың терисиниң астына кофеин бензоат-натрия, еттиң ишки қабатына беренил препаратларын салып шаншыў илажлары алып барылады. Ке­йин ала симптоматикалық емлеў илажлары менен даўам етиледи. Егер де, кеселленген маллардың ас сиңириў органы ислемей қалса, оған натрий хлорид система салынып, соңынан глаубер дузы ҳәм өсимлик майы бериледи. Кеселленген қарамаллар тийкарынан жеңил от-шөплер ҳәм жемлер менен бағылады.

Пироплазмидоз кеселлигиниң алдын алыў ушын үй ҳайўанлары кене ҳәм соналар жоқ жайлаўларда бағылыўы керек. Кене ҳәм соналар бар жайлаўларда бағыўды қадаған етип, кене ҳәм соналар бар жайлаўларда бағылған үй ҳайўанларын кенеге қарсы (бутокс, энтомозан) дезинсекция препаратлары менен дезинсекция жумысларын алып барыў керек.

Қарақалпақстан Республикасы Ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў комитетиниң хызметкерлери тәрепинен бы­йылғы жылдың алты айы даўамында 78 мың 766 бас қарамал гиподерматоз, тейлериоз кеселликлерине қарсы клиникалық көриктен өткерилди. 733 мың 337 бас қарамал, 672 мың 648 бас қой-ешки, 1950 бас түйе, 149 мың 772 мал қораларға, жәми 2 миллион 617 мың 049 квадрат метр майданларға кеселликке қарсы дезинсекция жумыслары алып барылды. Бүгинги күнде халқымыз арасында пироплазмидоз кеселлигиниң алдын алыў бойынша үгит-нәсият жумыслары алып барылмақта ҳәм бул жумыслар гүз айларында да даўам етеди.

 

М.САГИЗБАЕВ,

Қарақалпақстан Республикасы Ветеринария ҳәм шарўашылықты

раўажландырыў комитетиниң үй ҳайўанларының денсаўлығын қорғаў бөлими баслығы.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF