Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 15:17:37, 23.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

МОК ЎӘКИЛИ СПОРТШЫЛАРДЫҢ ШАҢАРАҚЛАРЫНДА

Ғәрезсизлик жылларында Өзбекстанда дене тәрбиясы ҳәм спортты раўажландырыў мәмлекетлик сиясат дәрежесине көтерилгенин спортшыларымыздың кейинги ўақытларда жәҳән ҳәм Азия ареналарында көрсетип атырған нәтийжелери мысалында айқын көриў мүмкин.

Әсиресе, 2016-жылы Брази­лияның Рио де Жанейро қаласында болып өткен XXXI жазғы Олимпиада ойын­лары ҳәм 2018-жылы Индонезияның Джакарта ҳәм Палембанг қалаларында өткерилген XVIII Азия ойынларында ҳәм басқа да халықаралық көлемдеги жарысларда өзбекстанлы атлетлердиң қолға киргизген жоқары табыслары бул бағдардағы жумыслардың нәтийжели әмелге асырылып атырғанынан дерек береди.

Әлбетте, спортшыларымыз бул жетискенликлери менен тоқтап қалмақшы емес. Алдымызда, яғный, 2020-жылы бизди төрт жыллықтың үлкен спорт байрамы болған Токио олимпиа­дасы күтип тур. Ҳәзирги күнлери спорттың бир неше түрлери бойынша мәмлекетимиз сайланды командасының ағзалары оған жоллама алыў ушын қызғын таярлықлар көрмекте. Бул жумысларға ҳүкиметимиз тәрепинен де айрықша итибар қаратылмақта.

Өзбекстан Республикасы Минис­трлер Кабинетиниң 2019-жыл 4-июльдеги «Өзбекстан спортшыларын 2020-жыл Токио қаласында (Япония) болып өтетуғын XXXII жазғы Олимпиада ҳәм XVI Паралимпия ойынларына таярлаў ҳаққында»ғы мәжилис баянламасында белгиленген ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде Өзбекстан Республикасы Миллий олимпия комитети спорт басқармасының жетекши қәнигеси Ҳ.Ташматов ҳәм Нөкис Жоқары спорт шеберлиги мектебиниң директоры М.Сәрсенбаевлар Өзбекстан сайланды командаларының ағзалары ҳәм олимпиада жолламасына талабан болған қарақалпақстанлы спортшылардың шаңарақларында болып, олардың турмысы менен танысты ҳәм толғандырып жүрген машқалалары менен қызықсынды.

­ Қызым кишкенелигинен спорт пенен шуғылланып, бүгинги күнге шекем бир қатар табысларды қолға киргизди, - дейди дзюдо бойынша Өзбекстан сайланды командасының ағзасы, 2018-жылы Аргентинаның Буэнос-Айрес қаласында өткерилген III жас өспиримлер Олимпиадасының гүмис, қола медаль ийеси Нилуфар Ермағанбетованың әкеси Абдималик Ермағанбетов. ­ Әлбетте, булардың барлығы елимизде спортқа қаратылып атырған жоқары итибардың белгиси деп ойлайман. Мине, бүгин де Миллий олимпия комитетиниң ўәкиллери шаңарағымызда болып, бизлердиң турмыс жағдайымыз бенен қызықсынып, машқалаларымызды шешиўге жәрдем беретуғынын билдирди. Буның ушын көп-көп рахмет...

Илаж барысында спортшылардың шаңарақларына естелик саўғалар тапсырылды.

С.ЖАНИЕВ.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF