Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 15:23:28, 23.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

«ЖАЛҒЫЗЫМСАҢ, МУҚАДДЕС ЎАТАН!» ТАҢЛАЎЫНЫҢ ҚАРАҚАЛПАҚСТАН РЕСПУБЛИКАЛЫҚ БАСҚЫШЫ БОЛЫП ӨТТИ

Ўатанды улығлайтуғын, ар-намыс, қәдир-қымбат, мақтаныш сыяқлы жоқары пазыйлетлер шеберлик пенен атқарылған ең жақсы қосықларды ҳәм олардың атқарыўшыларын таңлап алыўға арналған «Жалғызымсаң, муқаддес Ўатан!» таңлаўының Қарақалпақстан Республикалық басқышы болып өтти.

Усы жылдың 15-апрелинен 1-июлине шекем болып өткен таңлаўдың қалалық ҳәм районлық басқышында 500 ге шамалас профессионал, ҳәўескерлик көркем топарлар, ансамбльлер, жеке атқарыўшылар қатнасып, олардан ылайықлы деп табылған 25и Қарақалпақстан мәмлекетлик Жас тамашагөйлер театрында өткерилген республикалық басқышта қатнасты. Жәмийетшилик қатнасыўында, жоқары көркемлилик принциплери ҳәм қалыслық тийкарында болып өткен таңлаўда 7 жастан 30 жасқа шекемги ат­қарыўшылар өзлериниң талантын көрсетти.

Таңлаўда қосық текстиниң оригиналлығы, тәсиршеңлиги, мазмуны, намасының жаңалығы, атқарыўшының сахнада өзин тута билиўи итибарға алынды. Таңлаў жуўмағына бола, биринши орынды Нөкис қаласынан Х.Атамуратов ҳәм Н.Мухаммадияровлар жеңип алды. Екинши орын­ға Төрткүл районынан Д.Әўезов, Шымбай районынан С.Тилеўмуратов ылайық деп табылды. Буннан тысқары алты атқарыўшыға Қарақалпақстан Республикасы Мәденият минис­трлигиниң Ҳүрмет жарлығы тапсырылды.

Таңлаўда биринши ҳәм екинши орынды алған қатнасыўшылар Ташкент қаласында өткерилетуғын үшинши басқышта қатнасады. Таңлаўда ең жақсы деп табылған қосықлар Өзбекстан Республикасы мәмлекетлик ғәрезсизлигине бағышланып Ташкент қаласында, Қарақалпақстан Республикасы ҳәм ўәлаятларда өткерилетуғын байрам салтанатларында атқарылады.  

 

М.ПИРНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF