Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 15:30:18, 23.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ҚАРАҚАЛПАҚСТАН МЕДИЦИНАСЫ: ЖОҚАРЫ ИТИБАРДЫҢ УНАМЛЫ НӘТИЙЖЕЛЕРИ

Нөкистеги Республикалық туберкулёзге қарсы гүресиў балалар санаториясында Қарақалпақстан Республикасында туберкулёзге қарсы гүресиў хызметиниң жағдайы ҳәм усы бағдарда алып барылған илажларға арналған штаб мәжилиси болып өтти.

 Илажды Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министриниң биринши орынбасары Қ.Қудайбергенов басқарып барды. Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги, Республикалық қәнигелестирилген Фтизиатрия ҳәм пульмонология илимий-әмелий медициналық орайы тәрепинен шөлкемлестирилген мәжилисте  республикамыздың көп тармақлы, аўыллық шыпакерлик ҳәм шаңарақлық поликлиникаларының фтизиатрлары, бас шыпакерлердиң орынбасарлары қатнасты.

Онда Республикалық қәнигелестирилген Фтизиатрия ҳәм пульмонология илимий-әмелий медициналық орайының директоры Наргиза Парпиева, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасары А.Ҳам­раев шығып сөйлеп, Өзбекстан Республикасында туберкулёзге қарсы гүресиў хызметиниң жағдайы, бул бағдарда жол қойылып атырған кемшиликлер ҳәм оны сапластырыў бойынша әмелге асырылыўы тийис болған ўазыйпаларға кең түрде тоқтап өтти.

Қарақалпақстан Республикасында туберкулёз кеселлигиниң 2018-2019-жыллардағы жағдайы ҳаққында С.Султанов атындағы Республикалық туберкулёзге қарсы гүресиў диспансериниң бас шыпакери П.Назиров баянат жасады.

Атап өтилгениндей, Қарақалпақстан Республикасында фтизиатрия хызмети диагностикасы дүньяда ең раўажланған мәмлекетлердиң диагностика хызмети менен бирдей. Демек, бизде наўқасқа дүнья стандартлары дәрежесинде диагноз қойыў имканияты жаратылған. Республикамызда туберкулёзге қарсы гүресиў диспансери, 4 емлеўхана, бир туберкулёзге қарсы гүресиў бөлими, 14 кабинет ҳәм балалар санаториясы хызмет етип келмекте. Оларда жәми 815 койка ажыратылған болып, оларда 4 мыңнан аслам наўқас жатып, емленип шыққан. 2018-жылы республикамыздың 635 мыңнан аслам халқы флюорографиялық тексериўден өткерилген болып, 827 cинде туберкулёз кеселлиги анықланған. Республика бойынша радиологиялық усыллар, манту ҳәм диаскинтест, қақырық арқалы, GENE-EXPERT,  MGIT анализлеринде 1 мың 470 пуқарада биринши мәрте туберкулёз (соннан 1 мың 319ында дем алыў жолларындағы туберкулёз) анықланған. Өлимшиликке алып келген жағдайлар 2017-жылы 3,9 процентти, ал, 2018-жылы 3,3 процентти қурады.

Илажда тараўда ерисилген жетискенликлер менен бир қатарда орын алып атыр­ған кемшиликлер де сынға алынды. Атап айтқанда, айырым көп тармақлы поликлиникаларда «қәўипли топар»лардың, туберкулёз кеселлигинен емленип атыр­ған наўқаслардың дизими жоқ, наўқасларға берилиўи керек дәри-дәрмақлар берилмей қалып қойған. 2018-жылы 36  мың 721 бала туўылған болса, олардың 99,6 процентине туберкулёзге қарсы вакцина — БЦЖ салынған. 2019-жылы жети жасқа шекемги балалардың билегинде БЦЖ дан қалған орны тексерилгенде, балалардың 39,3 процентинде тыртық (рубчик) қалмағаны анықланған. Бул дегени, усы балалар туберкулёзге қарсы иммунитетке ийе емес.

 Еле де болса орынларда медициналық-техника, әсбап-үскенелерди жаңалаў, заманагөй медициналық аппаратлар менен толықтырыў зәрүрлиги, сондай-ақ, медицина хызметкерлериниң жуўапкершилигин арттырыў кереклиги көзге тасланады. Кемшиликлердиң келип шығыў себеплерин анықлаў, алдағы ўақытлары оған жол қоймаў илажларын көриў мәселелери штаб-мәжилисинде кең түрде додаланды.

 Илажда туберкулёз кеселлиги профилактикасын, диагностикасын ҳәм емлеў илажларын және де жети­лис­тириў, халықтың медициналық мәдениятын арттырыў кеселликке қарсы гүресиў процесиндеги ең әҳмийетли ўазыйпа екенлигин атап өтти. Келешекте халықты жуқпалы кеселликлерден қорғаўдың профилактикалық илажларын және де күшейтиў, туберкулёз кеселлиги емлеўханаларының материаллық-техникалық базасын және де беккемлеў нәзерде тутылғаны атап өтилди.  

Қарақалпақстан хабар агентлиги.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF