БЕС БАСЛАМА ШЕҢБЕРИНДЕГИ ЖУМЫСЛАР ҮЙРЕНИЛДИ
Усы жыл 13-июль күни Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесинде Президентимиздиң жаслар менен нәтийжели бирге ислесиўге қаратылған бес әҳмийетли басламасы шеңберинде республикамызда әмелге асырылған жумыслар ҳәм алдағы ўазыйпаларды белгилеп алыў бойынша мәжилис болып өтти.
Илажға бир қатар министрлик, кәрхана, мәкеме ҳәм жоқары оқыў орынлары басшылары, сондай-ақ, Нөкис қаласы, Хожели ҳәм Беруний районларының сектор басшылары қатнасты.
Мәжилисти Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасары А.Ҳамраев басқарып барды.
Илажда Президентимиздиң мәсләҳәтшиси А.Абдувоҳидов сөзге шығып, мәмлекетимиз басшысының социаллық, руўхый ағартыўшылық тараўларындағы жумысларды жаңа система тийкарында жолға қойыўға қаратылған бес әҳмийетли басламаның мазмунына айрықша тоқтап өтти.
Илажда атап өтилгениндей, жасларды кәмил ҳәм елимиздиң айдын келешегин қурыўшы инсанлар етип тәрбиялаўда китапқумарлық мәдениятын арттырыў, көркем-өнер ҳәм спортқа кеңнен тартыў, компьютер технологияларынан нәтийжели пайдаланыў, ҳаял-қызлардың бәнтлигин тәмийинлеў ең тийкарғы ўазыйпалардан саналады. Әлбетте, бул илажлар өсип киятырған жас әўладты руўхый жақтан жетик, бәркамал етип тәрбиялаўда ҳәм кәсип-өнер ийелеўинде әҳмийетли болып табылады.
Бул бағдарда республикамызда көркем-өнер тараўына 75 мың, дене тәрбия ҳәм спорт тараўына 133 мың, компьютер технологияларына 11 мың, китапқумарлық мәдениятын арттырыўға қаратылған дөгереклерге 142 мыңға жақын жаслар қамтып алынды. Сондай-ақ, усы жылдың алты айы даўамында 8980 ҳаял-қызлардың бәнтлиги тәмийинленди. Соны айрықша атап өтиў керек, бүгинги күнде Мойнақ, Қанлыкөл ҳәм Тахтакөпир районларында 3 тигиўшилик комплексиниң қурылыс жумыслары жуўмақланды. Бул санаат кәрханалары иске қосылса жаңа жумыс орынларының жаратылыўы тәмийинленеди.
Сондай-ақ, илажда Нөкис қаласы, Хожели ҳәм Беруний районлары ҳәкимлериниң бес әҳмийетли баслама шеңбериндеги жумыслардың орынланыўы бойынша пикир-усыныслары тыңланды.
Илаж соңында алдағы ислениўи тийис ўазыйпалар белгиленип алынды.
А.ОРАЗОВ,
арнаўлы хабаршымыз.