Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 14:49:42, 23.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ӨЗИ  МЕНЕН  ТУРМАЙ,  ӨЗГЕНИ...

Соңғы жылларда мәмлекетимизде халқымыздың диний саўатлылығын асырыў бойынша да әмелий илажлар исленип атыр. Себеби, айырым инсанлар өзлери билмеген ҳалда диний тәлийматтан саўаты болмағанлықтан жынаятқа қол урады.

Басқаларды үгит-нәсиятлап намаз оқыўға шақырыў, диний тәлийматтан өзиниң саўаты болмаса да сабақ бериў ҳәкимшилик жуўапкершилик жүклейтуғынлығын жаңа 24 жасын толтырған Тақыятас районы тур­ғыны Жемал Наўрызбаева билмесе керек?!

Себеби, ол өзи Россия Федерациясында жүргенде намаз оқып үйренип, үйине келгеннен кейин анасы К.Пирнепесоваға үйретпекши болған айыбын мойынлап пушайман болды. Бирақ, ол анасынан басқа ҳеш кимге намаз оқыў ҳаққында айтпағанлығын билдирди. Аңламай исленген айып та жазасыз қалыўы мүмкин емес. Сонлықтан, оған Хожели районы ҳәкимшилик суды тәрепинен ислеген жынаятына бола Өзбекстан Республикасы ҲЖҳКниң талапларынан келип шығып жаза тайынланды.

Жемалдың айыбына ықрарлығы, ислеген қылмысынан пушайманлығы, жас ҳәм ҳаял адам екенлиги, бир жыл даўамында ҳәкимшилик жуўапкершиликке тартылмағанлығы есапқа алынып жаза белгиленди. Келешекте ол бәрқулла пуқта, ҳәр бир исин ойланып ислеўи лазым екенлигин түсинип жуўмақ шығармағы дәркар!

 Б.ЖОЛДАСБАЕВА.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF