ТӘРТИП-ИНТИЗАМДЫ БЕККЕМЛЕЎГЕ БАҒЫШЛАНДЫ
Жақында Арқа-Батыс әскерий округи руўхый ағартыўшылық орайында «Офицерлер қурамы ортасында әскерий интизам ҳәм ҳуқықый тәртипти беккемлеў ҳәм де әскерий хызмет өтеўдиң қәўипсиз шараятларын тәмийинлеў» атамасында илаж өткерилди.
Оған округ офицерлери ҳәм ҳуқық қорғаў уйымлары хызметкерлери қатнасты.
Ушырасыўда шығып сөйлеўшилер тәрепинен офицерлер қурамының жеке жуўапкершилигин арттырыў мақсетинде автотранспортқа ийе болған әскерий хызметкерлер жол транспорт қағыйдаларына қатаң әмел етиў лазымлығы, әскерий хызметкерлердиң денсаўлығын сақлаў ҳәм саламат турмыс тәризи менен өмир сүриў кереклиги ҳаққында түсиник берилди.
Илаж соңында қатнасыўшылар өзлерин қызықтырған сораўлары бойынша қәнигелерге мүрәжат етип, оларға тийисли жуўаплар алды.
Арқа-Батыс әскерий округи баспасөз хызмети.