Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 15:07:16, 23.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ЖУМЫСЛАР ЕЛЕ ДЕ ЖАНЛАНАДЫ

Шаңарақтың уйытқысы, келешегимиздиң тийкарын жаратыўшы ҳаял-қызларға болған итибар мәмлекетлик сия­сат дәрежесиндеги әҳмийетли мәселелердиң бири. Мәмлекетимиз басшысының 20l8-жыл 2-февральдағы «Ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаў ҳәм шаңарақ институтын беккемлеў тараўындағы жумысты түп-тийкарынан жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы Пәрманы жәрдемге мүтәж аўыр  жағдайға түсип қалған ҳаял-қызларға ғамқорлықты күшейтиўде тийкарғы көрсетпе болды.

Сондай-ақ, усы Пәрманның ис жүзиндеги тастыйығы сыпатында және де 2-июльде «Социаллық реабилитация етиў ҳәм бейимлестириў, сондай-ақ, шаңарақлық турмыслық зорлық ислетиўдиң алдын алыў системасын жетилистириў илажлары ҳаққында» Президент қарары қабыл етилип, республика Ҳаял-қызлар комитети жанынан «Ҳаяллар социаллық бейимлестириў» мәсләҳәт орайлары шөлкемлестирилген еди. Бул орай республикамыз пайтахты Нөкис қаласы ҳәм барлық районларда ашылып жумыс алып бармақта.

Жақында усы мәсләҳәт орайларының алып барған жумыслары ҳаққында республикамыздағы ғалаба хабар қураллары хызметкерлерин таныстырыў мақсетинде Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси киши мәжилислер залында брифинг шөлкемлестирилди. Орайларда қала ҳәм районлардағы аўыл ҳәм мәкан пуқаралар жыйынларында жумыс алып барып атырған ҳаял-қызлар, шаңарақларда руўхый ағартыў қәдириятларды беккемлеў бойынша қәнигелер белгиленген кестеге муўапық жәмәәтлик тийкарда нәўбетшилик пенен шыпакер, ҳуқықтаныўшы, психологлар  жумыс алып барады. Республикамызда усы жылдың алты айы даўамында орайларға ҳәр қыйлы турмыс тәшўишлеринде жәрдем сорап l72 пуқара келип, медициналық, ҳуқықый ҳәм психологиялық жәрдем алды.

Брифингте Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары, республика Ҳаял-қызлар комитети баслығы З.Ибрагимова, Зорлық көрсетиўден жәбир көрген шахсларды реабилитация етиў ҳәм бейимлес­тириў, өз жанына қаслық етиўдиң алдын алыў орайы Қарақалпақстан Республикасы бөлими баслығы С.Насырова,  орай психологы Р.Амановалар сөзге шығып, әмелде исленип атырған жумыслар ҳаққында ғалаба хабар қураллары хызметкерлерине билдирип өтти.

Брифинг соңында жумысларды жанландырыў бойынша пикирлер алысты.

Б.КАРАМАТДИНОВА.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF