ШЕБЕРЛИК САБАҒЫ ӨТКЕРИЛДИ
Президентимиздиң бес әҳмийетли басламасында жасларды көркем-өнер тараўына кеңнен тартыў, сондай-ақ, тараўды еле де жетилистириўге айрықша итибар қаратылған.
Бул бағдарда Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалы тәрепинен нәтийжели жумыслар алып барылмақта. Жақында институттың Нөкис филиалына Америка Қурама Штатынан келген бир қатар кино актёр ҳәм режиссёрлар мийманда болып, өзлериниң бай тәжирийбелери менен студент-жаслар арасында сәўбетлесиў өткерди.
Дәслеп мийманлар институт жәмәәти ағзалары тәрепинен салтанатлы жағдайда күтип алынды. Буннан соң, сырт елли қәнигелер студентлерге сахналық көринис ҳәм кино режиссёрлық бойынша шеберлик сабағын өтти. Онда Америка Фокус киношылар мектебиниң ўәкили Мария Мусакова ҳәм басқалар сөзге шығып, кино түсиргенде нелерге итибар қаратыў керек, сценарийдиң қалай жазылыўы, қандай етип сүўретке алса тартымлы шығыўы мүмкинлиги ҳаққында толық түсиник берди.
Шеберлик сабағында студентлер көрсетпелерди тез уғып алып, сахнада өзлериниң қәбилетлерин көрсетип берди. Буны көрген сырт елли мийманлар таң қалып рахметлер айтты. Өз гезегинде АҚШтан келген мийман Джулиана Паррони студентлер менен аўдармашысы арқалы сөйлесип оларға: Сизлер маған унадыңыз, қәбилетиңиз бар екен, және де өз үстиңизде көбирек изленсеңиз келешекте үлкен актёр болып жетилисесиз, - деп сөзин жуўмақлады.
Мийманларды шығарып саларда филиал жәмәәти оларға естелик сыпатында қарақалпақтың миллий кийим-кеншеклерин саўға етти. Бул саўғаны алған қонақлар өз миннетдаршылықларын билдирди.
Ҳүрлиман
ТУРСЫНБАЕВА,
ӨзМКӨМИ Нөкис филиалы Баспасөз хаткери.