ИТИБАРЛЫЛЫҚ КӨПЛИК ЕТПЕЙДИ
Бийпәрўалықтың, немқурайдылықтың өрттиң келип шығыўына себепши болатуғынын көпшилик жағдайда жүдә кеш түсинип жетемиз. Қарақалпақстан Республикасы Өрт қәўипсизлиги басқармасы ҳәм оның орынлардағы бөлимшелериниң хызметкерлери тәрепинен өрттиң алдын алыў бойынша бир қанша илажлар әмелге асырылмақта.
Республикамыз аймағындағы барлық мәкеме, шөлкем ҳәм кәрханаларда, оқыў орынларында, мектепке шекемги билимлендириў мәкемелеринде, өзин-өзи басқарыў уйымларында пуқаралар менен ушырасып, өрттиң алдын алыў бойынша алып барылып атырған үгит-нәсият ҳәм түсиндириў жумысларына қарамастан, елеге шекем өртлердиң келип шығып атырғаны ашынарлы жағдай. Соны айтып өтиў керек, бул өртлердиң басым көпшилиги пуқаралардың турақ жайларында жүз бермекте.
Пикиримизди мысаллар менен даўам ететуғын болсақ, 2019-жылдың 24-май сәнесинде Төрткүл районы «Кўна» МПЖ 86-жайда жасаўшы пуқара У.Искендеровтың, 26-май күни Беруний районы «Абай» МПЖ турғыны Х.Уразалиевтиң ҳәм 28-май күни болса, Кегейли районы «Абат» АПЖ да жасаўшы З.Қазанбаевтың үйлеринде өрт жүз берип, үй ийелери әдеўир муғдарда зыян көрген.
Бундай кеўилсиз жағдайлардың алдын алыў, қәўип-қәтерден сақланыў ҳәр биримиздиң өз қолымызда. Солай екен, өрт қәўипсизлиги қағыйдаларын қатаң түрде сақлап, хызметкерлеримиздиң көрсетпелерин булжытпай орынласаңыз, итибарлылықты күшейтсеңиз, сонша жылдан берли жыйнап киятырған мал-мүлкиңизди, байлықларыңызды, ең тийкарғысы, өзиңизди ҳәм әтирапыңыздағыларды тилсиз жаў болған өрт бәлесинен сақлаған боласыз.
Қырағылық ҳәм итибарлылықтың ҳеш ўақытта да көплик етпейтуғынын умытпайық, әзиз заманласлар!
М.АБДИЖАМАЛОВ,
ҚР ИИМ ӨҚБ бөлимшеси инспекторы, аға сержант.