Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 15:27:05, 23.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ИСБИЛЕРМЕНЛИККЕ КЕҢ ЖОЛ

Соңғы жылларда елимизде исбилерменлик тараўына айрықша дыққат-итибар қаратылып, оны раўажландырыў экономикалық сиясаттың әҳмийетли бағдарларының бири етип белгиленди.

Халықты исбилерменликке тартыў, бәсекиликти күшейтиў, солай етип, бизнес орталықты жақсылаў бойынша бир қанша илажлар әмелге асырылмақта. «Ҳәр бир шаңарақ ­ исбилермен» бағдарламасы ар­қалы исбилерменлик пенен шуғылланыўды мақсет еткен пуқараларды қоллап-қуўатлаў нәтийжесинде жаңадан шөлкемлестирилген субъектлердиң саны көбейди. Лекин, орынларда бюрократия, дәмегөйлик ҳәм исбилерменлик жумысына тосқынлық етиў жағдайлары елеге шекем ушыраспақта.

Бул машқалаларды системалы шешиў, исбилерменлерге жәрдем бериў мақсетинде 2019-жыл 14-майда Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Исбилерменлик жумысын қоллап-қуўатлаў ҳәм қорғаў системасын түп-тийкарынан жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы Пәрманы қабыл етилди. Пәрманға муўапық, Өзбекстан Республикасы Бас министриниң Исбилерменлердиң мүрәжатларын көрип шығыў ушын қабыллаўханаларын шөлкемлестириў белгиленген. Бул арқалы исбилерменлик субъектлерин қор­ғаўдың ҳуқықый механизмлерин еле де күшейтиў, сырт елли инвесторлардың мүрәжатлары менен ислесиўди шөлкемлестириў, ашық-айдын сөйлесиўин тәмийинлеў, шешими табылмаған мәселелерди шешиў ушын өз ўақтында нызамлы шаралар көриў мақсет етип қойылған.

Бул қабыллаўханалар ашылып, Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети структурасында Бас министрдиң Исбилерменлердиң мүрәжатларын көрип шығыў қабыллаўханаларының жумысын шөлкемлестириў ҳәм муўапықластырыў секретариаты шөлкемлестирилди. Сондай-ақ, Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласында исбилерменлердиң қабыллаўханаларының ашылыўы белгилеп берилди ҳәм булар бойынша жумыслар алып барылмақта.

Қабыллаўханаларда исбилерменлерди, сырт ел инвесторларын қабыл етиў, ҳәкимликлер, Саўда-санаат палатасының исбилерменликке көмеклесиў орайлары, инвесторлар ҳәм саўда, әдиллик, салық инспекциясы, қурылыс, мәмлекетлик кадастр уйымлары, банк ҳәм басқа да шөлкемлердиң аймақлық уйымлары ўәкиллериниң қатнасыўында тас­тыйықланған кесте бойынша ҳәр күни әмелге асырылады. Егер мүрәжатларда көрсетилген нызамлы талаплар ҳәм усынысларды район ҳәм қала дәрежесинде шешиў ҳәм қанаатландырыў имканияты болмаса Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлардың Исбилерменлердиң мүрәжатларын көрип шығыў қабыллаўханаларына жибериледи. Буннан да нәтийже шықпаса, Министрлер Кабинети секретариатында, Бизнес омбудсман, Саўда-санаат палатасының ўәкилликли уйымларының қатнасыўында көриледи. Ал, бунда да шешим табыў қыйын болса, Бас министрдиң тиккелей өзи қабыллап, мүрәжатты үйренеди.

Бул пәрманның қабыл етилиўи исбилерменликке кең жол ашып, тараў жумысларының жеделлесиўине жәрдем береди деп ойлаймыз.

 А.БАЗАРБАЕВ,

Өзбекстан Республикасы Бас прокуратурасы жанындағы экономикалық жынаятларға қарсы гүресиў 

департаментиниң Қоңырат районы бөлими сорастырыўшысы, әдиллик кеңесшиси.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF