ХАЛҚЫМЫЗДЫҢ АЎЫРЫН ЖЕҢИЛЛЕТИЎ УШЫН
Соңғы жыллары елимизде «Халық мәмлекетлик уйымларға емес, ал, мәмлекетлик уйымлар халқымызға хызмет етиўи керек» деген принцип тийкарында пуқараларымыздың мүрәжатлары ҳәм турмыслық машқалаларының өз шешимин табыўда унамлы жумыслар әмелге асырылмақта.
Нөкис әскерий прокуратурасының басламасы менен Арқа-Батыс әскерий округи администрациясы менен биргеликте усы жыл май-июнь айларында республикамыздың барлық қала ҳәм районларында көшпели қабыллаў өткериў кестеси дүзип алынған еди.
Нәўбеттеги көшпели қабыллаў жақында Шымбай районында өткерилди. Онда 16 пуқараның мүрәжаты қабыл етилип, 6 мүрәжат сол жердиң өзинде жуўапкер қәнигелер тәрепинен өз шешимин тапты. Қалған 10 пуқараның мүрәжаты нызамлы тәртипте шешиў ушын қадағалаўға алынды.
Сондай-ақ, көшпели қабыллаўда жумысқа орналасыў мәселесинде жәрдем сорап мүрәжат еткен Д.Абишов ҳәм Ж.Айбазаровалар турақлы жумыс орынларына ийе болды. Соның менен бирге, турақ жай мәселеси бойынша мүрәжат еткен әскерий тараўдың нураныйы, майор, К.Разбековқа Қорғаныў министрлигиниң усы жыл 19-июнь күнги 616-санлы буйрығына тийкар Нөкис қаласынан 3 ханалы үй кредит есабынан берилетуғын болды. Болып өткен ушырасыўда Қарақалпақстан Республикасы Қорғаныў ислери бойынша басқармасы ҳәм басқа да тийисли уйымлар тәрепинен пуқараларға жасларды мүддетли әскерий ҳәм мобилизациялық шақырыў резерви хызметине шақырылыў мәселелери, әскерий тараўда жүргизилип атырған реформалар бойынша да түсиниклер берилди.
Әлбетте, өткерилип атырған көшпели қабыллаўлар халқымыздың аўырын жеңил етип, машқалаларын нызамлы тәртипте шешимин табыўда өзиниң унамлы нәтийжесин береди.
П.АКИМНИЯЗОВ,
Нөкис әскерий прокурорының жәрдемшиси, әдиллик майоры.