Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 11:38:23, 23.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

РАЙОНЛЫҚ КЕҢЕСТИҢ ГЕЗЕКСИЗ СЕССИЯСЫ

29-июнь күни халық депутатлары Мойнақ районлық кеңесиниң гезексиз отыз тоғызыншы сессиясы болып өтти.

Сессия жумысына халық депутатлары Мойнақ районлық кеңесиниң депутатлары, мәкеме, кәрхана басшылары қатнасты.

Сессияның күн тәртибинде шөлкемлестириў мәселеси көрип шығылды. Сессияда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Ерния­зов шығып сөйлеп, ҳүрметли Президентимиздиң басшылығында Мойнақ районында алып барылып атырған жумысларды айрықша атап өтти.

Бәршеңиздиң хабарыңыз бар, елимиз Президентиниң 2016-жылы Қарақалпақстан Республикасына болған дәслепки сапарынан соң Мойнақ районы турмысында үлкен жаңаланыўлар жүз берди. Яғный, соңғы еки ярым жыл ишинде бир ғана Мойнақ районы халқының социаллық турмыс шараятын жақсылаў, оларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў бойынша  арнаўлы еки қарардың қабыл етилиўи, ең баслысы Арал апатшылығын жумсартыў бойынша исленип атырған жумыслар тек ғана Өзбекстанның дыққат итибарында емес, соның менен бирге дүнья жүзилик көлемде екенлигин бүгин турмысымыздың өзи дәлиллемекте. Республикамыз басшысы мәмлекетимиз Президентиниң Мойнақ районын тиккелей өзи қоллап-қуўатлап атырған бир пайытта районда жумыслардың әсте-ақырынлық пенен жүргизилип атырғанлығын сынға алды. Сессия барысында райондағы жетискенликлер менен бир қатарда орын алып атырған кемшиликлерге ҳәм алда турған ўазыйпаларға кең түрде тоқтап өтти. Соның менен бирге басшы кадрлардың терең билими, жоқары шөлкем­лес­тириўшилик уқыбы, халық пенен тығыз байланыста болыўы әҳмийетли орын ийелейтуғынлығын да атап өтти. Буннан соң, Мойнақ районы ҳәкими лаўазымына Еденбаев Ерполат Измуратовичтиң кандидатурасын усыныс етти. Бул усынысты 12-санлы «Емлеўхана» сайлаў округинен депутат Ж.Дәўлетова, «Нураный» қорының Мойнақ районлық кеңеси баслығы Ж.Жүсипов, «Таллыөзек» мәкан пуқаралар жыйынының баслығы Б.Отамбетовалар қоллап-қуўатлап шығып сөйледи.

Сессияда Еденбаев Ерполат Измуратович Мойнақ районы ҳәкими етип тасты­йықланды.

Буннан соң Мойнақ ра­йоны ҳәкими Ерполат Еденбаев сөзге шығып, өзине билдирилип атырған жоқары исенимди ақлаўға, бар билим ҳәм тәжирийбесин районды социаллық-экономикалық жақтан раўажландырыўға жумсаўға таяр екенлигин билдирди.

С.ЖАНИЕВ.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF