ЖАСЛАР АЙЛЫҒЫНДА ЖАҢА БАСЛАМАЛАР
Өзбекстан Жаслар аўқамы тәрепинен июнь айы «Жаслар айлығы» деп жәрияланды. Ҳәзирги ўақытта барлық орынларда ҳәр қыйлы жойбарлар, илажлар әмелге асырылмақта.
Биз усы айлық шеңберинде республикамызда әмелге асырылып атырған жумыслар барысы бойынша Өзбекстан Жаслар аўқамы Қарақалпақстан Республикалық Кеңесиниң баспасөз хаткери Индира Мәмбетназаровадан төмендегише мағлыўмат алдық.
Жаслар — келешегимиз. Ҳүрметли Президентимиз атап айтқанындай, ҳақыйқатында да бүгинниң жаслары ертеңги күн ийелери. Сонлықтан елимизде жаслар ушын имканиятлар шексиз.
Бүгинги күнде дүнья халықларының 20 процентин жаслар қурайды. Өзбекстанда болса, бул көрсеткиш 60 проценттен асады.
Жаслардың бос ўақытларын мазмунлы өткериў, оларды келешекке бағдарлаў, ойлап табыўшылық, излениўшилик қәбилетлерин жүзеге шығарыў, талантларын және де раўажландырыў барысында Өзбекстан Жаслар аўқамы Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси тәрепинен бир қанша көлемли илажлар әмелге асырылмақта. Соңғы жылларда мәмлекетимизде жаслардың ҳуқық ҳәм миннетлерин қорғаў бойынша беккем ҳуқықый база жаратылды. Әмелге асырылып атырған илажлар елимизде жасларға болған дыққат-итибардың айқын дәлили.
Мәмлекетимизде ҳәр жылы «Жаслар күни»н жоқары дәрежеде шөлкемлестириў ҳәм өткериў дәстүрге айланбақта. Усы жылдың июнь айы «Жаслар айлығы» деп белгилениўинде де үлкен мәни бар. Айлық шеңберинде елимиздиң барлық аймақларында айқын әмелий илажлар, жойбарлар әмелге асырылмақта.
Усы жылдың дәслепки күнлеринен баслап қала ҳәм барлық районларымызда әмелий илажлар, таңлаў ҳәм фестиваллар старт алды. Атап айтқанда, Елликқала районында 3 жас шаңараққа район ҳәкими С.Әўезов тәрепинен «Жаслар үйи» салтанатлы тапсырылды.
«Жаслар — келешегимиз» мәмлекетлик бағдарламасы тийкарында жаңадан ашылған «Тигиўшилик» жойбары ушын акционерлик коммерциялық «Халық банки»ниң Қарақалпақстан Республикасы Елликқала районлық филиалы тәрепинен қурылыс материаллары ушын 400 миллион сум ҳәм тигиў машиналарын алыў ушын 345 миллион, жеңиллетилген кредит қаржылары ушын 520 миллион сум ажыратылған еди. «Жаслар айлығы» шеңберинде усы тигиўшилик цехының ашылыў мәресими болып өтти.
Пайтахтымыздағы әжайып дем алыў орынларында сейилге шыққан пуқараларымыз, әсиресе, жасларымызға Жаслар аўқамы Нөкис қалалық Кеңеси тәрепинен 30-июнь — «Жаслар күни» мүнәсибети менен арнаўлы стикер, брошюралар тарқатылмақта. Бәршеге байрам кейпиятын бағышлап атырған белсенди жаслар «Жаслар күни»н үлкен қуўаныш пенен күтип алыў ҳәм өткериў илажлары қызғын мәҳәлде.
Халықаралық Донорлар күни мүнәсибети менен «Жаслар айлығы» шеңберинде Жаслар аўқамы Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси ҳәм Нөкис қалалық Кеңеси, Жаслар орайы қәнигелери, оқыў орынларындағы басланғыш шөлкем жетекшилери Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги республикалық қан қуйыў станциясында емленип атырған наўқас балалар ушын «Жақсылық әлбетте қайтады» ураны астында жәми 90 нан аслам жас кеўиллилер бийғәрез қан тапсырды. Және де усы атамадағы акция Шоманай районында да 22 кеўилли жаслар тәрепинен әмелге асырылды.
Шымбай районы «Темиржол» мәҳәлле пуқаралар жыйыны аймағында Жаслар аўқамы Шымбай районлық Кеңеси ҳәм район прокуратурасы менен биргеликте «Китаплар әлеми» атлы көше китапханасы ашылды. Ҳәзир бул китапханаға 100 дана әдебий китаплар жәмленди. Бул китапхана жасларды бос ўақытларында китап оқыўға бағдарлаўда үлкен әҳмийетке ийе.
Жаслар аўқамы Кегейли районлық Кеңеси тәрепинен «Жас китапқумар» таңлаўының 2018-жыл жеңимпазы Нурсулыў Қоқанованың қатнасыўында «Китапқумарлық викторинасы» болып өтти.
Аўқамның қалалық ҳәм районлық Кеңеслери тәрепинен «Жаслар келешегимиз!» сүрени астында «Жаслар кубоги» спорт жарыслары, «Бизнес саяхат»лар, «Dance Shou» фестивалы, «Көркем өнер кеўиллерди жарытады» асфальтқа сүўрет салыў таңлаўлары, әскерлер менен әҳмийетли 5 баслама бойынша үгит-нәсият жумыслары шөлкемлестирилмекте.
Улыўмаластырып айтатуғын болсақ, алдағы ўақытлары да жаңа жойбарлардың әмелге асырылыўы режелестирилмекте. Ертеңги «Жаслар күни»н жоқары дәрежеде өткериў ушын таярмыз.
Жазып алған:
Г.ҚАЛБАЕВА,
ҚМУ журналистика тәлим бағдарының 1-курс студенти.