Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 10:15:40, 01.05.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ӨРТТИҢ АЛДЫ АЛЫНБАҚТА

2019-жылғы балалардың жаз мәўсимин шөлкемлескенлик пенен өткериў мақсетинде республикамыздағы саламатластырыў демалыс орынлары хызметкерлери ушын семинар шөлкемлестирилди.

Усы семинар қатнасыўшыларына жаз мәўсиминде балалардың демалыс орынларында ҳәр қыйлы аянышлы ўақыялардың алдын алыў, соның менен бирге өрт қәўипсизлигин тәмийинлеў бойынша ислеп шығылған методикалық қолланба, плакат, буклетлер тарқатылды. Мәўсим даўамында өрт қәўипсизлигин тәмийинлеў темасына байланыслы реңли паннолар орнатылды.

Өрт қәўипсизлиги басқармасының хызметкерлери тәрепинен усы жылдың май айында қала ҳәм районларда жайласқан 10 стационар ҳәм 50 күндизги дем алыс орынларында тексериў ҳәм өрт профилактика илажлары өткерилип, жол қойылған кемшиликлерди сапластырыў бойынша усыныслар берилди. Буннан тысқары усы кемшиликлерди қай дәрежеде орынланғанын үйрениў мақсетинде өрт қәўипсизлиги хызметкерлери тәрепинен бүгинги күндеги өртке қарсы жағдайы қайта үйренип шығылды.

Бүгинги күнде демалыс орынларындағы 9 ҳәўизлерге суў толтырылып, оларға орнатылған 5 өрт өшириў насослары, 8 дана ишки өрт өшириў үскенеси оңланды.

Демалыс орынларында жумыс ислеўши хызметкерлер ҳәм балалар менен өрттиң алдын алыў бойынша гүрриңлесиў ҳәм қызықлы викторина, конкурслар өткерилип, түсиндириў профилактика жумыслары алып барылмақта.

М.СЕЙДУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан Республикасы Өрт қәўипсизлиги басқармасы баслығының орынбасары,

подполковник.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF