Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 12:05:13, 23.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ҚӘЎИПСИЗЛИК ИЛАЖЛАРЫ КӨРИЛМЕКТЕ

«Ғәлле 2019» мәўсими алдынан өрт қәўипсизлигин тәмийинлеў мақсетинде Республика аймағында жайласқан 5 дәнди қайта ислеў кәрханалары ҳәм оларға қараслы 16  дән қабыллаў шақапшаларының өртке қарсы жағдайы үйренип шығылды.

Үйрениўлер ўақтында усы орынларда өрт қәўипсизлиги жөнелиси бойынша анықланған кемшиликлер сапластырылды ҳәм де усы объектлерде ислеўши исши-хызметшилер менен өрттиң алдын алыў бойынша түсиндириў профилактика жумыслары алып барылмақта.

Јәлле орым-жыйымына қатнасатуғын 190 комбайнлар биринши дәрежели өрт өшириў қураллары менен толық тәмийинленди. Комбайнлардың өрт шығыў қәўпи жоқары болған агрегат ҳәм қурылмаларын, электр сымларындағы насазлықларды орынлардағы машина трактор парки қәнигелери тәрепинен сапластырыў илажлары көрилиўи қадағалаўға алынып, бул бойынша комбайн операторлары менен түсиник жумыслары алып барылды.

 Сондай-ақ,  кәрхана ҳәм шақапшаларда 13 мәрте оқыў ҳәм 5 мәрте шынығыўлар өткерилди. Бул орынларда бар болған 23 дана өртке қарсы суў ҳәўизи, 11 дана жер асты суў алғыш (гидрант)ларының техникалық жақтан сазлығы тексерип шығылды.

Түйекленген ғәллени тасыў ушын қатнасатуғын 584 дана жүк автомобильлери ҳәм 751 дана тиркемели тракторлардың мәўсимге таярлығы үйренип шығылып, олар ҳәзирги күнде ғәлле майданларында хызмет алып бармақта.

Әҳмийетли орым-жыйым мәўсими даўамында өрт қәўипсизлиги қағыйда талапларына әмел етилиўин үгит-нәсиятлаў мақсетинде Өрт қәўипсизлиги хызмети тәрепинен 2 түрдеги жәми 29500 дана еслетпе ҳәм көрсетпелер, 39 дана панно-плакатлар ислеп шығылып, шақапшаларға илдирип қойылды.

 

Ж.Пиржанов,

Қарақалпақстан Республикасы Өрт қәўипсизлиги басқармасының аға инженери, капитан.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF