ЭНЕРГИЯ РЕСУРСЛАРЫНАН МАҚСЕТЛИ ПАЙДАЛАНАЙЫҚ
елимизде экономика ҳәм социаллық тараўда энергияның нәтийжелилигин арттырыўға байланыслы жойбарлар режелестирилип, бир қатар илажлар әмелге асырылмақта.
Атап айтқанда, 2019-жыл 21-май күни «Қайта тиклениўши энергия дереклеринен пайдаланыў ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасының Нызамы қабыл етилди.
Әҳмийетли ҳүжжетте усы тараўдағы мәмлекетлик сиясаттың тийкарғы бағдарлары тийисли уйымлардың ўәкилликлери, энергия ҳәм қайта тиклениўши дереклердиң қурылмаларын ислеп шығарыўшылардың ҳуқық ҳәм миннетлемелери, ресурслар, ислеп шығарылатуғын энергия ҳәм қурылмалардың мәмлекетлик есабы, техникалық жақтан тәртипке салыў, стандартластырыў ҳәм муўапықлығын баҳалаў тәртиби белгиленди.
Мәмлекет бул тараўдың раўажланыўын жеңиллик ҳәм преференциялар менен қоллап-қуўатлайды. Атап айтқанда, қайта тиклениўши энергия дереклеринен энергия ислеп шығарыўшылар бул дереклердиң қурылмаларын (номинал қуўатлылығы 0,1 МВт ҳәм оннан зыят болған) орнатқанлығы ушын мал-мүлк салығын төлеўден ҳәм де усы қурылмалар менен бәнт болған участкалар бойынша жер салығын төлеўден, олар пайдаланыўға тапсырылған пайыттан баслап, 10 жыл мүддетке, сондай-ақ, қайта тиклениўши энергия дереклерин ислеп шығарыўшылар мәмлекетлик дизимнен өткерилген күннен баслап 5 жыл мүддетке салықтың барлық түрлерин төлеўден азат етиледи. Буннан тысқары, әмелдеги энергетика ресурслары тармақларынан толық үзип қойылған жасаў ушын мөлшерленген орынларда қайта тиклениўши энергия дереклеринен пайдаланыўшы (энергия тәмийнаты кәрханасының мағлыўматнамасы менен тастыйықланады) шахслар ийелигиндеги мал-мүлктен қайта тиклениўши электр дереклеринен пайдаланылған айдан 3 жыл мүддетке физикалық шахсларға мал-мүлк салығы салынбайды.
Пайдаланылыўы энергия нәтийжелилигин салмақлы түрде арттыратуғын қайта тиклениўши энергия дереклериниң қурылмаларын импортқа шығарыў ўақтында юридикалық ҳәм физикалық шахсларға салықлар ҳәм де бажыхана бажыларына тийисли жеңилликлер берилиўи мүмкин.
Қайта тиклениўши энергия дереклеринен ислеп шығарылатуғын электр энергиясына тийисли тарифлер таңлаў саўдалары тийкарында белгиленеди. Тутыныўшылар ушын оларды қәлиплестириўде барлық ислеп шығарыў дереклеринен, атап айтқанда, қайта тиклениўши энергия дереклеринен электр энергиясын сатып алыў бойынша барлық қәрежетлер есапқа алынады.
«Қайта тиклениўши энергия дереклеринен пайдаланыў ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасының Нызамы өндирис кәрханалары ҳәм исбилерменлерге қолайлы шараятлар жарататуғын ҳүжжет болып табылады.
С.АЯПОВ,
«Ўзэнергоинспекция»ның Қарақалпақстан Республикасы аймақлық бөлиминиң аға инспекторы.