Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 12:46:02, 23.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ӨЗБЕКСТАН РЕСПУБЛИКАСЫ ПРЕЗИДЕНТИ ЖАНЫНДАҒЫ МӘМЛЕКЕТЛИК БАСҚАРЫЎ АКАДЕМИЯСЫНДА БАСҚАРЫЎ  КАДРЛАРЫН ТАЯРЛАЎ, ҚАЙТА ТАЯРЛАЎ ҲӘМ МАМАНЛЫҒЫН АРТТЫРЫЎ СИСТЕМАСЫН ЖЕТИЛИСТИРИЎГЕ БАЙЛАНЫСЛЫ ҚОСЫМША ИЛАЖЛАР ҲАҚҚЫНДА

Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 8-августтағы «Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Мәмлекетлик басқарыў академиясында басқарыў кадр­ларын таярлаў, қайта таярлаў ҳәм маманлығын арттырыў системасын буннан былай да раўажландырыў илажлары ҳаққында»ғы ПП-5139-санлы Пәрманына муўапық, сондай-ақ, басқарыў кадрларын таярлаў, қайта таярлаў ҳәм маманлығын арттырыў системасын буннан былай да раўажландырыў, мәмлекетлик ҳәм хожалық басқарыў уйымларында кадрлар менен тәмийинлеў дәрежесин күшейтиў мақсетинде:

  1. а) 2019-2020-оқыў жылынан баслап:

Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Мәмлекетлик басқарыў Академиясында (кейинги орынларда — Академия) басқарыў кадрларын таярлаў мәмлекетлик, хожалық ҳәм жәмийетлик басқарыўдың талап етилген ҳәм перспективалы бағдарлары бойынша грант және төлем-контракт тийкарларында, өндиристен ажыратылған ҳалда бир жыллық ҳәм өндиристен ажыратылмаған ҳалда еки жыллық магистратураның билимлендириў бағдарламалары бойынша әмелге асырылатуғыны ҳәм мәмлекетлик үлгидеги диплом тапсырылатуғыны;

Академия магистратурасына ҳәм қайта таярлаў курсларына қабыл етиў тек ғана мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымлары, мәмлекетлик шөлкемлер, хожалық басқарыў уйымлары ҳәм республикалық мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер тәрепинен усынылған шахслар арасынан, орынларда талабанларды бирлемши етип таңлап алыў ҳәм кейин ала Академияда тест сынақлары ҳәм сәўбет өткериў жолы менен таңлаў тийкарында әмелге асырылатуғыны;

Академияның магистратурасы қайта таярлаў курслары тыңлаўшыларына талабанлар ушын қойылатуғын талаплар Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары менен тастыйықланатуғыны;

б) Академияның магистратурасы ҳәм қайта таярлаў курс­ларының питкериўшилерин басшы лаўазымларға бөлис­тириў илажларын әмелге асырыў Өзбекстан Республикасы Президенти кеңесгөйлериниң бөлимлери тәрепинен Өзбекстан Республикасы Президенти Администра­циясы басшылығының улыўма муўапықластырыўы астында әмелге асырылатуғыны;

в) басқарыў кадрларының маманлығын арттырыў курс­лары алдынғы сырт ел тәжирийбесин есапқа алған ҳалда әмелге асырылатуғыны ҳәм инновациялық мәмлекетлик басқарыў, стратегиялық режелестириў ҳәм прогнозластырыў (foresight), мәмлекетлик хызметлерди жетилистириў, ақыллы басқарыў ҳәм цифрластырыў тараўындағы оқыў бағдарламаларын өз ишине алатуғыны белгилеп қойылсын.

  1. Академия тәрепинен мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымлары, мәмлекетлик шөлкемлер, хожалық басқарыў уйымлары ҳәм республикалық мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлериниң басқарыў кадрларына болған ағымдағы ҳәм перспективадағы талаплары тийкарында Академияға 2019-2020-оқыў жылы ушын қабыллаў квоталары қәлиплестирилгенлиги мағлыўмат ушын қабыл етилсин.
  2. 2019-2020-оқыў жылы ушын қабыллаў квоталары:

1-қосымшаға муўапық, өндиристен ажыратылған ҳалда «Мәмлекетлик басқарыў» қәнигелиги бойынша Академияның магистратурасы ушын 90, соның ишинде, мәмлекетлик грантлар тийкарында — 36 ҳәм төлем-контракт тийкарында — 54;

2-қосымшаға муўапық, өндиристен ажыралмаған ҳалда «Мәмлекетлик басқарыў» қәнигелиги бойынша Академияның магистратурасы ушын 30, соның ишинде, мәмлекетлик грантлар тийкарында — 12 ҳәм төлем-контракт тийкарында — 18;

3-қосымшаға муўапық, өндиристен ажыратылған ҳалда «Мәмлекетлик басқарыў» қәнигелиги бойынша Академия басқарыў кадрларын қайта таярлаў курслары ушын 60, соның ишинде, мәмлекетлик грантлар тийкарында — 24 ҳәм төлем-контракт тийкарында — 36;

4-қосымшаға муўапық, өндиристен ажыралмаған ҳалда «Мәмлекетлик басқарыў» қәнигелиги бойынша Академия басқарыў кадрларын қайта таярлаў курслары ушын 90, соның ишинде, мәмлекетлик грантлар тийкарында — 36 ҳәм төлем-контракт тийкарында — 54 етип белгиленсин.

  1. Академияның ректорына талабанлардың жуўмақлаўшы баҳасын есапқа алған ҳалда Академияға қабыл етиў параметрлерине белгиленген улыўма квоталар шеңберинде өзгерислер киргизиў ҳуқықы берилсин.
  2. Академияның магистратурасы ҳәм басқарыў кадрларын қайта таярлаў курсларына мәмлекетлик грантлар тийкарында қабыл етилген шахслардың билим алыўы Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджет қаржылары есабынан әмелге асырылыўы белгиленсин.
  3. Академия мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте еки ай мүддетте Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине:

а) төмендегилерди нәзерде тутатуғын нормативлик-ҳуқықый ҳүжжет жойбарын:

басқарыў кадрларының маманлығын арттырыў системасын буннан былай да жетилистириў;

министрликлер ҳәм уйымлардың өзгешеликлеринен келип шыққан ҳалда маманлығын арттырыў курсларының кеминде 30 оқыў бағдарламаларын ислеп шығыў;

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Қәнигелерди сырт елде таярлаў ҳәм ўатанласлар менен диалог бойынша «Эл-юрт умиди» қорында мәмлекетлик уйымлардың талаплары тийкарында сырт мәмлекетлерде оқытыў ушын перспективалы кадрлардың мағлыўматлар базасын жаратыў;

б) нызам ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққындағы усынысларды киргизсин.

  1. Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Президентиниң кеңесгөйлери Р.С.Қосимовқа ҳәм У.С.Исмаиловқа жүкленсин.

     

        Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ.

        Ташкент қаласы, 2019-жыл 27-июнь.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF