Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 04:00:48, 27.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ФЕРҒАНА  ҚАРАҚАЛПАҚЛАРЫНА ТУЎЫСҚАНЛЫҚ  САЎҒАЛАР

Усы жылы  22-июнь күни Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң баслығы Муса Тажетдинович Ерниязовтың басламасы менен  Ферғана ўәлаяты  Язаван  районындағы «Текели» мәкан пуқаралар жы­йынында жасаўшы қарақалпақ аўылына бир топар илим, әдебият, мәденият ҳәм көркем өнер ғайраткерлериниң қатнасыўында дөретиўшилик сапар шөлкемлестирилип, туўысқанлық мәдений байланыслар жасалды.

Ферғана ўәлаяты халық қабыллаўханасында республикамыз  топар басшыларынан Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы  Даўыт Қурбаниязов, республика жазыўшылар Аўқамы баслығы, Қарақалпақстан халық шайыры К.Каримов, Қарақалпақстан халық  жазыўшысы  М.Нызанов, Қаракалпақстан халық ша­йыры Х.Дәўлетназаров, Өзбек­станға мийнети сиңген  мәденият хызметкери Б.Генжемуратов, тарийхшы илимпазлардан О.Юсупов Ж.Айтмуратов, М.Қарлы­баев, Қарақалпақстан Республикасы мәденият министриниң орынбасары А.Нийетуллаев қатнасыўында ушырасыў болып өтти. Ушырасыўда Ферғана ўәлая­ты ҳәкими орынбасары Файзулла Садуллаевич Қасымов, Ферғана ўәлаяты  нураный қоры баслығы Энажан Сиддикова, «Ферғана таълими хабарлари» газетасы редакторы Толибжон Носиров, илимпазлардан Ферғана мәмлекетлик университети профессорларынан Юлдаш Салижанов, Сиддиқ Мумин қатнасыўында дөретиўшилик пикир   алысыўлар болып өтти.

Әсиресе, бул жерде дөретиўши жазыўшы ҳәм ша­йырлар ортасындағы өз шығармаларын саўға етиўи миллий әдебиятымыз жаңалықларына үлкен қызығыўшылық оятты.Ушырасыўдан кейин  Марғилан  қаласы әскерий мәденият үйинде республикамыз көркем өнери шеберлериниң  қатнасыўындағы концерт бағдарламасы үлкен қызығыўшылық  оятты. Күнниң екинши ярымында Язаван районы «Текели» мәкан пуқаралар жы­йынында жасаўшы қарақалпақ аўылында қарақалпақша ақ отаў  тигилип,  усы ел пуқараларына республикамыз атынан саўға етилди. Усы жерде мәкан пуқаралар жыйыны нураныйлары менен ушырасыўлар болып, ақ отаў алдында  жасы үлкен ағалар ҳәм апаларға қарақалпақ  халкының миллий шапаны ҳәм ҳаял-қызлар ушын миллий кийимлер саўға етилди.  Бәрше жыйналған халық алдына топар басшысы Д.Қурбаниязов тәрепинен саўға етилген Қарақалпақ ақ отаўына еки қарақалпақ миллий ала мойнақ дуўтарының берилиўи жыйнал­ғанлар кеўилине заўық бағышлады.

Қарақалпақстан халық  жазыўшысы  Муратбай Нызанов, Қарақалпақстан халық шайырларынан Кеңесбай Каримов, Халила Дәўлетназаров ҳәм Б.Генжемуратов соңғы  жылларда жәрияланған шығармаларын, «Әмудәрья»  журналының бир неше санларын саўға етиўи, сондай-ақ,  Өзбекстан Илимлер Академиясы Қарақалпақстан бөлими  гуманитар илим-изертлеў институты директоры орынбасары М.Қарлыбаев тәрепинен «Қарақалпақ фольклорының 100 томлығы»ның тапсырылыўы, тарийхшы илимпазлардан О.Юсупов ҳәм Ж.Айт­муратовлар тәрепинен  Қарақалпақстан тарийхы  ҳәм мәдениятына ти­йисли илимий мийнетлердиң саўға етилиўи- «Усы жерде жаңадан ашылып атыр­ған  музейдиң тийкарғы экспонатлары болып хызмет ететуғынын ўәлаят орынбасары Файзулла Қасымов үлкен қуўаныш пенен билдирди». 

Усы күни кешки ўақытта «Текели» мәкан пуқаралар жыйынында өткерилген «Дослық фестивалы»нда қарақалпақ көркем өнер ғайраткерлериниң атқарыўында Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстанға хызмет көрсеткен артист Б.Каримова ҳәм бақсы жыраўлардан Қарақалпақстан халық бақсысы Г.Алламбергенова, М.Өтемуратов ҳәм «Айқулаш жулдызлары» ансамбли  қатнасыўындағы концерт ол жердеги тыңлаўшылардың кеўлин елжиретти.

Бир күнлик ушырасыў барысында   биз усы жердеги аўыл ақсақаллары ҳәм Қ35-санлы мектеп басшылары менен пикирлескенимизде «Текели» мәкан пуқаралар жыйыны  баслығы бол­ған, ҳәзир ҳүрметли нураный Неъматжон Норқулов «Бизлер менен ең дәслеп 1987-жылы туўысқанлық байланыс орнатқан жазыўшы ҳәм шайырлардан Шәригүл Файзуллаева ҳәм Алпысбай Султановлардың хызметин жоқары баҳалады». Ҳәттеки, бул жерде жасаўшы ел ағалары келешекте жасларды усы жақта жоқары оқыў орынларында оқытыў ҳәм қуда тамыр болыў тилеклерин билдирди. Мен концерт жуўмақ­лан­ғаннан кейин Низомиддин Неъматуллаев  пенен  ушырасып, «Сиз ата-бабаларыңыздың  шежиресин билесизбе»-деп сорадым, ол маған паспортындағы «Қарақалпақ» деген жазыўды көрсетип, — «миллетим қарақалпақ, урыўым қыпшақ» - деп  жети атасына шекем жазылған бабаларының  исмин көрсетти. Низомиддин ағаның бул мағлыўматынан кейин, Лада Сергеевна Толстова тийкар салған «Жоқарғы Қарақалпақлар»илимий экспеди­циясын қайта шөлкемлестириў зәрүр екен деген жуўмаққа келдик.

Бул өткерилген илажлар түби бир түркий халықлар ортасындағы дослық туўыс­қанлық байланыслардың жаңа қәдеми болды.

Жалғас Айтмуратов.

ҚМУ доценти.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF