Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 11:47:11, 23.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

АЎЫЛ  ХОЖАЛЫҒЫНДА  ЖЕР  ҲӘМ СУЎ  РЕСУРСЛАРЫНАН НӘТИЙЖЕЛИ  ПАЙДАЛАНЫЎ  ИЛАЖЛАРЫ  ҲАҚҚЫНДА

Өзбекстан Республикасы Президентиниң пәрманы

Ҳәзирги күнде аўыл хожалығында 20 миллион гектардан аслам, соның ишинде, 3,2 миллион гектар суўғарылатуғын егислик жер майданларынан пайдаланып, халықтың талабы ушын азық-аўқат өнимлери, экономика тармақлары ушын зәрүр шийки зат жетистирилмекте.

Суўғарылатуғын жерлердиң өнимдарлығын арттырыў, мелиоративлик жағдайын ҳәм суў менен тәмийинлениўин жақсылаў мақсетинде мәмлекетлик бағдарламалар шеңберинде кең көлемли ирригация және мелиорация илажлары әмелге асырылмақта.

Нәтийжеде 2008-2017-жыллар даўамында 1,7 миллион гектардан аслам суўғарылатуғын жерлердиң суў менен тәмийинлениўине ҳәм 2,5 миллион гектар жерлердиң мелиоративлик жағдайының жақсыланыўына ерисилди.

Бирақ, глобаллық климаттың өзгериўи нәтийжесинде кейинги жылларда периодлық түрде бақланып атырған суўдың жетиспеўшилиги ҳәм ишки ирригация тармақларының тийкарғы бөлеги жарамсыз жағдайға келгени себепли суўғарылатуғын егислик жерлердиң мелиоратив жағдайы төменлеўине ҳәм жыллар даўамында  пайдаланыўдан шығып кетиўине алып келген.

Республикада жыллар даўамында ирригация ҳәм мелиорацияның жағдайының төменлеўи нәтийжесинде пайдаланыўдан шығып кеткен жерлерди басқышпа-басқыш қайта пайдаланыўға киргизиў, жер асты суў резервлеринен нәтийжели пайдаланыў, суўды үнемлейтуғын технологияларды енгизиў ҳәм ишки ирригация тармақларын реконс­трукциялаў арқалы суўды жоғалтыўды азайтыў, сондай-ақ, бул жумысларда потенциаллы инвесторлардың қатнасыўын тәмийинлеў мақсетинде:

  1. Төмендегилер:

Аўыл хожалығында жер ҳәм суў ресурсларынан нәтийжели пайдаланыў концепциясы (ке­йинги орынларда — Концепция) 1-қосымшаға муўапық;

Аўыл хожалығында жер ҳәм суў ресурсларынан нәтийжели пайдаланыў концепциясын әмелге асырыў  бойынша «Жол картасы» 2-қосымшаға муўапық;

2020-2030-жылларда аўыл хожалығы жерлеринен пайдаланыў нәтийжелилигин арттырыў бойынша әмелге асырылатуғын илажлардың прогноз көрсеткишлери 3-қосымшаға муўапық;

2019-2022-жыллар даўамында аўыл хожалығы жерлеринде суўды үнемлейтуғын технологияларды енгизиўдиң прогноз көрсеткишлери 4-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.

  1. Аўыл хожалығында жер ҳәм суў ресурсларынан нәтийжели пайдаланыў концепциясын әмелге асырыў шеңберинде халықаралық финанс институтлары менен бирге ислесиў ҳәм мәмлекетлик-жеке меншик шерикликти енгизиў бойынша жумысшы топар (кейинги орынларда — Жумысшы топар) 5-қосымшаға муўапық қурамда тастыйықлансын.

Жумысшы топар (Ж.А.Қўчқоров, А.Ж.Ваҳабов, Ж.А.Ходжаев)ға:

халықаралық финанс институтларын тартқан ҳалда эксперимент тәризинде 2019-жылы Наманган ўәлаятының Пап ҳәм Мыңбулақ районларында Концепцияны әмелге асырыў тәжирийбесин жаратыў;

эксперимент нәтийжелери тийкарында 2019-жыл 1-ноябрьге шекем Концепцияны әмелге асырыў тәжирийбесин басқа да аймақларда енгизиў, соның ишинде, жер ҳәм суўдан пайдаланыў тараўында мәмлекетлик-жеке меншик шерикликтиң анық шәртлерин, қосымша жеңилликлер, айрықша кредит линияларын ҳәм пайдаланыўға киргизилген жер және суўдан пайдаланыў тәртибин нәзерде тутатуғын Ҳүкимет қарары жойбарын ислеп шығыў ҳәм Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине киргизиў тапсырылсын;

зәрүрликке бола, усы Пәрманның 2-4-қосымшаларында белгиленген мүддетлер ҳәм аймақларды өзгертиў және оларға қосымшалар киргизиў ҳуқықы берилсин.

  1. Концепцияны әмелге асырыў шеңберинде ирригация-мелиорация тармақларын тиклеў, реконструк­циялаў, суўды үнемлейтуғын технологияларды енгизиў ҳәм суўсызлыққа шыдамлы егинлерди егиў арқалы пайдаланыўға киргизиў ушын инвестициялық шәртнама ямаса мәмлекетлик-жеке меншик шериклик тийкарында 50 жыл­ға шекем болған мүддетке:

аўыл хожалығында пайдаланыўдан шығып кеткен суўғарылатуғын жерлер, сондай-ақ, суўғарылатуғын ҳәм тоғай фонды жерлери — Өзбекстан Республикасы пуқаралары ҳәм аўыл хожалығы кәрханаларына;

жайлаў, боз, көп жыллық тоғайлар ҳәм басқа да жерлер Өзбекстан Республикасы пуқараларына, аўыл хожалығы кәрханаларына, сондай-ақ, Өзбекстан Республикасының резиденти болған инвесторларға берилетуғыны белгиленсин.

  1. Концепцияны әмелге асырыў шеңберинде жер майданларын пайдаланыўға киргизиўде:

жерден пайдаланыўшыларға аўыл хожалығы егинлерин еркин жайлас­тырыў, жерди қайта ислемей егин егиў ҳәм жерлерди екилемши ижараға бериў ҳуқықы бериледи;

бул жер майданлары оптимал­ластырылмайды, жер участкасы ямаса оның бир бөлеги мәмлекет ҳәм жәмийеттиң талаплары ушын алып қойылыўына жерден пайдаланыўшының  келисими тийкарында жумсалған қаржылардың базар баҳасы және алып қойыў себепли келтирилген зыянның орны толық түрде қапланғаннан кейин ғана рухсат бериледи;

усы жер майданларында  қурылатуғын инфраструктуралық объект­лерди (атыз шертеги, өнимлер сақланатуғын қоймаханалар, суўғарыў қурылмалары ҳәм басқалар) жай­ластырыўға рухсат бериледи;

жерден пайдаланыўшылардың талаплары ушын алып келинетуғын ҳәм республикада ислеп шығарылмайтуғын шийки зат, материаллар, техника, әсбап-үскенелер, аўысық бөлеклер Министрлер Кабинети тәрепинен белгиленген тәртипте төлемлер (қосымша қун салығынан тысқары) төлеўден азат етиледи;

нызамшылықта белгиленген жеңиллетилген дәўир жуўмақланғаннан кейин жаңадан пайдаланыўға киргизилген жер участкасына қарағанда 10 жыл даўамында усы жер участкасы пайдаланыўға киргизилгенге шекем белгиленген салық ставкалары қолланылады.

инвестициялық шәртнама ямаса мәмлекетлик-жеке меншик шериклик ҳаққындағы келисимде нәзерде тутылған жағдайларда Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджети қаржылары есабынан ҳәр бир гектар аўыл хожалығына мөлшерленген жерди пайдаланыўға киргизиўге байланыслы қәрежетлердиң 50 проценти,  бирақ, базалық есаплаў муғдарының 50 есесинен артпаған бөлеги қаплап бериледи;

инвестициялық шәртнама ямаса мәмлекетлик-жеке меншик шериклик ҳаққындағы келисимде нәзерде тутылған жағдайларда Өзбекстан Республикасы Минис­трлер Кабинети жанындағы Исбилерменлик жумысын раўажландырыўды қоллап-қуўатлаў мәмлекетлик қорының қаржылары есабынан жерлерди суў менен тәмийинлеў системаларын қурыў, реконс­трукциялаў ушын тартылған кредитлердиң бир гектар есабынан 40 миллион сумнан артпайтуғын бөлегине коммерциялық банк­лер тәрепинен белгиленген процент ставкасының 5 процентлик пункти қаплап бериледи;

жер майданлары инвестициялық шәртнама ямаса мәмлекетлик-жеке меншик шериклик ҳаққындағы келисимге қол қо­йылғаннан кейин нызам ҳүжжетлеринде ўәкиллик берилген мәмлекетлик уйым(лаўазымлы шахс)ның қарарына тийкарланып ажыратып бериледи.

  1. Сондай тәртип орнатылсын, оған муўапық:

суўғарылатуғын аўыл хожалығы жерлери арнаўлы қорғаўға алынып, бул жерлерди аўыл хожалығынан бас­қа да мақсетлерге, соның ишинде, санаат ҳәм пуқаралық объектлер (имаратлар ҳәм объектлер) қурылыўы ушын ажыратылыўына жол қойылмайды, Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары менен ажыратылатуғын жерлер буған кирмейди;

аўыл хожалығынан басқа мақсетлерде пайдаланыў ушын алып қо­йылатуғын суўғарылатуғын жерлер ушын компенсация төлеми, алып қойылатуғын жер майданлары жайласқан орынларды есапқа алатуғын коэффициентлер  қолланылмаған ҳалда, тап усындай жаңа жерлерди өзлестириў ушын талап етилетуғын қаржының 10 есеси, суўғарылмайтуғын жерлер ҳәм суўғарылмайтуғын көп жыллық дарақлар менен қоршалған жерлер, қамыслықлар ҳәм жайлаўлардың жағдайын түп тийкарынан жақсылаўға байланыслы қәрежетлердиң 20 есеси муғдарында есапланады.

Онда суўғарылатуғын жерлер ушын компенсация төлеминиң 90 проценти, суўғарылмайтуғын жерлер ҳәм суўғарылмайтуғын көп жыллық дарақлар менен қоршалған жерлер, қамыслықлар ҳәм жайлаўлар ушын компенсация төлеминиң 95 проценти Республика бюджетине ҳәм сәйкес түрде 10 ҳәм 5 проценти Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы жер ресурслары ҳәм мәмлекетлик кадастр басқармаларының арнаўлы есап бетлерине өткериледи.

Бул норма өз басымшалық пенен жерлердиң аўыл хожалығы айланысынан шығыўына себеп бол­ған жағдайларда келтирилген зыянды есаплаўда да қолланылады ҳәм есапланған қаржылардың 95 проценти Республика бюджетине ҳәм 5 проценти Өзбекстан Республикасы Минис­трлер Кабинети жанындағы Агросанаат комплекси үстинен қадағалаў инспекциясы ҳәм оның аймақлық инспекцияларының раўажландырыў қорына өндириледи;

суўғарылатуғын жерлер есабынан бағшылық, жүзимшилик ҳәм басқа да көп жыллық дарақ атызлары және ыссыхана хожалықларын шөлкемлестириў ушын жер ажыратыў Өзбекстан Республикасы Минис­трлер Кабинети тәрепинен белгиленетуғын тәртип тийкарында әмелге асырылады;

жаңа фермер хожалықлары ҳәм суўдан пайдаланыўшылар ассоциациялары суўдан пайдаланыў орынларында суўды басқарыў ҳәм есап­қа алыў қураллары менен мәжбүрий түрде тәмийинлеў шәрти менен шөлкемлестириледи;

жер майданларын пайдаланыўға киргизиў суўды үнемлейтуғын технологиялардан (тамшылатып, топырақ астынан тамшылатып суўғарыў ҳәм басқалардан) пайдалан­ған ҳалда әмелге асырылады.

  1. Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлиги:

а) усы Пәрманның 3-қосымшасында белгиленген аўыл хожалығында пайдаланылмай атырған жерлерди пайдаланыўға киргизиўде ирригация ҳәм мелиорация объектлерин қурыў ҳәм реконструкциялаў ушын талап етилип атырған қаржылар, 2019-2029-жыллардағы Инвестициялық бағдарлама шеңберинде мәмлекетлик бюджеттен мелиорация объектлерин қурыў ҳәм реконструкциялаў ушын ажыратылатуғын қаржылардың 5 проценти муғдарында қосымша түрде қаратылсын;

б) Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик геология ҳәм минерал ресурслар комитетиниң есап-санақлары тийкарында «Минерал шийки зат базасын раўажландырыў ҳәм қайта толықтырыў» Бағдарламасында нәзерде тутылатуғын аўыл хожалығы егинлерин суўғарыўға жарамлы болған жер асты суўлары резерв­лерин анықлаў жумысларын қаржыландырыў ушын мәмлекетлик бюджет есабынан қаржы ажыратсын;

в) Суў хожалығы министрлиги ҳәм Аўыл хожалығы министрлиги менен биргеликте еки ай мүддетте:

аўыл хожалығында пайдаланылмай атырған жерлерди пайдаланыўға киргизиўде ирригация ҳәм мелиорация объектлерин қурыў ҳәм реконструкциялаўға байланыслы қәрежетлерди қаплап бериў тәртибин;

жер майданлары ийелериниң топырақтың өнимдарлығын сақлаў ҳәм арттырыўды хошаметлейтуғын механизмлерди нәзерде тутқан ҳалда дифференцияластырылған салық жеңилликлерин енгизиў бойынша усынысларды Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине киргизсин;

бир ай мүддетде алдынғы халық­аралық тәжирийбелерди есапқа алған ҳалда, жерден пайдаланыў тараўында мәмлекетлик-жеке меншик шериклик ҳаққындағы келисимлердиң үлги формаларын ислеп шықсын.

  1. Өзбекстан Республикасы Аўыл хожалығы министрлиги:

а) Жер ресурслары, геодезия, картография ҳәм мәмлекетлик кадастр бойынша мәмлекетлик комитети менен биргеликте 2019-жыл 1-октябрьге шекем аўыл хожалығына мөлшерленген жер майданларын екилемши ижараға бериўди нәзерде тутатуғын нызам ҳүжжетлерине өзгерислер киргизиў бойынша Өзбекстан Республикасы нызамы жойбарын Министрлер Кабинетине киргизсин;

б) суўғарылатуғын ҳәм суўғарылмайтуғын жерлер, таў ҳәм таў алды және шөл-жайлаў аймақларының топырақ өнимдарлығын арттырыў, суў ҳәм басқа да тәбийғый ресурслардан нәтийжели пайдаланыў бойынша илимий изертлеўлер алып барылыўын;

заманагөй усыллар тийкарында мәмлекетлик азық-аўқат тәмийнатының турақлылығына ерисиў ушын жаңа өнимдарлы аўыл хожалығы егинлерин, олардың дәслепки туқымгершилигин жаратыў бойынша илимий изертлеўлердиң шөлкемлестирилиўин ҳәм турмысқа енгизилиўин тәмийинлесин;      

в) Пәрманда көрсетилген ўазыйпалардың орынланыўын толық ҳәм өз ўақтында әмелге асырылыўын тәмийинлеў мақсетинде министрлик қурамында қосымша 4 штат бирлигинен ибарат жуўапкер басқарма шөлкемлестирилсин

  1. Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси ҳәм ўәлаятлардың ҳәкимликлери 2020-жыл 1-январьдан баслап:

Аўыл хожалығы министрлиги, Суў хожалығы министрлиги, Жер ресурслары, геодезия, картография ҳәм мәмлекетлик кадастр бойынша мәмлекетлик комитети, Мәмлекетлик геология ҳәм минераллық ресурслар комитети менен биргеликте ҳәр жылы 1-ноябрьге шекем усы Пәрманның 3-қосымшасында тастыйықланған жерлердиң кейинги жылда қайта тикленетуғын ҳәм пайдаланыўға киргизилетуғын жер майданларының мәнзилли дизимин қәлиплестирип, тастыйықлаў ушын Өзбекстан Республикасы Минис­трлер Кабинетине киргизип барсын;

пахта ҳәм ғәлле жетистириў рентабельлиги төмен болған майданы улыўма майданның 50 проценттен артық болған районлардың барлық егислик жерлерин ирригация ҳәм мелиорация тармақларын қурыў, реконструкциялаў шәрти менен пахта ҳәм ғәллени толық қайта ислеўди шөлкемлестириўши Өзбекстан Республикасы резиденти болған инвес­торларға бериў бойынша усыныслар киргизсин;

усы районларда шөлкемлестирилетуғын пахта ҳәм ғәллешилик бағдарындағы инвесторларға усы Пәрманның 4-бәнтинде нәзерде тутылған жеңилликлер қолланылсын.

  1. Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети бир ай мүддетте Ҳүкимет бойсыныўында аўыл хожалығы жерлеринен мақсетли ҳәм нәтийжели пайдаланыў, оларды қорғаў бойынша мәмлекетлик қадағалаўды әмелге асыратуғын тийисли структураның шөлкемлестирилиўин тәмийинлесин.
  2. Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси палаталарына:

Концепция ҳәм оны әмелге асырыў бойынша «Жол картасы»ның өз ўақтында нәтийжели орынланыўы үстинен парламентлик ҳәм жәми­йетлик қадағалаўды орнатыў;

әмелге асырылған жумыслар ҳаққында министрликлер ҳәм уйым­лар ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәкимлериниң мәлимлемелерин ҳәр шеректе Сенат, Нызамшылық палатасы ҳәм тийислисинше Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси  ҳәм халық депутатлары ўәлаятлық Кеңеслериниң мәжилислеринде тыңлап барылыўын тәми­йинлеў усыныс етилсин.

  1. Өзбекстан Республикасы Бас министриниң аграр ҳәм азық-аўқат тараўларын раўажландырыў мәселелери бойынша кеңесгөйи А.Ж.Ваҳабов — Пәрманның 3- ҳәм 4-қосымшаларындағы прогноз көрсеткишлерди, Концепция және оны әмелге асырыў бойынша «Жол картасы»ның өз ўақтында ҳәм нәтийжели орынланыўын мониторинг етиў ҳәм керекли илажларды көрип барыў;

Өзбекстан Республикасы Аўыл хожалығы министри  Ж.А.Ходжаев, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси ҳәм ўәлаятлардың ҳәкимлерине — Концепция және оны әмелге асырыў бойынша «Жол картасы»ның өз ўақтында ҳәм нәтийжели орынланыўын тәмийинлеў ҳәм жүзеге келетуғын машқалаларды сапластырыў бойынша Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине усыныслар киргизиў;

Өзбекстан Республикасы Суў хожалығы министри Ш.Р.Хамраев, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси ҳәм ўәлаятлардың ҳәкимлерине — Пәрманның 4-қосымшасындағы прогноз көрсеткишлериниң орынланыўын тәмийинлеў, пайдаланыўға киргизилген майданларда суўды үнемлейтуғын технологияларды қолланыў, ирригация тармақларында суўдың зая болыўын  азайтыў, жерлердиң мелиоративлик жағ­дайын жақсылаў, қосымша суў сақлағышларды қурыў;

Өзбекстан Республикасы Инвестиция ҳәм сыртқы саўда министри С.Ў.Умурзақовқа — Пәрманның 3- ҳәм 4-қосымшаларындағы ўазыйпаларды әмелге асырыў мақсетинде халықаралық финанс институтлары ҳәм сырт ел инвесторларының қаржыларын тартыў бойынша жуўапкерлик жүкленсин.

  1. Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясы, Өзбекстан Республикасы Президенти Адми­нистрациясы жанындағы Мәлимлеме ҳәм ғалаба ком­муникациялар агентлиги, Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлиги ҳәм басқа да ғалаба хабар қуралларына усы Пәрманның мазмун-мәниси ҳәм онда белгиленген илажлардың әмелге асырылыўын сәўлелендирип барыў усыныс етилсин.
  2. Өзбекстан Республикасы Аўыл хожалығы министрлиги Әдиллик министрлиги, басқа да мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте еки ай мүддетте нызам ҳүжжетлерине усы Пәрманнан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
  3. Усы Пәрманның орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ари­повқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясының басшысы З.Ш.Низомид­диновқа жүкленсин.

       

        Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ.

        Ташкент қаласы, 2019-жыл 17-июнь.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF