Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 11:59:11, 23.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

АНА-ТӘБИЯТЫМЫЗДЫ ТАЗА САҚЛАЙЫҚ

Соңғы жыллар даўамында Ҳүрметли Президентимиз аўыл ҳәм қалаларды абаданластырыўға ҳәм экологиямыздың таза болыўына үлкен дыққат-итибар қаратып, бул бағдарда көп жумыслар исленбекте.

Деген менен, бүгинги күнде экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў бағдарындағы жумыслар аўылларда қалай алып барылып атыр. Хожалықлардан шыққан тасланды шығындыларды не ислеўимиз керек! деген саўаллар көпшиликти ойландырады.

Көбинесе ири суўғарыў магистрал каналлары ҳәм хожалық аралық суўғарыў коллекторларындағы ағын суўларда да хожалық шығындыларының ығып жүргенине көзимиз түседи. Буннан тысқары, изей суў қашырыў каналлары, жап-салма ҳәм атыз шетиндеги шөп араларына ҳәр қыйлы шығындыларды таслаў қағыйдалары көплеп ушырасып турады.

Аўыл аралық жоллар шетлеринде, жеке хожалық үй қоралары әтирапында да шығындылардың жайрап жатырғанлығы көрген көзге әбеший көринеди. Бундай шығындыларды тасламаў ҳаққында турғынларымызға биз аўыл жасыүлкенлери ескертип атырмыз, бирақ, пайдасы болмай атыр. Тилекке қарсы, айырым шаңарақ ийелери «бизлер қалада отырған жоқпыз» деп, бизге нарийза болады.

Ҳеш кимге сыр емес, соңғы жыллар даўамында хожалықлардағы аяғында отлап жүрген ири ҳәм майда шақлы маллар усы тасландылардағы полиэтилен пакет, ҳәр қыйлы пластмасса буйымлар ҳәм шобытларды жеп жүргенин көремиз. Мениң пикиримше усы полиэтилен пакетлер, каучук буйымлар, медициналық шығындыларды ошақта өртеп, кейнинен кишкене шуқыр қазып көмип тасланса мақсетке муўапық болар еди. Ал, суўғарыў каналларына тасланды таслаған пуқараларға ҳәр бир участкадағы суў хожалық хызметкерлери, фермер хожалығы ийелери экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў инспекторлары менен биргеликте жәрийма салып барса, бундай шығындыларды таслаўдың алды алынған болар еди.

Биз қалада отырайық ямаса аўылда отырайық, гез келген жерге ҳәр қыйлы шығындыларды таслай бермеўимиз керек. Себеби, ана-тәбиятымызды таза сақлаў ҳәр бир пуқараның миннетли ўазыйпасы болыўы тийис. Буның ушын ҳәр бир жеке хожалық ийелери перзентлерине шығындылардың қоршаған орталыққа зыян екенин түсиндирип барса, оларға дурыс тәрбия берген болар еди, деп ойлайман.

Ҳүрметли аўыл турғынлары, ана-Тәбиятымыздың, экологиялық атмосферамыздың таза болыўына өз үлесимизди қосайық!

Ахмет БЕГЖАНОВ, 

Кегейли районы,  «Жалпақ жап» АПЖ тур­ғыны. 

 

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF