БИРЛЕСПЕМИЗДИҢ ЖЕТИСКЕНЛИКЛЕРИ
Ҳәзирги заман илими прогрессив дәрежеде жедел раўажланып бармақта. Сонлықтан бул дәўир талапларына жуўап бериў ушын жаслардан көп излениўшилик талап етиледи ҳәм илим сырларын ийне менен қудық қазғандай етип, саралап үйрениўине туўра келеди.
Бүгин шет тиллерин жетик үйрениў ҳәм меңгериў дәўир талабы.
Мектебимиздеги инглис тили методикалық бирлеспесинде 6 муғаллим жумыс алып барады. Олардың жетискенликлери жаман емес. Январь айында болып өткен «Билимлер беллесиўи»нде мектебимиздиң 5-класс оқыўшысы Райхан Ешимбетова районлық көлемде биринши орынды ийеледи. Бунда инглис тили пәни муғаллими Гөззал Уразимбетованың мийнетлери үлкен. «Жылдың ең жақсы пән муғаллими — 2019» таңлаўында бирлеспеден Г.Уразимбетова қатнасып, районлық басқышта 1-орынды, ал, республикалық көлемде 2-орынды алды.
Мектебимизде «Май — Инглис тили пәни айлығы» мүнәсибети менен район көлеминде ашық сабақлар ҳәм инглис тилине арналып «English is Fun» атамасындағы кеше болып өтти. Буған Хожели районының барлық мектеплеринен инглис тили пәни муғаллимлери қатнасты. Кешеде мектеп оқыўшылары тәрепинен инглис тилинде тақмақлар, аяқ ойынлар менен ертеклерден көринислер қойылды.
Бундай илажлар жаслар тәрбиясында оғада әҳмийетли болып, тәлим-тәрбияны шаңарақ ҳәм мектеп пенен тығыз байланыста алып барылса утымлы нәтийжеге ерисетуғынымыз анық.
Г.АЙТМУРАТОВА,
Хожели районы, 35-санлы мектептиң инглис тили муғаллими.