ПАЙЫЗЛЫ ОРЫНДАҒЫ ПАЙЫЗЛЫ УШЫРАСЫЎ
Газета — халық пенен пикирлесетуғын өзине ылайық минбер. Газета минбери де ел нәзерине түскен қәстерли орын. Онда неше мыңлаған газета оқыўшылары санасына мөлшерленген сөзлер айтылады.
Оқыўшылары арасында қызықлы пикирлер, мазмуны бай мақалалар, ойландырған машқалаларына унамлы шешим табыўға себин тийгизетуғын газеталар ғана узақ өмир көреди.
Усы күнлери Республикамыз баспасөзиниң көшбасы саналған «Еркин Қарақалпақстан» газетасының 95 жыллығы, «Вести Каракалпакстана» газетасының 100 жыллық юбилейлери алдынан орынларда оқыўшылары менен ушырасыўлар өткерилип келинбекте. Айта кетерлик тәрепи, бул газеталар қаншелли қатал дәўирлердиң қыйыншылықларынан сүринбей, халқымыздың минберине айлана алды. Гезектеги ушырасыў, Елликқала районындағы Мәденият сарайы жанындағы қойыў саяманлы, пайызлы мәдений шертекте болып өтти.
Ушырасыўды район ҳәкими С.Авезов ашты. Буннан соң, «Еркин Қарақалпақстан» — «Вести Каракалпакстана» газеталарының Бас редакторы, Өзбекстан Республикасына хызмет көрсеткен журналист К.Реймов газеталардың тарийхы, әҳмийети ҳәм алдағы исленетуғын ўазыйпалар ҳаққында айтып берди.
Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген журналист, газеталардың бурынғы Бас редакторы Е.Байназаров тың жерлерди өзлестириўде мийнет еткен елликқалалы азаматларды еске алып, газета бетлеринде жәрияланған мақалалар, қызықлы ўақыяларды ядқа алды. «Еркин...» ниң мектебинен қанаты қатайып шыққан, «Қарақалпақстан жаслары» газетасының Бас редакторы С.Жаниев, «Жеткиншек» газетасының Бас редакторы А.Ембергеновлар баспасөздеги жаңаланыўлар, өзгерислер бойынша пикирлерин билдирди. Мийнет ветераны, нураный Қурбанбай Сейтов, Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген журналист А.Артықбаев, «Мәҳәлле» қайырқомлық фондының районлық бөлими баслығы Ф.Ибадуллаевлар газетада жәрияланып атырған мақалалар туўралы пикир-усынысларын айтты.
Негизинде, Елликқала әжайып талант ийелери менен мақтана алатуғын елат. Буның биз тағы бир мәрте гүўасына айландық. Ушырасыўда келешегинен үлкен үмит күттиретуғын жас қәлем ийелери барлығын, райондағы 2-санлы мектептиң 11-класс оқыўшысы Айнура Өмирзақова, ҚМУ жанындағы Бостан академиялық лицейиниң 2-курс оқыўшысы Зухра Мақсадовалардың оқыған қосықларынан билип алдық. Әсиресе, Елликқала телеканалының баслаўшысы, өз ҳаўазына ийе Ҳилола Файзуллаеваның оқыған қосығындағы терең философиялық мәнили қатарлар ушырасыў қатнасыўшыларында өзгеше тәсир оятты десек, қәтелеспеймиз.
Өз нәўбетинде, ушырасыў қатнасыўшылары тәрепинен газеталардың еле де халыққа жақынырақ ҳәм де оқыўға қызықтырыў бойынша пикир-усыныслар билдирилди, Өзбекстан Республикасына хызмет көрсеткен мәденият хызметкери, Қарақалпақстан Республикасына хызмет көрсеткен артист С.Сапаев атқарған йошлы қосықлар ушырасыўға өзгеше пайыз киргизди.
Қ.РЕЙМОВ,
өз хабаршымыз.
Елликқала районы.
СҮЎРЕТЛЕРДЕ: ушырасыў пайытынан көринислер.