Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 12:18:04, 23.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

БАЛАЛАРДЫҢ ҚУЎАНЫШЛЫ ДЕМЛЕРИ

Жаз — балалардың сүйикли мәўсими. Оқыў жылы жүўмақланып дем алыс пайтында қызықлы мәўритлерге толы болатуғын ўақыт.

Олардың көпшилиги бундай пайытларда өзлериниң ўақытларын демалыс орайларында өткериўди қәлейди. Себеби, бундай ўақытта  кеўиллерин шексиз қуўаныш ҳәм шадлықлар ийелеп, қәдирдан дослар арттырады.

Быйыл да республикамыздың барлық орынларында балалар дем алыс орайлары өз жумысларын баслап жиберди.

Хожели районындағы 5,7,4,11,15,22 ҳәм 41-санлы улыўма орта билим бериў мектеплеринде, сондай-ақ, Өзбекстан Жаслар аўқамы Хожели районлық кеңеси бөлиминде лагерьлер шөлкемлестирилди. Орайда 4 дөгерек шет-тили, рус-тили, аспазлық, сондай-ақ, сулыўлық салоны дөгереклери бар.

— Орайымызда  ҳәзир 200 бала дем алып атыр. Бул жерде олардың ўақытын мазмунлы өткериў  мақсетинде көплеген ис-илажлар әмелге асырылмақта. Француз философы Дени Дидро «Инсан оқыўдан тоқтаса,пикирлеўден тоқтайды»,-деген пикир бар. Орайымызда жасларды китапқумарлыққа тартыў ушын бирнеше таңлаўлар, өткерилип турылады. Ал, мектеплерде болса спорттың шахмат, шашка, теннис түрлеринен жарыслар болады. Биз орайға келген дем алыўшылырдың ўақтын мазмунлы өткериўге ҳәрекет етемиз,-дейди лагерьге басшылық етип атырған А.Алаўатдинов.

 « Жаз — өтпекте саз» дегениндей балаларға, жаз мәўсиминдеги демалыслары кеўилли өтип қуўаныш алып келсин ,-деймиз.

А.ЖИЕНБАЕВА,

ҚМУ журналистика тәлим бағдары 1-курс студенти.

СҮЎРЕТТЕ: Демалыс орайынан көринис.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF