Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 11:44:14, 23.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ОРЫМ — ЖЫЙЫН ҚЫЗҒЫН

Бүгинги күни барлық фермер ҳәм дийқанлардың баслы мақсети — ғәллениң бир граммында зая қалдырмастан жыйнап алыўдан ибарат. Ҳәр бир  нәрсе итибар ҳәм күтилген тәрбияға байланыслы.

Сонлықтан, олар жерге туқым таслаған күнинен баслап, бийдайға айрықша меҳир қойды, тәрбиялайды. Ҳәзир пүткил республикамыз бойлап, ғәллени орып-жыйнаў қызғын түс алмақта. Усындай ийгиликли ислер Хожели районында да даўам етпекте.

Райондағы 115 фермер хожалықлары  2400 гектар майданнан мәмлекет қырманына 6025 тонна ғәлле жетилистириўди режелестирген. Район ғәллекешлери гүзлик бийдайдың өсип-раўажланыўы ушын тынымсыз мийнет етип, агротехникалық қәделерге сай жумыслар алып барыўы нәтийжесинде  мол зүрәәт жетилистирилди. Ҳәзирги күнде жы­йын-терим мапазы 9 отрядқа бөлинген ҳалда жоқары дәрежеде алып барылмақта. Оларға 27 жүк автомобильлери, 37 транспорт тракторлары, 74 тиркемелер бекитилген.

— Бизде өнимди жыйнап алыў ушын «Доминатор-130»,  «Нью Холланд» ҳәм «Case АF-40088» маркалы комбайнлар сапалы жумыс ислемекте. Әсиресе, райондағы «Айбек» фермер хожалығынан Толғанай Шүкириллаева, «Дослық» фермер хожалығынан Хожа Cалилер ғәллени жыйнап алыўда белсендилик етип киятыр,-дейди  Хожели районы аўыл  хожалығы бөлиминиң баслығы Жүзбай Иниятов. Биз атызларда тыным билмей мийнет етип атырған фермерлерди көрип, олардың дийдилегендей зүрәәт алыўына исеним арттырдық.

А.ЖИЕНБАЕВА,

ҚМУ журналистика тәлим бағдарының 1-курс студенти.

СҮЎРЕТТЕ: Райондағы «Фаррухбек» фермер хожалығы атызларынан көринис.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF