Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 21:24:08, 03.05.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ҚАРАР — ҲӘРЕКЕТТЕ

Соңғы жыллары елимизде мәмлекетлик емес билимлендириў хызметлерин көрсетиў жумысын буннан былай да раўажландырыў билимлендириўдиң сапасын тәмийинлеўде мәмлекетлик ҳәм мәмлекетлик емес билимлендириў мәкемелери арасында беккем бәсекилик орталығын жаратыўға айрықша итибар қаратылып келинбекте.

Бунда Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2017-жылы 15-сентябрьде қабыл еткен «Мәмлекетлик емес билимлендириў хызметлерин көрсетиў жумысын буннан былай да раўажландырыў илажлары ҳаққында»ғы қарары жәмийетимиз турмысында әҳмийетли орын тутып, қарар тийкарында республикамызда көплеген мәмлекетлик емес мектепке шекемги билимлендириў мәкемелери ашылып, иске түспекте. Бул дәргайларда кишкенелеримизге педагог хызметкерлер тәрепинен заман талабына сай тәлим-тәрбия берилмекте. Усы жылдың март айында иске түсирилген Тахтакөпир районындағы «Нәўше» шаңарақлық емес мектепке шекемги билимлендириў мәкемеси усындай дәргайлардың бири болып табылады.

СҮЎРЕТТЕ: мәкеме тәрбияшысы Эльмира

Шымбергенова жумыс пайытында.

Ә.ОРАЗОВтың түсирген сүўрети.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF