Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 07:13:07, 08.12.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ЖАЗҒЫ САЎАЛАНДЫРЫЎ МӘЎСИМИ

Бүгинги күни ҳәр тәреплеме саламат әўладты камалға келтириў мәмлекетимиз сиясатының баслы бағдары болып, бул бойынша олар ушын шараятлар жаратылмақта.

Нөкис қаласы 24-санлы мектепке шекемги билимлендириў мәкемеси мектепке шекемги жастағы балаларды жазғы саўаландырыў, шынықтырыў тәлим-тәрбиялық процесс ҳәм улыўма топарларда ислеў жумысларын шөлкемлестириў бойынша Өзбекстан Республикасы Мектепке шекемги билимлендириў министрлиги тәрепинен берилген методикалық усынысына тийкарланып жаз мәўсиминде жәмәәтимиз тәрепинен ислеп шығылған режелер бойынша жумыслар баслап жиберилди. Оған бола жаз мәўсиминде оқыў жылы даўамында алып барылған раўажландырыў орайлары ҳәм улыўма топарлардағы тәлим-тәрбиялық жумыслар даўам еттириледи. Яғный, мәўсимге сай берилген ай ҳәм ҳәптелик темалары тийкарында ҳәр күни илимий жумыслар шөлкемлестириледи.

Бунда, жас топарларындағы балалардың раўажландырыў орайлары (қурыў ҳәм математика, сюжетли-ролли ойынлар ҳәм сахналастырыў, тил ҳәм сөйлеў, пән ҳәм тәбият, көркем-өнер)  еркин искерликлери ҳәм топарларда (музыка, тил өсириў, дене тәрбия, көркем әдебият, элементар математика, екинши тилди үйрениў) шынығыўлары алып барылады. Бул мапаз бизиң мәкемемизде «Бахытлы балалық» атамасындағы байрам илажы менен ашылды. Бунда биз жазды әллеқашан шынығыў, жуўырыў, ҳәрекет етиў ҳәм басқа да спорт ойынлары менен балаларды шаққанлыққа үйретиўден басладық. Соны да айтып өтиўимиз керек, бул жазғы саламатластырыў мәўсиминде балалар арасында туўры аўқатланыўды жол­ға қойыў, саламат турмыс тәризин қәлиплестириўде, әсиресе, жазғы аўқатланыў рационында мийўе ҳәм ҳәр түрли палыз өнимлери тийкарғы орын ийелейди. Мәўсим даўамында ҳәр күни балаларға мийўе шербетлери, витаминлердиң берилиўи бала организмине жүдә пайдалы. Сондай-ақ, қуяш ваннасы, суў ваннасы, ҳәр түрли гедир-будыр жолларда жүриў балалардың өсип-раўажланыўына жақсы тәсир етеди.

Ҳәзирги жаз мәўсими — бул әсиресе, балалар ушын тынығып ойнайтуғын, сейил ететуғын, күшке толып шынығатуғын ҳәм саламат болып өсетуғын дәўири. Тәбиятта жүз беретуғын өзгерислерди гүзетиў процесинде бала әтирапындағы дүнья   менен танысады. Тәбияттың ҳаўасы, өзгериўи, реңлери ҳаққында баланың пәк  қәлбинде жарқын түсиниклер терең из қалдырады.

Сол себепли де қәдирли ата-аналар ҳәм тәрбияшылар өмиримиздиң даўамшылары  болған әзиз перзентлеримиздиң жазғы саўаландырыў мәўсимине белсене қатнасып,  олардың балалық мәўритлериниң умытылмастай өтиўине ҳәм ҳәр тәреплеме саламат болып жетилисиўине итибар қаратайық.

Бүгин камал­ға жетип атырған перзент­леримиз — ертеңги күн ийелери ҳәм  жәмийетимиз раўажланыўын белгилеп бериўши ең тий­карғы күш есапланады.

 

Ш.ГАНИЕВА,

Нөкис қалалық МШББне қараслы 24-санлы МШБМ тәрбияшысы.  

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF