Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 06:18:33, 08.12.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ШӨЛКЕМЛЕСКЕНЛИК ПЕНЕН ӨТКЕРИЛМЕКТЕ

Электр үскенелеринде жумыс ислеў оғада қәўипли есапланады. Себеби, өткизгиштен өтип турған ток көзге көринбейди, қулаққа еситилмейди, я мурынға ийис бермейди.

Оны бил­мес­тен услап алған адамның денесинен ток қысқа секунд ишинде өтип кетеди де, сол адамды жарақатлайды, ҳәттеки өлимге де алып келиўи мүмкин.

Мәселен: Өзбекстан энергетика системасында 2019-жылы 5 ай ишинде 3 бахытсыз ҳәдийсе жүз берип, 3 адам жарақатланды. Оннан 3 адам өмирден көз жумды. Бригада ағзалары тәрепинен жумыс көбинше асығыс тәризде исленеди, яғный айт­қанда жумыстан алдын ис бағдарламасы (ППР) исленбейди, жумыстан алдын бригада ағзаларына инс­труктаж өткерилмейди, арнаўлы наряд бланка толтырылмайды, электр үскенеси ҳәмме кернеў келиўши тәрепинен толық өширилмейди. Электр узатыўшы линия бағанасына миниўден алдын оның беккемлиги тексерилмейди, қорғаныў қуралларынан ҳәм тексериў әсбапларынан пайдаланбайды, жумыс орнын таярламастан шеклеўде өшип турған электр үскенесинде жумыс ислейди, жумыс басшысы бригада ағзаларын бақлаўсыз қалдырады.

Соның ушында бахытсыз ҳәдийселердиң алдын алыў ҳәм қәўипсизлик техникасы талапларына итибарды күшейтиў мақсетинде энергетика системасында бир қанша илажлар ислеп шығылған. Солардың бири ҳәр жылы бир айлық Қәўипсизлик техникасы тексериўин өткериў болып табылады.

Быйыл да «Қарақалпақ аймақлық электр тармақлары» АЖ 2019-жыл 21-май күни 118-санлы буйрығына тийкарланып 1-июньнан 1-июль аралығы «Қәўипсизлик техникасы тексериў  айы» деп дағазаланды. Тексериўдиң өткерилиўинен гөзленген тийкарғы мақсет — ҳәр бир ислеўшиниң жумыс орнында ҚТҚ талапларын сөзсиз орынлаў ҳәм басшы хызметкерлердиң ислеўшилери менен алып барылатуғын жумысларын әмелдеги ҳүжжетлерге муўапық шөлкемлестириў ҳәм алып барылыўы ушын жуўапкершилигин асырыў.

Бизиң Изолюция ҳәм Аса Кернеўликтен қорғаў хызмети де тексериўди өткериў бойынша өз шөлкемлестириў жумысларын баслап жиберди. Атап айтқанда, ис бағдарламасы ислеп шығылды, бийлик пенен комиссия қурамы тайынланды, хызметкерлер арасында жыйналыс өткерилди. Техникалық кабинетте бахытсыз ҳәдийселер бойынша хызметкерлерди оқытыў ҳәм мәсләҳәт бериў кестеси дүзилип, оның ислеў ўақытлары белгилеп алынды, тосаттан жумыс орынлары тексерилип, қағыйда бузыўшыларға қатаң жаза қолланылды. Қорғаў қуралларының толықлығы тексерилип, жетпегенлерине сораў хат таярланды, техникалық ҳүжжетлер қайта көрип шығылып, оған тийисли болған өзгерислер киргизилди.

Өзбекстан Энергетика хызметкерлери кәсиплик аўқамы  Республика кеңеси тәрепинен «Ең белсенди жас кәсип ийеси» таңлаўының республика басқышында белсене қатнасқаны ушын Миратдин Генжебаев диплом менен хошаметленди. Әлбетте бул жумыслар өзинен өзи болмайды, оған аянбай мийнет етип, өз үлеслерин қосып атырған инженер хызметкерлерден‘ Б.Калимбетов, О.Палўанов, Н.Дәўлетмуратов, Г.Дильмағамбетова, А.Ещанов, ал электромонтёр хызметкерлерден Б.Бекмуратов,      С.Оразшаев, М.Смайловларды атап көрсетсек болады.

«Қәўипсизлик техникасы тексериў айы» илажлары шөлкемлескенлик пенен даўам етпекте.

 

А.АКИМОВ,

Изолюция ҳәм Аса Кернеўликтен қорғаў хызмети баслығы.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF