Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 05:55:39, 08.12.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

УНАМСЫЗ  ИЛЛЕТ — ӨМИР  ЗАЎАЛЫ

Инсаният раўажланыў цивилизациясында жаңадан-жаңа шоққыларға, жетискенликлерге ерисип атырған бир заманда, жәмийетке, миллетке кери тәсир ететуғын, адамзат өмириниң заўалы болған нәшебентлик кеселлиги сақланып қалмақта.

Нәшебентлик бул тек ғана жаман иллет болып қалмай, бәлким өмир заўалы. Зыянлы әдетлер арасында инсан саламатлығы ҳәм оның тәғдири ушын да, жәмийет ушын да ең қәўиплиси — бул нәшебентлик есапланады.

Нәшебентлик — гиябентлик затларды (тәбийғый ямаса жасалма түрде таярланған затларды) қабыл етиўи, шегиўи, ийискелеўи ямаса инъекция жолы менен тамыр ишине қабыл етиўи себепли инсан организми ғәрезли, бағынышлы болып қалыў нәтийжесинде келип шығатуғын кеселлик.

Оның аянышлы қәсийети соннан ибарат, нәшебентликке ғәрезли болып қалыўы дәрҳал раўажланып қалмағаны менен яғный биринши мәрте қабыл еткенде инсан руўхыя­тында бирден өзгерис пайда етпесе де, кейин ала және оны қабыл етиўге ўақыт күттирип қоймайды. Керисинше тез арада инсан ерк-ықрарын бойсындырады және қайта қабыл етиўге болған күшли умтылысты оятады.

Нәшебентлик — адамның руўхый жағдайының пүткиллей өзгериўине, сондай-ақ, организмниң искерлигиниң бузылыўына алып келеди. Бул нәшебент өнимлерди пайдалан­ғанда дәслеп қанға араласады, бас мийге тәсир етип, орайлық нерв системасы тоқымаларын жемирип, организмде руўхый ҳәм соматикалық өзгерислерге алып келеди.

Руўхый өзгерислер — уйқысызлық, еслеў, пикирлеў қәбилетиниң төменлеўи, ашыўшақлық ҳәм қартайыўды тезлестиреди.

Соматикалық өзгерислер — ас сиңириў системасының бузылыўы, дем алыўдың тезлесиўине, жүрек хызмети нормада ислеўи бузылады. Нәшебентликтиң раўажланыўындағы дәслепки қәдем нәшебент затлар пайда ететуғын «эйфория» белгиси, яғный денеде жағымлы сезгилердиң  пайда болыўы, кейпияттың көтерилиўи, сыртқы орталықтан үзилген ҳалда барлық тәшўишлерди умытып өзин бахтияр сезиўи. Мине усы нәшебентлик затлар тәрепинен шақырылатуғын сезимлер инсанды нәшебент затларды пайдаланыўға ийтермелейтуғын тийкарғы күш, субъектив жағымлы сезимлерди, кеширмелерди тәкирар сезиниўине умтылыў болып есапланады.

Нәшебентликке алып келетуғын бир неше факторларда инсанның шахсына, яғный өзин-өзи басқара алмаўы, өзине болған исенимниң жоқлығы, еркин пикирге ийе болмағанлығы, шаңарағында нуқсанлы тәрбия алыўы, уқыпсызлығы, қәбилетсизлиги себепли сыртқы орталық пенен қарым-қатнас орната алмаўынан қутылыўға умтылыў сыяқлы жағдайларды көрсетип өтсек болады.

Нәшебентлик инсан саламатлығына жаман тәсирин көрсетип бундай инсанлардан дүньяға келген перзентлер ақылый раўажланыў жағынан нуқсан менен туўылады. Демек, бундай жолға кирип қалған инсанлар тек ғана өзин емес, ал, өзиниң әўладына да бахытсызлық келтиреди.

Нәшебентлик затларды пайдаланыў инсан шахсының жемирилиўине алып келеди, шахстың жәмийет пенен байланысы бузылады, турмыс­та ҳәм жәмийетте жаман ислерди ислеўине, ҳәр түрли жынаятларға қол урыўына жол ашып береди. Нәшебентликке берилген инсанлар арасында ушырасатуғын ең қәўиплиси АИЖС (СПИД) кеселлиги, бул өз нәўбетинде және бир глобал машқалаға айланғаны көпшиликке мәлим.

Мине, усындай иллетке қарсы гүресиў ушын ҳәр бир шаңарақта ата-анадан өз перзентлериниң тәрбиясына үлкен итибар талап етиледи. Соның менен бирге халқымызда «бир балаға жети қоңсы ата-ана» деген гәп бийкарға айтылмаған, солай екен әтирапымызда болып атырған ҳәдийселерге бий­пәрўа болмастан перзент тәрбиясында биргеликте жумыс алып барсақ биз өз перзентлеримизди, келешегимизди усылай жаман иллеттен қорғаған боламыз.

Г.ИНИЯТОВА,

Республикалық наркология диспансериниң нарколог шыпакери.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF