Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 05:23:58, 08.12.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

«НЕ ҚЫЛАР ДЕЙСЕҢ»НИҢ АҚЫБЕТИ

Бир нәрсени тән алыўымыз керек, ҳәр қандай өкинишли ақыбетлердиң жүз бериўи тиккелей итибарсызлығымыздың, немқурайлы қараўымыздың ақыбетинде жүзеге келеди. 

Ғалаба хабар қураллары арқалы алып барылып атырған үгит-нәсият, оқыў орынларында, мәкеме-кәрхана ҳәм үйме-үй кирип барып жүргизген әмелий түсиндириў жумыслары­мызға қарамастан елеберин айырым пуқараларымыздың санасынан «не қылар дейсең, бәле келмейди» деген түсиник жойылмай атыр­ғанлығы ашынарлы жағдай. Усындай немқурайдылықлардың алдын алыў ҳәм өртлердиң келип шығыўына жол қоймаў мақсетинде Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2017-жыл  23-май күни арнаўлы қарары қабыл етилди ҳәм ҳәр ҳәптениң сәршемби күни «Өртлер профилактикасы күни» деп жәрияланып, қатар илажлар әмелге асырылмақта. Қарардың тий­карғы мақсети де жәмийетлик ҳәм турақ жай объектлеринде, пуқаралардың меншик үйлеринде өртке қарсы жағдайларды анықлаў, кемшиликлерди сапластырыў, пуқаралар менен «тилсиз жаў»дың алдын алыў мақсетинде ушырасыў ҳәм сәўбетлесиўлер алып барыўдан ибарат.

Хожели районы «Водник» посёлкасын өрттен қорғаў бойынша 17-санлы Кәсиплестирилген өрт қәўипсизлиги бөлимшеси хызметкерлери тәрепинен өртти болдырмаў, оның алдын алыўға қаратылған үгит-нәсият, түсиник жумысларымызға қарамастан айырым пуқараларымыздың бийпәрўалығы ақыбетинде өртлер жүз берип, аянышлы ақыбетлерге алып келмекте. Пикиримизди төмендеги мысал менен айқын­ластырайық. Хожели районы Шадлық көшеси 16-жайда жасаўшы, 1961-жылы туўылған пуқара Аминбай Имаматдиновқа тийисли болған жеке меншик турақ жайына қосып салынған асхана бөлмесинде келини С.Садуллаева газплитаны жағып, үстине ақ майды қойып итибарсызлыққа берилиўи нәтийжесинде өрт жүз берип, 2,5 миллион сумлық материаллық зыян көрилди. Әне, «не қылар дейсең»ниң ақыбети...

Демек, қай жерде итибарсызлық, бийпәрўалық орын алса, сол жерде кеўилсиз жайдай жүз береди. Сонлықтан да өрт қағыйдаларына қатаң итибарлы  болайық.

Р.БАЎАДДИНОВ,

Хожели районы ӨҚБ инспекторы, аға сержант,

К.ДӘЎЛЕТНИЯЗОВ,

Водник посёлкасы 17-санлы ҚӨҚБ баслығы. 

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF