Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 05:29:02, 08.12.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ИСЕНИМДИ АҚЛАЎ ЖОЛЫНДА

Ишки ислер уйымлары хызметкерлериниң баслы ўазыйпасы ­ өз миннетин ҳадаллық пенен орынлаўға, пуқаралардың конституциялық ҳуқықларын қорғаў, жәмийетте қәўипсизликти тәмийинлеў менен бирге мәмлекетлик ҳәм пуқаралардың жеке мүлклерин сақлаў бойынша өзлериниң мойынларына жүклетилген ўазыйпаларды терең аңлай отырып, өз Ўатаны ҳәм халқына садықлық пенен хызмет етиў болып есапланады.

Өзбекстан Республикасы Миллий гвардиясы Қарақалпақстан Республикасы Қорғаў басқармасы ҳәм оның орынлардағы бөлимлери Өзбекстан Республикасы Президенти ҳәм Министрлер Кабинетиниң Пәрманлары, қарарлары ҳәм басқа да норматив-ҳуқықый ҳүжжетлери тийкарында мәлим дәрежедеги жумысларды әмелге асырмақта.

Қорғаў бөлимлери хызметкерлери тәрепинен қорғалып турған халық хожалығы объектлери ҳәм пуқаралардың үйлерин қорғаўды күшейтиў бо­йынша көрилген илажлар нәтийжесинде оларда бир де-бир урлық ислениўине жол қойылмады.

Республикада ҳуқық ҳәм нызамшылықтың тәмийинлениўине, мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик мүлкти талан-тараж етиўшилерге қарсы гүресиўде, жынаятшылық ҳәм урлықлардың алдын алыўда  қорғаў бөлимлериниң  жеке қурамы өзлериниң белгили дәрежедеги үлеслерин қосып келмекте.

Лекин, кейинги ўақытлары айырым мәкеме, кәрхана басшылары қорғаў бөлимлери менен дүзилген шәртнамаларды бийкарлап, қорғаўды мәкемениң өз қараўылларына тапсырмақта. Усы себепли қорғаўдан шығып кеткен объектлерде майда урлықлар жүз берип атырғаны сыр емес.

Биз ушын қорғалып атырған объектлерде жүз бериўи мүмкин болған урлықлардың алдын алыў, қорғаўдың сапасын арттырыў, оларға заманагөй қорғаў сигнализация үскенелерин орнатыў, исенимли қорғаў дәрежесин көтериў бойынша қосымша имканиятларды излеўге, бизге мүлкти қорғаў ушын тапсырған пуқаралар, кәрхана ҳәм мәкемелердиң исенимин ақлаў ушын бар күш ҳәм үскенелерден сапалы пайдаланыўға түртки болмақта.

Ҳәзирги күнде Өзбекстан Республикасы Миллий гвардиясы Қарақалпақстан Республикасы Қорғаў басқармасының 1-Айрықша батальоны республикадағы мәмлекетлик, жәмийетлик ҳәм жеке мүлкти қорғаўға арналған бирден-бир қәнигелестирилген кәрхана болып есапланады. Бул батальон өз жумысларын мәмлекетлик ҳәм пуқаралардың турақ жайларындағы жеке меншик мүлклерин қорғаўдың 5 түринен пайдаланған ҳалда әмелге асырмақта. Булар ­ қараўыллық, әскерийлестирилген сақшылық, мәкеме мили­циясы, түнги жөнелис милициясы ҳәм техникалық қорғаў пультлери.

Пуқаралар өзлериниң жеке  меншик үйлери ҳәм көп қабатлы жайлардағы квартираларына техникалық қорғаў пунктлериниң электрон қорғаў үскенелерин орнатып, үйлеринде орнатылған телефон линиялары арқалы қорғаўға тапсырса, жайларының қараўсыз қалмағанлығына  толық  исенип,  демалысларға  ҳәм  басқа да жумысларына арқайын кетиў мүмкиншилигине ийе болады.

Бүгинги күни қорғаў хызмети заманагөй сигнализация әсбап-үскенелери менен толық тәмийинленген. Өз ўазыйпаларын талап дәрежесинде атқарыў ушын қәнигели хызметкерлер ҳәм материаллық-техникалық базаға ийе.

1-Айрықша батальон мәкеме, кәрхана объектлери ҳәм пуқаралардың жеке меншик мүлклериниң кәўипсизлигин тәмийинлеў бойынша белгиленилген режелер тийкарында жумысларды әмелге асырып, олардың исенимин ақлаў ушын хызмет етеди деп исендирип айта аламыз.

П.ШАГИЛОВ,

Өзбекстан Республикасы Миллий гвардиясы Қарақалпақстан Республикасы

Қорғаў басқармасы 1-Айрықша батальоны 2-отряд командири, капитан.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF