БАХЫТЛЫ БАЛАЛЫҚ
Балалар — ертеңги келешегимиз болғанлықтан елимизде олардың жазғы демалыс күнлерин мазмунлы, кеўилли өткериў, сондай-ақ, көркем өнер сырларын үйретиў мақсетинде Нөкис қалалық «Бәркамал әўлад» балалар орайында усындай қолайлы шараятлар жаратылған.
Бүгинги күнде бул орайда 711 оқыўшы өз қәбилетлерин жүзеге шығарыў ушын тәлим-тәрбия алмақта. Балалар орайында эстрада-вокаль, гилем тоқыў, авиамодель, кийим-кеншеклер дизайны, аяқ ойын, компьютер саўатлылығы, жас музейтаныўшы, роботехника, инглис, рус тиллерин үйрениў дөгереклеринде тәжирийбели устазлар А.Утепов, Р.Кучкарова, А.Ережепов, Г.Утемуратовалар билим сырларын үйретип атыр.
Ҳәр қандай жақсы нийетлерге умтылдырыўшы басламалар, әлбетте, өз жемисин берери анық. Орайда келешегимиз ийелери болған ул-қызларымыз көркем өнер, мәденият, спорт бағдарларында талантларын нығайтып, жетилистириў жолында изленисте. Ал, бир қатар жас талант ийелери, 336 оқыўшыға сертификатлар тапсырылды.
Сондай-ақ, орай тәрбияланыўшылары «Жас әўлад», «Арал» дем алыў орайларында жас экскурсовод, дуўтар, эстрада-вокаль, шахмат, авиамодель, кийим-кеншек дизайны, сүўретлеў дөгереклеринде мазмунлы шынығыўлар менен демалыс күнлерин кеўилли өткерип атыр.
А.ҚАЛБАЕВА,
ҚМУ журналистика қәнигелигиниң l-курс студенти.
СҮЎРЕТТЕ: шынығыў пайытынан көринис.