Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 06:30:47, 08.12.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

КОРРУПЦИЯСЫЗ  ЖАСАЎДЫ  ҮЙРЕНИЎ — РАЎАЖЛАНЫЎДЫҢ  ТИЙКАРЫ

Жақында Президентимиз тәрепинен қабыл етилген «Өзбекстан Республикасында коррупцияға қарсы гүресиў системасын буннан былай да жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы Пәрманда бул тараўда ҳәммемиздиң дыққатымызды, итибарымызды қаратыўшы төмендеги қатарлар бар:

«... Соңғы жылларыда елимизде коррупцияға қарсы гүресиў тараўында әҳмийетли шөлкем­лестириў-ҳуқықый реформалар әмелге асырылды. Халықтың ҳуқы­қый санасы ҳәм ҳуқықый мәде­ниятын арттырыўға жәмийетте коррупцияға маўасасыз қатнас жасаўды қәлиплестириўге бағдарланған системалы илажлар көрилди.

Соның менен бирге, экономиканы және де өсириў, халықтың абаданлығын арттырыў, мәм­лекетте инвестиция орталығын жақсылаў бағдарындағы страте­гиялық ўазыйпаларды шешиў коррупцияға қарсы гүресиў тараўында мәмлекетлик сиясаттың нәтийжели әмелге асырылыўын тәмийинлеў ҳәм де коррупция көринислериниң себеп ҳәм шараятларын сапластырыў бойынша жаңа системалы илажлар көрилиўин талап етпекте».

Сондай-ақ, Пәрманда атап өтилген бул жаңа системалы илажлар Мәмлекетлик бағдарламаны тасты­йықлаў, коррупцияға қарсы гүресиў бойынша республика Уйымлараралық комиссияға усы тараўдағы ҳуқықбузарлықлар ҳаққында хабар берген шахсларды қорғаўдың ҳуқықый механизмлерин ислеп шығыў, коррупцияның пайда болыў себеплери ҳәм шараятларын түп-тамыры менен жоқ етиў бойынша әҳмийетли ўазыйпалар белгилеп берилген, бул ўазыйпалар менен танысыў арқалы мәмлекетимизде коррупциясыз жасаўдың барлық илажлары көрилип атырғанына гүўа боламыз.

Президентимиз Ш.Мирзиёев 2018-жыл 8-декабрьде Өзбекстан Республикасының Конституциясы қабыл етилгениниң 26 жыллығына бағышланған мәре­симде: «Коррупция менен ҳеш қашан мақсетимизге ерисе алмаймыз. 1177 лаўазымлы шахс коррупцияға қол урғаны ушын жуўапкершиликке тартылды.

Телевизорда ҳәр күни көрип атырсызF банкте, ҳәкимиятта, емлеўханада, прокуратурада, ишки ислер уйымларында коррупция. Қашан бул кеселликтен қутыла­мыз? Қашан пүткил мәмлекет болып оған қарсы гүресемиз?

Коррупция менен Өзбекстан ҳеш қашан алдына қойылған мақсетлерге ерисе алмайды. 1177 адам ­ бул жүдә үлкен цифр. Бул не дегени? Бул жәмийетимиз әдалат, ҳадаллық, жуўапкершилик, халықтың талабын қанаатландырыў, халыққа хызмет етиў сыяқлы түсиниклерден еле узақлығынан дерек береди», деген еди.

Усы орында атап өтиў керек, шынын айтқанда, халқымыздың санасына терең сиңип кеткен бул әдет коррупция деп аталмаса да қанға сиңип кеткен даўасыз дәрт, дүзелмес бир аўыр кеселлик екенин түсинип жетпей атырмыз.

Жас ғана ана улы яки қызын балалар бақшасына алып барар екен, тәрбияшыға әлбетте, бир саўға бериў керек, деп ойлайды. Соның менен енди тәрбияшы балама жақсы қарайды, деп кеўли қәтержам тартады. Яки енди ғана мектепти питкерген перзенттиң әкеси улының жоқары оқыў орнына кириўи ушын өмири бойы жыйнаған байлығын кимге, ким арқалы бериўди, қалай етип болса да усы жол менен баласының оқыўға кириўин ойлайды. Кексе әкеси яки анасы бийтап болып қалған перзент яки болмаса баласы қәстеленген ата-ана шыпакерге бир нәрсе берсе оның дәрти жеңиллесип, шыпакер ата-анасының дәртине даўа табатуғындай, перзенти де тез саўалып кететуғындай жағдайларды басынан кеширеди.

Усындай ҳәрекетлери менен олар ҳеш қашан мен коррупцияға қол урдым деп ойламайды. Өзиниң ислеген ҳәрекетин жүдә дурыс баҳалайды. Ата-ананың саўалып кетиўи алдында пул не болыпты, жанымды да аямайман, деп ойлайды. Студент имтиханға таяр болмаса, муғаллимге пул берип, баҳа қойдырып алады. Балалар бақшалары, жоқары оқыў орынлары, емлеўханадағылар болса олардан бул ақшаларды алып, мен пара алдым, коррупцияға жол қойдым, мәмлекет нызамларын буздым, деп ойламайды.

Ҳәмме иллет сонда, коррупцияның дәслепки тамырлары енди ғана турмысқа қәдем қойып атырған перзентлер ата-анасының бир нәрсе берсең мүшкилиң аңсат болады, деген түсиниги менен өсип, улғаяды. Мине, усындай ҳәрекетлери менен шаңарақта ата-ана өз перзентин билип-билмей коррупция жолында тәр­биялай баслайды.

Ҳақыйқатлыққа тик қарайтуғын болсақ, бундай жағдайлар ҳәмме тараўларға өтип, шырматылып өсетуғын сары шөпке уқсап, жәмийетти пүткиллей орап алған. Бул сары шөпти жоқ етип, оны өсиўден тоқтатыўдың илажы бола ма! Биз бүгин аўа, әлбетте, болады, деп жуўап бере аламыз.

Әсиресе, кейинги үш жыл даўамында бул тараўда алып барылып атырған терең реформалар, коррупция ҳәм нызам бузыўшылықтың алдын алыў профилактикасы, көрилип атырған кескин илажлар, «Коррупцияға қарсы гүресиў ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы Нызамының әмел етип атыр­ғаны пикиримиздиң айқын дәлили болып табылады.

Қарақалпақстанда да коррупцияға қарсы алып барылып атырған маўасасыз гүрес жәмийет турмысында пуқараларымыз тәрепинен сергеклик, қырағылықта көринбекте. Ҳуқықбузарлықтың алды алынып, олардың саны кемеймекте. Әсиресе, Қарақалпақстан Республикасы прокуратура органлары тәрепинен өткен дәўир даўамында аймақта шөлкемлескен жынаятшылық ҳәм де коррупцияға қарсы гүресиўдиң нәтийжели илажларын көриў, пуқаралардың ҳуқық ҳәм еркинликлериниң бузылыўының ҳәм экономикаға зыян жеткизилиўиниң алдын алыў, басқарыў ҳәм ҳәкимият уйым­ларының лаўазымлы шахсларының коррупцияласқан жынаятларын әшкар етиў, парахорлық ҳәм де лаўазымнан өз мәпине пайдаланыўға қарсы гүресиў бағдарында кең көлемли жумыслар әмелге асырылды. Әйне пайытта Комиссияның тийисли мәкемелер менен алып барған әмелий жумыслары нәтийжесинде соңғы жылларда Қарақалпақстан Республикасында коррупцияға байланыслы қозғатылған ҳәм судқа өткерилген жыйнайый ислер саны өткен жылдағыға салыстырғанда бираз кемейген.

Тергеў етилген жынаят ислериниң жуўмағы бойынша тийисли мәкемелерге усыныслар киргизилип, анықланған нызам бузыўшылық жағдайларын сап­лас­тырыў илажлары көрилип барылмақта. Жынаят ислерин тергеў процесинде мәмлекет ҳәм жәмийет мәплерине жеткерилген миллиард-миллиард сумлық зыянлардың өндирилиўи тәмийинленген.

Қарақалпақстан Республикасы ведомостволараралық комиссиясы тәрепинен халықтың ҳуқықый санасы ҳәм ҳуқықый мәдениятын көтериў, жәмийетте коррупцияға маўасасыз мүнәсибетти қәлиплестириў бойынша 6 мыңнан аслам ушырасыўлар, семинарлар ҳәм дөгерек сәўбетлери өткерилген. Коррупцияға байланыслы ҳуқықбузарлықларға қарсы гүресиў ҳәм олардың алдын алыў, сапластырыў бойынша ғалаба хабар қураллары арқалы мыңға жақын материаллар жәрияланып, көрсетиўлер ҳәм еситтириўлер эфирге берилген.

Лекин, соны ашық айтыў керек, бул илажлар коррупция тараўында Президентимиздиң пәрман, қарарлары белгилеп берген ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеўди толық қамтып алып атырған жоқ. Қарақалпақстанда бул бағдарда исленетуғын жумыслар жүдә көп екенлигин турмыстың өзи көрсетпекте.

Биз кейинги пайытларда ҳуқықый сана, ҳуқықый мәдениятты көтериў бойынша жүдә көп айтып атырмыз. Мәкеме ҳәм шөлкемлер, оқыў орынларында бул тараўда өткерилип атырған илажлар, таңлаўлардың есап-саны жоқ. Дурыс, ғәрезсизлик жылларында туўылған жаңа әўлад, олардың бүгинги күн ҳәм келешекке болған көзқарасы, мәмлекет, халық, инсан ҳуқықы, бәркамаллық ҳаққындағы түсиниклери басқаша. Демек, биз өткерилип атыр­ған мәнаўий, ҳуқықый темадағы түрли илажларға көбирек үлкен әўлад ўәкиллерин де қатнастырсақ, жас әўлад санасына коррупция түсиниклериниң кирип барыўының алдын алған болар едик.

Коррупцияның тамырына ең дәслеп үлкен әўлад балта урыўы керек. Олар өз пайдасы, өз мәпи ушын мәмлекетимиз нызамларын бузбаўы керек, Буның ушын биз қайта-қайта инсан мәнаўияты ҳаққында айтыўдан шаршамаўымыз тийис. Себеби, мәнаўиятлы инсанда ийман-инсап, исеним, күш болады. Ийман-инсаплы, мәнаўиятлы адам ҳадаллық, туўрылық, әдалат түсиниклерин инсанның таза, пәкизе турмысында көреди. Ол коррупцияға қол урмайды. Пүткил халық буны көрип тур.

Президентимиз тәрепинен басланған коррупцияға қарсы аяўсыз гүрес, ғалаба хабар қураллары, интернет сайтлары арқалы эфирге берилип атырған еситтириў, көрсетиўлерде өз көринисин таппақта. Яғный, бюджетти, халықтың пулын тонап атыр­ған, пара арқасында жети әўладына жететуғын мал-дүнья топлап атырған коррупционерлер, ол прокурор ма, ҳәким бе, министр ме, ким болыўына қарамас­тан, мәмлекетимиз нызамлары алдында жуўап бермекте. Жүзлеп жыйнайый ислер қозғатылып атыр. Көрип атырғанымыздай, ай сайын қайсыдур бир үлкен әмелдар яки хызметкер коррупция батпағына батып, пара деген бәле артынан жазаға тартылмақта.

Тоталитар дәўирден бүгинги еркин ҳәм азат турмысымызға өтип, қара дақ, иллет болып киятырған коррупцияға қарсы гүресиў бүгинги күнниң ең әҳмийетли ўазыйпасы болып табылады. Бул ўазыйпа тек ҳуқық қорғаў уйымлары хызметкерлеринен ғана емес, ал, ҳәр биримизден үлкен жуўапкершиликти талап етеди. Ата-ана, мәкеме басшысы, нураныйлар, жәмийетлик шөлкемлер биргеликте бул иллетке қарсы гүресиўде белсенди болыўымыз зәрүр.

Президентимиздиң 2019-жыл 27-май күни қабыл етилген «Өзбекстан Республикасында коррупцияға қарсы гүресиў системасын буннан былай да жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы Пәрманы бул бағдарда үлкен бағдарлама болып хызмет ететуғынына гүман жоқ.

Гүлистан АННАҚЛЫЧЕВА,

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң депутаты,

Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты ағзасы. 

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF