ДОСЛАР МЕНЕН АБАТДУР ЕЛИҢ
Өзбек, қазақ халықлары Орта Азияда бир-бирине жәрдем қолларын созып, туўысқанлық қатнасығында тыныш-татыў, сыйласықта жасап келмекте.
Негизинде, дослық күш-қүдиретке, тилсимли күшке ийе. Халықлар дослығы ҳүким сүрген еллерде күшлер биригеди, бузақылар олардың арасына иритки сала алмайды. Жаман нийетлери, ойлаған ҳийлелери иске аспайды.
2018-жылы Қазақстанда Өзбекстан жылы деп жәрияланып, еки мәмлекет арасында тырнағы мийтиндей беккем көпир қурылды. Қуўанарлы тәрепи, қоллап-қуўатларлық басламаның басында Президентимиз Ш.Мирзиёевтиң турғаны өзин усы елдиң перзенти санайтуғын қазақ миллети ўәкиллери ушын умытылмас тарийхый ўақыяға айланды. Илим, мәденият, әдебият,экономика тараўларында биргеликте ислесиўге кең имканиятлар есиги ашылды.
Президентимиз Ш.Мирзиёевтиң 2018-жыл 13-марттағы «Уллы қазақ шайыры ҳәм ойшылы Абай Қунанбаевтың дөретиўшилик мийрасын кеңнен үйрениў ҳәм үгит-нәсиятлаў ҳаққында»ғы қарарын қабыллаўы халықларымыздың дослығын нығайтыўға тасланған қәдем болды. Мектебимизде 2018-2019-оқыў жылында қарар тийкарында «Абай дана, Абай дара қазақта» атлы әдебий кеше жоқары көтериңкилик дәрежеде өткерилди. Бул әдебий кеше бизде үлкен қуўаныш, мақтаныш сезимин оятты десем қәтелеспеймиз. Әдебий кешеге келген аўылласларымыз, жәмәәтимиз халықлар арасындағы тыныш-татыўлықты, сыйласықты беккемлеў нийетиндеги әдиўли ислеринен разы.
Бизиң Беруний районындағы «Қызыл қала» ширкети орайындағы l0-санлы орта мектеп 44 жыллық бай тарийхқа ийе. Өткен жыллар даўамында бул дәргайдан қаншадан-қанша жаслар тәлим-тәрбия, билим алып, жәмийеттен ылайықлы орнын тапты. Аўылласларымыз мектептиң туңғыш директоры Қ.Төреев, Қ.Қазанатов, А.Шабаров, О.Аханов, Б.Исакова, Б.Бекмахановларды қәдирли устазларымыз деп ҳүрметлейди.
«Қызыл қала» аўылы жүдә қәсийетли мәкан. Өткен тарийхымыздың гүўасы болып саналады. Бул жерден «Уллы жипек жолы» өткен. Биз буны мақтаныш пенен тилге аламыз.
Ҳәзирги күнде мектебимизде 368 оқыўшыға жоқары билимли муғаллимлер заман талабына сай тәлим-тәрбия берип келмекте. Олар өз қәнигелигиниң шеберлери. «Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириў ағласы» көкирек нышаны ийелери А.Абдикаримов, Г.Джарымбетова, О.Абдуллаева, У.Тоқтабаева, Б.Айтмахановалардың шәкиртлери «пән олимпиадасы»нда сыйлы орынларға ерисип атыр.
Бизиң мектебимиз оқыўшылары өз ана тили қазақ тилинде билим алады. Ата-бабаларымыздан шынжырма-шынжыр бизге жетип келген миллий үрп-әдетлеримиз, салт-дәстүрлеримизди келешек әўлад ийелерине үйретип атырғанымыз Өзбекстанымызда ҳәр бир миллет ўәкиллери тең ҳуқықлығының шарапаты деп билемиз.
Әдетте аўызбиршиликсиз елде берекет болмаған. Тарийхта дослықтың қәдир-қымбатын түсинген еллер гүллеп раўажланған. Сонлықтан да, биз Президентимиздиң исенимин ақлап, билимли, саўатлы, ана-Ўатанымыздың қорғаўшысы бола алатуғындай жасларды тәрбиялаймыз деген нийеттемиз.
Г.ҚОЛДАСОВА,
Беруний районындағы 10-санлы мектеп директоры.