ДӨРЕТИЎШИЛИК ЖӘМӘӘТ ҚАНЛЫКӨЛДЕ
Қанлыкөл — республикамыздың социаллық-экономикалық турмысында өзиниң ылайықлы орнына ийе районлардың биринен есапланады.
Дүзилгенине ярым әсирге шамалас ўақыт болған бул район аймағынан қаншадан-қанша белгили инсанлар, атақлы илимпазлар менен жазыўшы-шайырлар, көркем өнер шеберлери, аўыл хожалығында даңқ таратқан мийнет алдынғылары жетилисип шықпады дейсиз.
Соңғы жылларда Президентимиздиң ҳәм республикамыз басшылығының айрықша итибары менен ғамқорлығы нәтийжесинде район турмысында сезилерли өзгерислер жүз бермекте. Кең көлемли қурылыс жумысларының жүргизилип, социаллық инфраструктура объектлериниң қурылып, пайдаланыўға тапсырылыўы бул пикирлерди тастыйықлайды. Соны да айрықша атап өтиў керек, районда жаслардың заманға сай билим алыўы, халықтың руўхый дүньясын байыыў, китап, газета-журналлар оқыўға болған талабын қанаатландырыў жолында да қатар илажлар әмелге асырылмақта.
Жақында район орайындағы 3-санлы музыка мектебинде быйыл өзлериниң 95 ҳәм 100 жыллық юбилейлерин белгилеп атырған «Еркин Қарақалпақстан» — «Вести Каракалпакстана» газеталарының дөретиўшилик жәмәәти ағзалары менен ушырасыў кешеси шөлкемлестирилди. Район ҳәкими Д.Толыбаев кирис сөз бенен ашып ҳәм басқарып барған бул кешеде газеталардың Бас редакторы, Өзбекстан Республикасына хызмет көрсеткен журналист К.Реймов, газета ветеранлары, Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген журналистлер — Е.Ерманов, Е.Байназаров, Ө.Өтеўлиев, Бас редактор орынбасары Қ.Байниязов, «Мәҳәлле» қайырқомлық-жәмийетлик фонды Қанлыкөл районлық бөлиминиң баслығы Т.Мамутовлар сөзге шығып, «Еркин Қарақалпақстан» — «Вести Каракалпакстана» газеталарының республикамыздың социаллық-экономикалық турмысында тутқан орнына айрықша тоқтап өтти.
— Сүйикли басылымларымыздың юбилейлери, редакцияның дөретиўшилик жәмәәти ағзалары менен өткерилген бүгинги ушырасыў газеталардың көп санлы оқыўшылары қатарында бизди үлкен қуўанышқа бөледи, - дейди Қанлыкөл районлық Халық билимлендириў бөлимине қараслы 5-санлы улыўма билим бериў мектеби директорының руўхый-ағартыўшылық ислери бойынша орынбасары Зульфия Реймова. — Мен пүткил қанлыкөлшилер атынан газеталардың 95 ҳәм 100 жыллық юбилейлери менен бәрше халқымызды қызғын қутлықлап, ҳәмийше усы басылымлар менен дос болып, олардан қол үзбеўге шақыраман...
Ушырасыў кешеси район көркем өнер шеберлери тәрепинен таярланған концерт бағдарламасы менен жуўмақланды.
С.ЖАНИЕВ,
арнаўлы хабаршымыз,
Қанлыкөл районы.