ФОЛЬКЛОРШЫ АЛЫМҒА БАҒЫШЛАНДЫ
Өзбекстан Республикасы Илимлер Академиясы Қарақалпақстан бөлиминиң Қарақалпақ гуманитар илим-изертлеў институтының шөлкемлестириўинде «Қарақалпақ фольклоры — дөретиўшилик тийкары» атамасында илимий-әмелий конференция болып өтти.
Конференция Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстанға мийнети сиңген илим ғайраткери, Бердақ атындағы мәмлекетлик сыйлықтың лауреаты, филология илимлериниң докторы, профессор Қабыл Мақсетовтың туўылғанына 90 жыл толыўына бағышланып өткерилди.
Конференцияны ӨзРИА Қарақалпақстан бөлиминиң баслығы академик Н.Аимбетов басқарып барды.
Онда ӨзРИА Қарақалпақстан бөлими Қарақалпақ гуманитар илимлер илим-изертлеў институтының бөлим баслықлары, филология илимлериниң докторлары Ж.Хошниязов, З.Бекбергенова ҳәм басқалар шығып сөйлеп, Қ.Мақсетовтың өмири ҳәм қарақалпақ фольклортаныў және әдебияттаныў илимин раўажландырыўдағы хызметлери туўралы кең түрде мағлыўмат берди.
Атап өтилгениндей, Қабыл Мақсетов — белгили фольклорист ҳәм әдебиятшы илимпаз. Ол 1929-жылы Қанлыкөл районы аймағында туўылған. Дәслеп Хожелидеги педагогикалық училищени тамамлап, бир неше жыл мектепте муғаллим болып жумыс ислеген.
Қарақалпақ мәмлекетлик педагогикалық институтын питкергеннен соң усы жерде муғаллим, кафедра баслығы лаўазымларын атқарды. 1954-1957-жылларда Москвадағы Шығыстаныў институтының аспиранты, соңынан 1963-жылға шекем Н.Дәўқараев атындағы Тарийх, тил ҳәм әдебият институтының үлкен илимий хызметкери, фольклор секторының баслығы, 1963-1985-жыллары усы институттың директоры лаўазымларында иследи. Буннан кейин ол өмириниң ақырына шекем Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде фольклористикадан тәлим берди.
Қ.Мақсетов 1958-жылы «Қарақалпақ қаҳарманлық эпосы — «Қырқ қыз» деген темада кандидатлық, 1966-жылы «Қарақалпақ қаҳарманлық эпосының поэтикасы» деген темада докторлық диссертацияларын қорғады.
Қ.Мақсетовтың қарақалпақ фольклоры менен әдебиятына, әдебий байланыслар мәселелерине бағышланған мақалалары Ташкент, Уфа, Алма-Ата, Қазан, Баку, Ашхабад, Бишкек қалаларында өзбек, рус, қазақ, татар тиллеринде бир неше мәрте жәрияланды. Жергиликли басылымларда 250ден аслам мақалалары жарық көрди. Ол қарақалпақ фольклорын жыйнаўшы, жәриялаўшы, усы тараўдағы илимди жетилистириўши, раўажландырыўшы ҳәм байытыўшы илимпаз болыўы менен бирге илимий-әмелий жумысларды шөлкемлестириўши устаз, жетекши қәниге илимпаз болып табылады.
Ол 1958-1985-жыллары Қарақалпақстанның барлық районларында, сондай-ақ, басқа да аймақларда жасайтуғын қарақалпақлардың аўызеки дөретпелерин жыйнаўға тиккелей басшылық етти. «Қарақалпақ фольклоры»ның 20 томлығы (1977-1989) баспадан шығарылыўына белсене қатнасты ҳәм бул түркий тиллес халықлар арасындағы жаңа баслама сыпатында қабыл етилди. 2007-2017-жыллар аралығында баспадан шыққан қарақалпақ фольклорының көп томлығындағы эпикалық мағлыўматлардың басым бөлеги узақ жыллар даўамында Қабыл Мақсетов басшылық еткен ҳәм өзи қатнасқан фольклорлық экспедициялар ўақтында жыйналған эпикалық дөретпелерден ибарат.
Қ.Мақсетов 1971-жылдан баслап Қарақалпақстан Жазыўшылар аўқамының ағзасы, Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан баспаларынан шығарылған 30дан аслам илимий китаплардың жуўаплы редакторы болды. Оның басшылығында 15тен аслам илим кандидатлары, 5 илим докторы таярланды. Оның онлаған илимий мийнетлери, университет ҳәм институттың студентлери, колледж ҳәм лицейлердиң оқыўшылары ушын таярлаған бир қанша сабақлықлары баспадан шыққан.
— Мен устазым Қабыл Мақсетовтың туўылғанының 90 жыллығына бағышланған усы конференцияға қатнасып атырғанымнан оғада қуўанышлыман. Ол докторлық диссертация таярлаўымда ҳәм жақлаўымда үлкен жәрдемин тийгизген еди,-дейди Үргениш мәмлекетлик университетиниң профессоры С.Рўзимбоев. — Оның жаратқан мектеби тийкарында ҳәзирги ўақытта университетимизде онлаған кандидатлық диссертациялар жақланды.
Оның фольклорлық шығармаларға бағышланған илимий мийнетлери, усы бағдардағы басқа да көплеген илимий жумыслардың басланыўына тийкар жаратты ҳәм шәкиртлери тәрепинен даўам еттирилмекте.
Конференцияда Қ.Мақсетовтың мийнетлериниң көргизбеси шөлкемлестирилди.
Ә.Жиемуратов,
Қарақалпақстан хабар
агентлигиниң шолыўшысы.