СЫРТҚЫ ЭКОНОМИКАЛЫҚ БАЙЛАНЫСЛАРДЫ ӘМЕЛГЕ АСЫРЫЎ ӘПИЎАЙЫЛАСТЫРЫЛДЫ
Президентимиздиң усы жыл 23-апрельде «Сыртқы экономикалық жумысты әмелге асырыўда административлик тәртип-қағыйдаларды буннан былай да жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы қарары менен сыртқы экономикалық байланысларды әмелге асырыўда ҳәкимшилик тәртиплерди еле де жетилистириў бойынша ис-илажлары тастыйықланды.
Қабыл етилген бул ҳүжжетте 2021-жыл 1-январьға шекем «Бир айна» бажыхана мәлимлеме системасын енгизиў көрсетилип, өз гезегинде бул сыртқы экономикалық жумыс субъектлерине төмендеги имканиятларды береди. Атап айтқанда, импорт, экспорт ҳәм транзитке байланыслы болған барлық түрдеги талапларды орынлаў мақсетинде стандартластырылған мағлыўмат ҳәм ҳүжжетлерди бирден-бир өткериў каналынан пайдаланған ҳалда усыныў, норматив-ҳуқықый база тийкарында беккемленген, қәўипсизлик ҳәм конфиденциаллығы тәмийинленген, сыртқы саўда келисимлерине байланыслы мағлыўматларды алмасыў, бажыхана, ўәкилликли уйымлар ҳәм де исбилерменлик субъектлери тәрепинен рухсат етилген ҳүжжетлердиң рәсмийлестирилиў басқышларын аралықтан турып бақлаў, Өзбекстан Республикасы ҳәм сырт еллердиң эпизоотлық, карантин ҳәм фитосанитариялық жағдайлары ҳаққындағы ашық мағлыўматлардың актуал жағдайын қоллап-қуўатлаў, дәслепки мағлыўматлар тийкарында Өзбекстан Республикасы аймағына әмелде жетип келиўге шекем рухсат беретуғын мазмунға ийе ҳүжжетлерди бериў көрсетип өтилген.
Сондай-ақ, қарар менен айырым түрдеги ҳәкимшилик тосқынлық ҳәм мәмлекетлик уйымлардың қайталаныўшы функциялары бийкар етилип, сыртқы экономикалық жумыс қатнасыўшыларынан қатар ҳүжжетлерди талап етиўге тыйым салынды. Соның менен бирге, ветеринар ҳәм фитосанитар сертификатлары, ветеринар рухсатнамасын рәсмийлестириў ушын сыртқы экономикалық жумыс қатнасыўшысы тәрепинен экспорт етиўден 30 күн бурын арза менен мүрәжат етиў зәрүрлиги ҳаққындағы талап бийкар етилди. Карантин рухсатнамасын ҳәм экологиялық сертификатын бериў мүддети оларды алыў ушын нызамшылықта нәзерде тутылған ҳүжжетлер қосымша етилип, арза берген күннен баслап 5 жумыс күнинен аспаўы тийис. Елимиз аймағынан транзит түрде өтетуғын карантин астындағы товарлар төлем өндирилместен карантин тексериўинен өткериледи. Бажыхана жүк декларациясы «сары» коридордан «қызыл» коридорға өткерилген жағдайда бажыхана тексериўи, өткериўди әмелге асырған инспектор тәрепинен әмелге асырылмайды.
Қарар тийкарында айырым түрдеги товарларға хызмет көрсетиў ушын «Ўздавкарантин» инспекциясы, Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў бойынша мәмлекетлик комитети, Ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитетлери менен биргеликте қәнигелестирилген өткериў пунктлери ҳәм бажыхана постларында қолайлы орынларға жайластырылған лаборатория үскенелери менен тәмийинлеў режелестирилмекте.
Шегара постларында тийисли уйымлар менен биргеликте Өзбекстан мәмлекетлик шегарасы арқалы өтиў пунктлеринде қадағалаў процедураларынан өтиў регламентин үш ай мүддетте ислеп шығыў бойынша ўазыйпалар белгиленди. Сондай-ақ, шегара бажыхана постларында 24 саат даўамында өз-өзине хызмет көрсететуғын тийисли уйымлар тәрепинен көрсетилген хызметлерге төлемлерди әмелге асырыў, валюта алмастырыў, пул қаржыларын нақ ҳәм нақ емес есап-санақ банк операцияларын әмелге асырыў имканиятына ийе болған терминалларды турмысқа енгизиў нәзерде тутылған.
Нурлыбек ХОЖАНОВ,
Қарақалпақстан Республикасы Бажыхана басқармасының Жәмийетшилик ҳәм
ғалаба хабар қураллары менен байланыс топары аға инспекторы.