ҲАСЫЛ ПИЛЛЕ САПАЛЫ ӨНИМГЕ ТИЙКАР ЖАРАТАДЫ
Президентимиздиң 2017-жыл 29-марттағы «Өзбекжипексанаат» ассоциациясының жумысын шөлкемлестириў ҳаққында»ғы, 2018-жыл 4-декабрьдеги «Республикада пиллешилик тармағын жедел раўажландырыўды қоллап-қуўатлаўға байланыслы қосымша илажлар ҳаққында»ғы ҳәм басқа да бир қатар қарарлары республикамызда пиллешилик тармағын және де раўажландырыў бойынша бирқанша шараятлар ҳәм имканиятларды жаратыўда әҳмийетли болды.
Быйыл Қарақалпақстан Республикасы бойынша биринши ҳәм екинши қурт бағыў мәўсиминде Қытай Халық Республикасынан алып келинген 10 мың 700 қуты наўқан қуртының бағылыўы белгиленген болып, пиллени қайта ислеў кәрханалары «Азия-Силк» сыңар кәрханасы ҳәм «Бостон-Силк» жуўапкершилиги шекленген жәмийети 1053 фермер хожалықлары менен 333,5 тоннаға ҳәм 3910 жеке тәртиптеги шәртнама тийкарында бөлип алып ислеўшилер менен 256,5 тоннаға жеткерилиўи белгиленген. Быйылғы жылы биринши ҳәм екинши мәўсимде 590 тонна, үшинши ҳәм төртинши мәўсимде 73 тонна 600 килограмм пилле жетистириў белгиленген болып, сапалы пилле таярлаўды нийет еткен республикамыз пиллекешлери усы күнлерде пилле тапсырыў мәўсимин баслап жиберди. Олардан атап өтетуғын болсақ, Беруний районындағы «Тынышлық» АПЖ аймағынан пиллекеш Зульфия Абакова, «Шаббаз» АПЖ аймағынан Хафиза Аметова, Шоманай районы «Айбүйир» АПЖнындағы «Рустам Айлеўшиев» фермер хожалығы, Әмиўдәрья районы «Қылышбай» АПЖ аймағынан Рахатай Қурбанова, «Халимбек» АПЖ аймағынан Саламат Балтабаева, Шымбай районы «Қостерек» АПЖ аймағы «Қалбай Узақбергенов» пиллешилик фермер хожалығынан Гүлбәҳәр Қутлымуратова, «Тағжап» АПЖ аймағынан «Ерман аталық» фермер хожалығы пиллекеши Несибели Ажиевалар ҳәр бир қутыдан 70-80 килограммнан пилле жетистирип, алдынғылардан болып режелерин артығы менен орынлаўға еристи.
Пилледен мол ҳәм сапалы өним алыўда тармақтың азықлық базасын беккемлеў үлкен әҳмийетке ийе. Республикамыз районларында бүгинги күнге дейин жаңадан 114,9 гектар тутзарлықлар пайда етилип, 358,2 мың түп тут нәллери егилди. Ал, тутзарлықларды жаңартыў ушын 280,6 мың түп тут нәллери жаңадан отырғызылды. Сондай-ақ, жап-салмалар бойына 1392,9 мыңы қатарлап егилип, жәми 2031,7 мың түп тут нәллери егилди.
Быйылғы бәҳәрги қурт бағыў мәўсиминде 10700 наўқан қурты туқымы алынып, жанландырыў ушын инкубаторияға қойылды ҳәм бул наўқан қуртлары толық тарқатылды. Соннан 461 қутысы 5 жаста, ал, қалған 7589 қутысы болса, пилле ораў дәстесинде. Бүгинги күнге келип республика қырманына 200 тоннадан аслам пилле қабылланып, ҳәзирги күнде де барлық районларда пилле тапсырыў мапазы қызғын даўам етпекте. Қурт бағыўшыларға алдыннан ҳәр бир қуты ушын 220,0 мың сумнан аванс пуллары берилди. Буннан гөзленген мақсетимиз — мәўсимде сапалы пилле жетистириў, - дейди Қарақалпақстан Республикасы «Агро-пилле» жуўапкершилиги шекленген жәмийети баслығы Дәўлетбай Хужаков.
Ҳақыйқатында да, пиллекешлеримиз тынымсыз мийнет ететуғын бул мапаз өзиниң қурамалылығы менен әҳмийетли болып, мәмлекетимиз тәрепинен олар ушын бирқанша жеңилликлер жаратылып атырғаны да итибарға ылайық. Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жыл 12-январьдағы «Республикада пиллешилик тармағын және де раўажландырыў ис-илажлары ҳаққында»ғы қарарында «Өзбекжипексанаат» бирлеспеси қурамындағы улыўма белгиленген салықларды төлеўши бирлеспелер тутзарлық пенен бәнт болған жер майданлары ушын жер салығынан 2023-жыл 1-январьға дейин азат етилгенлиги, сондай-ақ, фермер хожалықларында пиллешилик тармағына сәйкес әмелге асырылатуғын мәўсимлик ислерди пенсия таярлаў ушын бир жыл мийнет стажына өтетуғын мәўсимлик жумыс деп есапланатуғынлығы айрықша белгилеп қойылған.
2019-2021-жылларда пиллешилик тармағы бирлеспелери тәрепинен наўқан қуртын бағыў имаратларын қурыўдың мақсетли прогноз параметрлери тастыйықланды ҳәм 20l9-жылы қурылысы режелестирилген имаратларды қурыў кестеси ислеп шығылып, «Өзбекжипексанаат» бирлеспесине усыныс етилди. Сондай-ақ, 20l9-жылдан баслап пилле өними ушын контрактация шәртнамаларында белгиленген муғдарлардан артықша пилле тапсырылғанда 5 килограммға дейин артықша пилле өними сатыў баҳасына қарағанда 15 процент, 5 килограммнан жоқары болған бөлегине 25 процент муғдарында үстеме төлеў белгиленди. 2019-жылғы пиллениң орташа баҳасы 17,0 мың сум деп белгиленди. Егер де, бир жылда үш мәрте 3 қутыдан өнимдарлығы 60 килограмм пилле жетистирилсе, пиллени қайта ислеў кәрханалары тәрепинен ҳәр бир шаңараққа 30 дана таўық бийпул бериледи. Қыйтақ жер ийелери үй әтирапларына тут нәллерин егиўди қәлесе, 200-600 данадан нәл бийпул бериледи. Соның менен бирге, мәўсимде үш мәрте пилле жетистирген үй ийесине бир жыллық мийнет стажы жазылады.
Әлбетте, ҳүкиметимиз тәрепинен пиллекешлеримиз ушын жаратылып атырған бундай жеңилликлер республикамызда пиллешилик тармағын раўажландырыўға, әсиресе, аўыллық жерлерде халықтың бәнтлигин тәмийинлеў менен бирге дәраматларының артыўына да тийкар жаратады.
Г.САПАРОВА,
арнаўлы хабаршымыз.